Get Mystery Box with random crypto!

Joqarǵi keńes.uz

Kanal manzili: @joqargikenes
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 43.31K
Kanalning ta’rifi

Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Twitter: twitter.com/joqargikenes
© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Ratings & Reviews

2.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 3

2024-03-22 13:48:46
«Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни» мүнәсибети менен салтанатлы байрам кешеси болып өтти

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни» мүнәсибети менен салтанатлы байрам кешеси болып өтти.

Толық оқыў

«Маҳалла тизими ходимлари куни» муносабати билан тантанали байрам тадбири бўлиб ўтди

Бугун Бердақ номидаги Қорақалпоқ давлат академик мусиқали театрида «Маҳалла тизими ходимлари куни» муносабати билан тантанали байрам тадбири бўлиб ўтди.

Тўлиқ ўқиш


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
38.7K views10:48
Ochish/sharhlash
2024-03-22 07:43:31
Қәдирли Ўатанласлар, Ҳүрметли мәҳәлле системасы хызметкерлери!

Ең дәслеп, сизлерди, сизлердиң тымсалыңызда пүткил халқымызды Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни менен қызғын қутлықлаймыз.

Мәҳәлле - әсирлер аса миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизди қәстерлеп сақлап, халқымыз ушын жақсылық ҳәм тәрбия бесиги, жақын қоңсышылық ҳәм аўызбиршиликтиң мәсканы болып келмекте.

Биз мәҳәлле дегенде, дүньяда кемнен-кем ушырайтуғын, инсанды жәмийет пенен бирге жасаўға үйретип, кеңпейиллик руўхында тәрбиялайтуғын, халық пенен мәмлекет арасындағы исенимли көпир ўазыйпасын орынлайтуғын тараўды түсинемиз.

Ҳәзирги ўақытта елимизде жасап атырған ҳәр бир инсан, миллети, тили, динине қарамастан, өз өмири, қуўаныш ҳәм тәшўишлерин мәҳәлледен бөлек көз алдына келтире алмайды.

Ҳүрметли мәҳәлле системасы хызметкерлери!

Сизлерди бүгинги қутлы байрам менен қутлықлап, ҳәммеңизге беккем денсаўлық, шаңарағыңызға тынышлық-аманлық, машақатлы ҳәм мақтанышлы жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз!

Аманбай Орынбаев,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы



Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
17.7K views04:43
Ochish/sharhlash
2024-03-21 11:25:05
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёевнинг Наврўз умумхалқ байрамига бағишланган тантанали маросимдаги табрик нутқи

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың Наўрыз улыўмахалықлық байрамына арналған салтанатлы мәресиминде шығып сөйлеген сөзи

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
14.6K views08:25
Ochish/sharhlash
2024-03-19 13:32:32
Елимизге жаңаланыў, кеўиллерге мийрим-шәпәәт ҳәм қәдир-қымбат бағышлаған байрам салтанаты болып өтти

Әсирлер даўамында қəлиплескен Наўрыз – бул халқымыздың гөззал қәдириятларын өзинде жәмлеп, ата-бабаларымыздан бийбаҳа мийрас сыпатында қəстерлеп-сақланып киятырған миллий байрам сыпатында кеўиллерден терең орын ийелейди. Ол соңғы жыллары ояныў ҳәм жасарыў тымсалы сыпатында халқымыз асығып күтетуғын, шын мәнидеги улыўма-халықлық байрамға айланып келмекте.

Әсиресе, быйылғы жылы бул байрам Ҳүрметли Президентимиз тǝрепинен қабыл етилген арнаўлы Қарар тийкарында пүткил елимиз бойлап  «Әлем сениң менен нурға толады, наўрыз!» сүрени астында көтериңки руўхта өткерилмекте. Әлбетте, бунда терең мəни бар. Себеби, улыстыӊ уллы күни саналған Наўрыз байрамы инсанлар арасында мийрим-шəпəəтлилик, қайыр-сақаўатлылық орталығын жəне де беккемлеўде, жас әўладты миллий дәстүрлеримиз бенен қәдириятларымызға ҳүрмет, ана-Ўатанымызға садықлық руўхында тәрбиялаўда, өз-ара дослық, аўызбиршилик, миллетлер-аралық татыўлықты жəне де күшейтиўде айрықша орын ийелейди.

Толық оқыў - Ўзб


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
18.2K views10:32
Ochish/sharhlash
2024-03-15 22:37:38
Мектепке шекемги ҳǝм мектеп билимлендириўи тараўын раўажландырыў мәселелери талқыланды

Бүгинги күнде елимизде билимлендириў тараўына айрықша итибар қаратылмақта. Өткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы бир қатар нызам, пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилгени бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға көтермекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев мектепке шекемги ҳǝм мектеп билимлендириўи тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар, бул бағдарда жол қойылып атырған кемшиликлер ҳәмде алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларға арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.

Онда Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов видео байланыс арқалы қатнасты.

Мәжилисте атап өтилгениндей, соңғы жыллары билимлендириў системасын жаңаша раўажландырыўға, тәрбияшы ҳәм муғаллимлердиң жəмийеттеги абырайын арттырыўға, оларды руўхый ҳəм материаллық қоллап-қуўатлаўға, келешегимиз ийеси болған балаларымызды, жасларды ҳәр тәреплеме билимли етип тәрбиялаўға айрықша итибар қаратылмақта.

Соңғы бес жылдың ишинде балаларды мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине қамтыў көрсеткиши кескин арттырылып, улыўма билим бериў мектеплери саны, питкериўшилердиң жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткиши көбейтилди.

Өткерилген мәжилисте жаратылып берилип атырған усыншама имканиятларға қарамай, тараўда шешимин күтип турған бир қатар машқалалар да бар екенлиги айрықша тилге алынды, айырым мәселелер сын көз-қараста талқыланды.

Сондай-ақ, белгиленген тапсырмаларды орынлаўда немқурайдылық пенен қарағаны ушын бир қатар мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм улыўма билим бериў мектеплери басшыларының лаўазымына ылайықлығын көрип шығыў бойынша тапсырма берилди.

Мәжилис жуўмағында ўазыйпалар белгилеп алынды.

Ўзб

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
12.7K views19:37
Ochish/sharhlash
2024-03-13 18:48:18
Төрткүл районында жаңа туўыў комплекси қурылысы басланды

Соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң итибары ҳәм ғамхорлығы менен социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде оғада көлемли қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта.

Усы жумыслардың даўамы сыпатында Төрткүл районында да быйылғы жылда 90 объектте 127,3 млрд. сумлық қурылыс жумыслары әмелге асырылыўы режелестирилген.

Бүгин Төрткүл районы медицина орайына қараслы туўыў комплекси имараты қурылысының қазығы қағылды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.

Қурылыс жумыслары шеңберинде туўыў комплексине қосымша 70 орынлы жаңа имарат қурыў, сондай-ақ, бар болған имаратын капитал оңлаў режелестирилген. Нәтийжеде, жергиликли пуқаралар, соның ишинде аналар ҳәм балалар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылады.

Тўрткўл туманида янги туғруқ комплекси қурилиши бошланди

Сўнгги йилларда юртимизда ҳурматли Президентимизнинг эътибори ва ғамхўрлиги билан ижтимоий ва инфратузилма объектларида кўламли қурилиш-таъмирлаш ишлари амалга оширилмоқда.

Ушбу ишларнинг давоми сифатида Тўрткўл туманида ҳам жорий йилда 90 объектда 127,3 млрд. сўмлик қурилиш ишлари амалга оширилиши режалаштирилган.

Бугун Тўрткўл тумани тиббиёт бирлашмасига қарашли туғруқ комплекси иморати қурилишининг қозиғи қўйилди.

Унда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев иштирок этди.

Қурилиш ишлари доирасида туғруқхона комплекси биносига қўшимча 70 ўринли янги бино қуриш шунингдек, мавжуд бинони мукаммал таьмирлаш режалаштирилган. Натижада, маҳаллий фуқаролар, шунинг ичида оналар ва болалар учун барча қулай шароитлар яратилади.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
13.3K views15:48
Ochish/sharhlash
2024-03-13 13:30:25
Хожели районы "Бунёдкор" МПЖда жасаўшы Есемуратова Гүлзийра өз үйинде өнерментшилик пенен 22 жылдан бери шуғылланып келмекте.

Өмирлик жолдасы Сейтниязов Яшнарбек бесик усташылығы менен бәнт болса, Гүлзира бесик ушын керекли әнжамларды тигеди.

Аўызбиршиликли шаңарақ биргеликте базарларға бесик жеткерип береди, дәраматы да жақсы.

Хўжайли тумани "Бунёдкор" МФЙда яшовчи Есемуратова Гулзира ўз хонадонида ҳунармандчилик билан 22 йилдан буён шуғулланиб келмоқда.

Умр йўлдоши Сейтниязов Яшнарбек бешик устачилиги билан банд бўлса, Гулзира бешик учун керакли анжомларни тайёрлайди.

Тотув оила биргаликда бозорларга бешик етказиб беради, даромади ҳам яхши.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
16.1K viewsedited  10:30
Ochish/sharhlash
2024-03-13 13:30:25
Хожели районы "Кулаб" аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Маткаримова Айша 2018-жылдан баслап үй алды қыйтақ жеринде бағ жаратып, 1 сотих майдандағы ыссыханасында нәл жетистириў менен шуғылланып келмекте.

Үйи әтирапындағы 50 сотих қыйтақ жеринде дийханшылық пенен бирге қусшылық, мал шарўашылығы, пал ҳәррешилик ҳәм балықшылық пенен шуғылланып, шаңарағындағы жумыссыз 10 адамның бәнтлигин тәмийинлеген.

Қыйтақ жеринде нәл жетистириў ушын биогумусты өзи таярлаўды жолға қойған ҳәм шаңарақ ағзалары менен биргеликте қосымша  дәраматлы болып атыр.

Хўжайли тумани "Кулаб" овул фуқаролар йиғинида яшовчи Маткаримова Айша 2018 йилдан бошлаб томорқасида боғ яратиб, 1 сотих майдондаги иссиқхонасида кўчат етиштириш билан шуғулланиб келмоқда.

Уйи атрофидаги 50 сотих ер майдонида деҳқончилик билан бирга паррандачилик, чорвачилик, асаларичилик ва балиқчилик билан шуғулланиб, оила аъзоларининг бандлигини таъминлаган.

Томорқасида кўчат етиштириш учун биогумусни ўзи тайёрлашни йўлга қўйган ва оила азолари билан қўшимча дароматли бўлмоқда.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
14.3K views10:30
Ochish/sharhlash
2024-03-12 19:21:14
Буннан былай ипотека кредитлери бойынша гиреўге алынатуғын үйди қамсызландырыў талабы бийкар етиледи

Кәмбағаллықтан шығарыў бағдарламасына кирген ҳәм турақ жайы жарамсыз жағдайдағы шаңарақларға, «мәҳәлле жетилиги»ниң усынысы тийкарында, өз уйи әтирапында турақ-жай қурыў ҳәм реконструкциялаў ушын 120 миллион сумға шекем ипотека кредитин ажыратыў жолға қойылады.

Бунда кредиттиң 15 пайызы ҳәм дәслепки бес жылда пайыз ставкасының 6 пайызға шекемги бөлеги бюджеттен қаплап бериледи.

Бундан буён ипотека кредитлари бўйича гаровга олинадиган уйни суғурталаш талаби бекор қилинади

Камбағалликдан чиқариш дастурига кирган ва турар жойи ночор аҳволдаги оилаларга, “маҳалла еттилиги” тавсияси асосида, ўз ҳовлисида уй қуриш ва таъмирлашга 120 миллион сўмгача ипотека кредити ажратиш йўлга қўйилади.

Бунда кредитнинг 15 фоизи ва дастлабки беш йилда фоиз ставкасининг 6 фоизгача банди бюджетдан қоплаб берилади.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
20.0K views16:21
Ochish/sharhlash
2024-03-11 19:27:27
Муборак Рамазон ойи кириб келиши муносабати билан Ўзбекистон халқига табрик

Мүбәрек Рамазан айы кирип келиўи мүнәсибети менен Өзбекстан халқына байрам қутлықлаўы

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
12.7K views16:27
Ochish/sharhlash