Get Mystery Box with random crypto!

Мектепке шекемги ҳǝм мектеп билимлендириўи тараўын раўажландыр | Joqarǵi keńes.uz

Мектепке шекемги ҳǝм мектеп билимлендириўи тараўын раўажландырыў мәселелери талқыланды

Бүгинги күнде елимизде билимлендириў тараўына айрықша итибар қаратылмақта. Өткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы бир қатар нызам, пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилгени бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға көтермекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев мектепке шекемги ҳǝм мектеп билимлендириўи тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар, бул бағдарда жол қойылып атырған кемшиликлер ҳәмде алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларға арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.

Онда Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов видео байланыс арқалы қатнасты.

Мәжилисте атап өтилгениндей, соңғы жыллары билимлендириў системасын жаңаша раўажландырыўға, тәрбияшы ҳәм муғаллимлердиң жəмийеттеги абырайын арттырыўға, оларды руўхый ҳəм материаллық қоллап-қуўатлаўға, келешегимиз ийеси болған балаларымызды, жасларды ҳәр тәреплеме билимли етип тәрбиялаўға айрықша итибар қаратылмақта.

Соңғы бес жылдың ишинде балаларды мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине қамтыў көрсеткиши кескин арттырылып, улыўма билим бериў мектеплери саны, питкериўшилердиң жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткиши көбейтилди.

Өткерилген мәжилисте жаратылып берилип атырған усыншама имканиятларға қарамай, тараўда шешимин күтип турған бир қатар машқалалар да бар екенлиги айрықша тилге алынды, айырым мәселелер сын көз-қараста талқыланды.

Сондай-ақ, белгиленген тапсырмаларды орынлаўда немқурайдылық пенен қарағаны ушын бир қатар мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм улыўма билим бериў мектеплери басшыларының лаўазымына ылайықлығын көрип шығыў бойынша тапсырма берилди.

Мәжилис жуўмағында ўазыйпалар белгилеп алынды.

Ўзб

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter