Get Mystery Box with random crypto!

Joqarǵi keńes.uz

Kanal manzili: @joqargikenes
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 40.61K
Kanalning ta’rifi

Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Twitter: twitter.com/joqargikenes
© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Ratings & Reviews

2.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 10

2023-10-09 09:01:15
Кожабаева Гулистан Таласбаевна - Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри ўазыйпасын атқарыўшы етип тайынланды.

Гулистан Таласбаевна усы күнге шекем Нөкис қаласындағы 2-санлы айырым пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын класслары бар мектеп директоры лаўазымында ислеп келген.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
25.9K viewsedited  06:01
Ochish/sharhlash
2023-10-09 04:24:48
Россия Федерациясынан Қазақстан арқалы Өзбекстанға газ жеткерилип берилиўине старт берилди


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
18.1K views01:24
Ochish/sharhlash
2023-10-07 15:36:11
Россия Федерациясынан Қазақстан арқалы Өзбекстанға газ жеткерилип берилиўине старт берилди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Россия Федерациясына болған сапарында еки мәмлекет басшылары қатнасыўындағы ҒХҚ ўәкиллери ушын берилген баянатында Россия Федерациясынан Қазақстан арқалы Өзбекстанға газ жеткерип берилиўи бойынша атап өтилген еди.

Мәмлекетлер арасында қол қойылған шәртнама тийкарында Россия Федерациясынан Қазақстан арқалы Өзбекстанға жылына 2,8 миллиард куб метр газ жеткерилип берилиўи режелестирилген.

Россия Федерациясынан газ жеткерилип берилиўи тек ғана мәмлекетимизде емес, орайлық Азияда энергетикалық турақлылықты тәмийинлеўде әҳмийетли есапланады.
Бүгин "Қарақалпақстан посёлка пуқаралар жыйыны-Атыраў қаласы-Санк-Петербург-Москва қалаларында" телекөпир арқалы Россиядан Өзбекстанға газди импорт етиўге старт берилди.

Бул әҳмийетли илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым Жомарт Тоқаев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин шығып сөйледи.

Қоңырат районындағы Қарақалпақстан посёлка пуқаралар жыйынынан 15 км қашықлықта жайласқан газ өлшеў станциясынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
27.6K views12:36
Ochish/sharhlash
2023-10-05 18:51:56
Қарақалпақстан Республикасы делегациясы «III Өзбекстан ҳәм Россия аймақлараралық бирге ислесиў форумы»нда қатнасып атыр

Ҳәзирги ўақытта Россия Федерациясы Татарстан Республикасы пайтахты Казань қаласында «III Өзбекстан ҳәм Россия аймақлараралық бирге ислесиў форумы» болып өтпекте. Онда Қарақалпақстан делегациясы да қатнасып атыр.

Форум Өзбекстан ҳәм Россия аймақлары арасындағы әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде еки мәмлекет исбилерменлери қатнасыўында өткерилмекте.

Сапар даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Россия мәмлекетиниң бир қатар аймақлары ҳәм ири компаниялары басшылары менен ушырасыўлар өткерди ҳәм жаңа инвестициялық жойбарлар бойынша пикирлести.

Форумның дәслепки күнинде Жоқарғы Кеңес Баслығы Башқуртстан Республикасы ҳүкимети басшылары менен ушырасты.

Өткерилген ушырасыўда ҳүрметли Президентимиз тәрепинен алып барылып атырған реформалар, Қарақалпақстан ушын айрықша қабыл етилген қарарлар ҳәм пәрманлар тийкарында исбилерменлик субъектлери ушын жаратылған имканиятлар ҳаққында кең түрде түсиник берилди.

Ушырасыў барысында илимий техникалық, саўда-экономикалық, мәдений, аўыл хожалық ҳәм туризм тараўларында еле де бирге ислесиў бойынша «Жол карта» тастыйықланды. Усы жол карта тийкарында бир қатар ири кәрханалар менен жаңа жойбарларды амелге асырыў бойынша келисимге ерисилди.

Усылар менен бир қатарда, Татарстан Республикасынан болған шериклер менен де аўыл хожалық өнимлерин тасыў, товар айланысына еле де қолайлықлар жаратыў мақсетинде Транспорт хызметлери ҳәм транспорт логистикасын шөлкемлестириў бағдарында келисип алынды.

Форум шеңберинде Қарақалпақстан делегациясы татарстанлы бир қатар ири компаниялар басшылары менен ушырасып, инвестициялық жойбарлар бойынша бирге ислесиў, саўда-экономикалық байланысларды беккемлеў мәселелери талқыланды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
19.1K views15:51
Ochish/sharhlash
2023-09-29 13:44:34
Қылышпазларымыздан тарийхый нәтийже!

Зайнаб Дайыбекова, Гулистан Пердебаева, Паола Плиего
ҳәм Лара Херрерадан ибарат сайланды командамыз Японияны 45:42 есабында жеңди ҳәм де командамыз АЛТЫН МЕДАЛЬды қолға киргизди!


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
27.0K viewsedited  10:44
Ochish/sharhlash
2023-09-25 16:58:53
Уллы ойшыл бабамыздың юбилейине арналған халықаралық конференция Беруний районында даўам етпекте

Район орайындағы Мәденият сарайында илимий-әмелий конференция болып өтти. Онда мийманлар тәрепинен "Орайлық Азия уламалары дүнья цивилизациясында", "Беруний шығармаларының дүнья илиминиң раўажланыўындағы әҳмийети", "Беруний гуманитар мийрасының Тәжикстанда үйренилиўи" сыяқлы тематикаларда илимий изленислер жыйналғанлар нәзерине усынылды.

Соның менен бирге, илимпазлар тәрепинен Беруний бабамыздың дөретпелериниң әҳмийети, бүгинги күндеги илим-пәнниң раўажланыўында тутқан орны ҳәм қосқан үлеси ҳаққында кең түрде атап өтилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
13.8K views13:58
Ochish/sharhlash
2023-09-20 16:29:49
Үстирт тегислиги аймақлары ЮНЕСКОныӊ дүнья жүзилик тәбийий мийрас объектлери дизимине киргизилди

Саудия Арабстаныныӊ Эр-Рияд қаласында өткерилип атырған ЮНЕСКОныӊ Дүнья жүзилик мийрасы Комитетиниӊ 45-сессиясында Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Түркменстан Республикалары биргеликте Үстирт тегислиги аймақларын “Орташа поястағы Туран шөлистанлары” кандидатурасы сыпатында усыныс етти. Номинация үш мәмлекеттиӊ аймағындағы транс шегаралық тәбият объекти сыпатында дүнья жүзилик тәбийий мийрас объектлери дизимине киргизилди.

Бул транс шегаралық жойбарын ислеп шығыў 2020-жылы Экология министрлигиниӊ қоллап-қуўатлаўында БМШ ҳәм бир қатар халық аралық шөлкемлер менен биргеликте басланған еди.

“Орташа поястағы Туран шөлистанлары” Дүнья жүзилик тәбийий мийрас объектлери дизимине киргизилген Өзбекстандағы екинши объект болып табылады. 2016-жылы Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Қырғызстан қатнасыўында “Батыс Тян-шань” объекти бул дизимге киргизилген.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
13.1K views13:29
Ochish/sharhlash
2023-09-19 10:43:27
Қурамалы операциядан соң 6 бала өмирге қайта келди

Усы жылдың 10-сентябрь сәнесинен баслап, Қарақалпақстанда америкалы кардиохирург шыпакерлер жүрегинде туўма нуқсаны бар болған балаларда ашық түрдеги қурамалы операцияларды ислеп атыр.

Бүгин, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев Қарақалпақстан медицина институты университет клиникасында операциясы әмелге асырылған балалардың ҳалынан хабар алды.

Онда Қарақалпақстан медицина институты ректоры О.Атаниязова қатнасты.

Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары операциялардың нәтийжели өткерилиўи халқымызды айрықша қуўанышқа бөлеп атырғанлығын атап өтти.

Айтып өтиў орынлы, сентябрь айының ақырына шекем Американың Global Cardiac Alliance фонд баслығы профессор William Novick басшылығында бир топар кардиохирурглар, Өзбекстан Республикасы Балалар миллий медицина орайы директоры Мақсуд Саидов ҳәм оның қәнийгелери, Қарақалпақстан медицина институты шыпакерлери, клиникалық ординаторлар, магистрлар ҳәм жоқары курс студентлери Қарақалпақстандағы туўма жүрек нуқсаны бар балаларда 50 ге жақын ашық түрдеги жүрек операцияларын әмелге асырыўы режелестирилген.

Бүгинге күнге келип туўма жүрек нуқсаны бар болған 22 балада ашық жүрек операциялары нәтийжели әмелге асырылды.

Ушырасыў даўамында қурамалы операциясы нәтийжели өткерилген ҳәм саламатлығы турақласқан 6 бала шаңарағы қушағына қайтарылды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
15.0K views07:43
Ochish/sharhlash
2023-09-15 16:43:50
#Тайынлаў

Юсупов Байрам Махсетович - Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы қарары менен Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министри ўазыйпасын атқарыўшы етип тайынланды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
13.0K views13:43
Ochish/sharhlash
2023-09-12 20:02:22
Әмиўдәрья районы ҳәкими тайынланды

Усы жылдыӊ 12-сентябрь күни халық депутатлары Әмиўдәрья районлық Кеңесиниң гезексиз алпыс төртинши сессиясы болып өтти.

Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Сессияда Хожаметов Сабир Жаббарберганович Әмиўдәрья районы ҳәкими ўазыйпасын атқарыўшы етип тайынланды.

Усыныӊ менен халық депутатлары Әмиўдәрья районлық Кеңесиниң гезексиз алпыс төртинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, С.Хожаметов мийнет жолы даўамында аўыл хожалығының бир қанша жуўапкершиликли лаўазымларында жемисли мийнет еткен.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитетинде жуўапкершиликли лаўазымларында нәтийжели жумыс алып барған.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
25.0K views17:02
Ochish/sharhlash