Get Mystery Box with random crypto!

Елимизге жаңаланыў, кеўиллерге мийрим-шәпәәт ҳәм қәдир-қымбат | Joqarǵi keńes.uz

Елимизге жаңаланыў, кеўиллерге мийрим-шәпәәт ҳәм қәдир-қымбат бағышлаған байрам салтанаты болып өтти

Әсирлер даўамында қəлиплескен Наўрыз – бул халқымыздың гөззал қәдириятларын өзинде жәмлеп, ата-бабаларымыздан бийбаҳа мийрас сыпатында қəстерлеп-сақланып киятырған миллий байрам сыпатында кеўиллерден терең орын ийелейди. Ол соңғы жыллары ояныў ҳәм жасарыў тымсалы сыпатында халқымыз асығып күтетуғын, шын мәнидеги улыўма-халықлық байрамға айланып келмекте.

Әсиресе, быйылғы жылы бул байрам Ҳүрметли Президентимиз тǝрепинен қабыл етилген арнаўлы Қарар тийкарында пүткил елимиз бойлап  «Әлем сениң менен нурға толады, наўрыз!» сүрени астында көтериңки руўхта өткерилмекте. Әлбетте, бунда терең мəни бар. Себеби, улыстыӊ уллы күни саналған Наўрыз байрамы инсанлар арасында мийрим-шəпəəтлилик, қайыр-сақаўатлылық орталығын жəне де беккемлеўде, жас әўладты миллий дәстүрлеримиз бенен қәдириятларымызға ҳүрмет, ана-Ўатанымызға садықлық руўхында тәрбиялаўда, өз-ара дослық, аўызбиршилик, миллетлер-аралық татыўлықты жəне де күшейтиўде айрықша орын ийелейди.

Толық оқыў - Ўзб


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter