Get Mystery Box with random crypto!

Ҳүрметли медицина тараўында хызмет етип атырған мийирбийкелер! | Joqarǵi keńes.uz

Ҳүрметли медицина тараўында хызмет етип атырған мийирбийкелер!

Сизлерди «12-май – Халықаралық мийирбийкелер күни» мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз.

Халқымыздың денсаўлығын сақлаў ҳәм беккемлеў жолында, өсип киятырған жас әўладты саламат етип камалға келтириўде ҳәм медициналық хызметти шөлкемлестириўде шыпакерлерге қол-қанат болып киятырған сиз – әзизлердиң мийнетлериңиз айрықша. Сизиң пидайылық пенен өз кәсибиңиздиң жуўапкершиликли ўазыйпаларын орынлаўдағы хызметиңизди халқымыз барқулла ардақлайды.

Кәдирли мийирбийкелер, сизлерди және бир мәрте бүгинги сәне мүнәсибети менен қутлықлап, жумысларыңызда тасқын табыслар, шаңарағыңызға аманлық машақатлы мийнетиңизде талмас күш-ғайрат тилеп қаламыз.

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter