Get Mystery Box with random crypto!

Joqarǵi keńes.uz

Kanal manzili: @joqargikenes
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 45.02K
Kanalning ta’rifi

Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Twitter: twitter.com/joqargikenes
© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Ratings & Reviews

2.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar

2024-05-02 17:15:55
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес Баслығы III Ташкент халықаралық инвестиция форумында қатнасып атыр

Бүгин мәмлекетимиз пайтахты Ташкент қаласында III Ташкент халықаралық инвестиция форумы өткерилип атыр.

Онда дүньяның барлық материклеринен жаңадан-жаңа исенимли шериклер бир жерге жыйналып атырған болып, өткен үш жыл даўамында усы форум еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў, ең әҳмийетли машқалаларды талқылаў, алдыңғы идея ҳәм жойбарларды ислеп шығыў ушын нәтийжели пикирлесиў майданына айланды.

Бүгинги өткерилип атырған илажда да 93 мәмлекеттен еки ярым мыңнан аслам сырт елли мийманлар келгени де форумның әҳмийети барған сайын артып баратырғанлығын айқын тастыйықлайды.

Форум шеңбериндеги илажларда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев та қатнасып атыр.

Ҳәзирги ўақытта Жоқарғы Кеңес Баслығы бир қатар мәмлекетлер исбилерменлери менен сөйлесиўлер алып бармақта.

Сөйлесиўлер барысында ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм инвестициялық тартымлылықты арттырыў бойынша жаратылған имканиятлар ҳаққында кең түрде атап өтилди.

Ҳәзирги ўақытта бирге ислесиўлерди жолға қойыў бойынша сөйлесиўлер даўам етпекте.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
16.5K views14:15
Ochish/sharhlash
2024-04-27 10:20:01
Үлгили көше бийлери таңлаўы өткериледи

Таңлаў төмендеги өлшемлер тийкарында баҳалап барылады:

-Көше ҳәм көп қабатлы турақ жайлар әтирапында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын шөлкемлестириў;
-қыйтақ жерлерден үнемли пайдаланыўда көмеклесиўдеги белсендилиги баҳалап барылады.

Таңлаў усы жылдың 1-апрель сәнесинен баслап, 1-август сәнесине шекем өткериледи.

Таңлаў 3 басқышта өткериледи.

1-басқыш ҳәр бир мәҳәлле кесиминде өткерилип, 3 жеңимпаздан жәми 1356 жеңимпазлар 1 млн. сумнан сыйлықланады.

2-басқыш қала ҳәм районлар кесиминде өткерилип, 3 жеңимпаздан жәми 51 жеңимпазларға 5 млн. сумнан қаржылай сыйлықланады.

3-республика басқышы жеңимпазлары 20 млн. сумға шекем қаржылай сыйлықланады.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
12.6K viewsedited  07:20
Ochish/sharhlash
2024-04-25 10:56:57
Биринши Қарақалпақстан IT Форумы өткерилди

Бүгин Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде (Манеж) республикамызда дәслепки мәрте шѳлкемлестирилип атырған IT Форумының ашылыўы мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде барлық тараўды санластырыўға ҳәм бул процесске жасларды кеңнен тартыўға, IT ды кеңнен ен жайдырыўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти.

Айтып өтиў керек, бул бағдарда жаслардың билимлерин арттырыў мақсетинде IT академия ҳәм IT парклер шѳлкемлестирилмекте, резидентлерге бир қатар салық жеңилликлери ҳәм преференциялар берилмекте.

Толық оқыў

Биринчи Қорақалпоғистон IT Форум ўтказилди

Бугун Нукус шаҳридаги 1-сонли болалар ва ўсмирлар спорт мактабида (Манеж) республикамизда дастлабки марта ташкиллаштирилаётган IT Форумининг очилиш маросими бўлиб ўтди.

Унда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев сўзга чиқиб, сўнги йилларда юртимизда барча соҳани рақамлаштиришга ва бу жараёнга ёшларни кенг қамраб олишга, IT ни ҳаётга кенг жорий этишга алоҳида эътибор қаратилаётганлигини таъкидлади.

Айтиш жоизки, бу борада ёшларнинг билимларини ошириш мақсадида IT академия ва IT парклар ташкил этилмоқда, резидентларга қатор солиқ имтиёзлари ва преференциялар берилмоқда.

Тўлиқ ўқиш


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
21.5K views07:56
Ochish/sharhlash
2024-04-20 14:20:57
Аўыл хожалығы тараўы ушын берилген жеңиллик тийкарында қысқа ўақыт ишинде республикамызға жаңадан 377 техника ҳәм агрегатлар алып келинди

Ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында аўыл хожалығы тараўын ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм механизацияластырыў бойынша бир қатар имканиятлар жаратып берилген еди.

Қарар шеңберинде Қарақалпақстанға улыўма 67 млрд. 873 млн. сум қаржы тийкарында жәми 783 техника алып келиниўи белгиленген болып, реже бойынша артығы менен 962 техника ушын шәртнамалар дүзилди. Соннан, жәми 377 техника ушын аванс төлемлери төлеп берилди. Нәтийжеде бул техникалардан 272 данасы лизинг тийкарында республикамызға кирип келиўи тәмийинленди. Буннан тысқары, лизинг ҳәм банк кредитлери есабынан 105 техника алып келиниўине ерисилди ҳәм бүгинги күнде атыз майданларында хызмет етпекте.

Толық оқыў

Қишлоқ хўжалиги соҳаси учун берилган имтиёз асосида қисқа вақт ичида республикамизга янгидан 377 техника ва агрегатлар олиб келинди

Ҳурматли Президентимизнинг қарори асосида қишлоқ хўжалиги соҳасини ҳар томонлама ривожлантириш ва механизациялаштириш бўйича қатор имкониятлар яратиб берилган эди.

Қарор билан Қорақалпоғистонга 67 млрд. 873 млн. сўм маблағ асосида жами 783 техника олиб келиниши белгиланган бўлиб, режа бўйича ортиғи билан 962 техника учун шартномалар тузилди. Шундан, жами 377 техника учун аванс тўловлари тўлаб берилди. Натижада, ушбу техникалардан 272 таси лизинг асосида республикамизга кириб келиши таъминланди. Бундан ташқари, хўжаликларнинг ўз маблағлари ва банк кредитлари ҳисобидан 105 техника олиб келинишига эришилди ва бугунги кунда дала майдонларида хизмат қилмоқда.

Тўлиқ ўқиш


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
16.0K views11:20
Ochish/sharhlash
2024-04-19 09:32:29
Қарақалпақстан Республикасы бойынша 1717 исбилерменлик ушын жер участкалары мүлк ҳәм ижара ҳуқықы менен саўдаға шығарылды
e-auksion.uz
Нөкис қаласы 15 (көриў)
Әмиўдәрья районы 22 (
көриў)
Беруний районы 141 (
көриў)
Бозатаў районы 71 (
көриў)
Қараөзек районы 140 (
көриў)
Кегейли районы 135 (
көриў)
Қоңырат районы 259 (
көриў)
Қанлыкөл районы 99 (
көриў)
Мойнақ районы 184
көриў)
Нөкис районы 148 (
көриў)
Тақыятас районы 77 (
көриў)
Тахтакөпир районы 102 (
көриў)
Төрткүл районы 181 (
көриў)
Хожели районы 166 (
көриў)
Шымбай районы 103 (
көриў)
Шоманай районы 80 (
көриў)
Елликқала районы 38 (
көриў)


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
14.0K views06:32
Ochish/sharhlash
2024-04-18 17:04:04
Мәлимлеме хызметлери басшылары ушын Нөкис қаласында оқыў-семинарлары өткерилмекте

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәмде Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги тәрепинен биргеликте 18-20-апрель күнлери Нөкис қаласында министрлик ҳәм мәкемелер баспасөз хаткерлери ушын семинар-тренинглер шөлкемлестирилмекте.

Толық оқыў

Ахборот хизматлари раҳбарлари учун Нукусда ўқув-семинарлари ўтказилмоқда

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқори Кенгеси ҳамда Ахборот ва оммавий коммуникациялар агентлиги ҳамкорлигида 18-20 апрель кунлари Нукус шаҳрида вазирлик ва идоралар матбуот котиблари учун семинар-тренинглар ташкил этилмоқда.

Тўлиқ ўқиш


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
13.3K views14:04
Ochish/sharhlash
2024-04-11 07:44:52
Нызамшылыққа муўапық, жеке қыйтақ жеринде бәнт болған яки усы майданда, ыссыхана, қусшылық, қояншылық, пал ҳәррешилик, балықшылық, бағшылық, лимоншылық, гүлшилик пенен шуғылланып атырған қыйтақ жер ийелери яки олардың шаңарақ ағзалары жердиң майданы яки ҳайўан ҳәм қус санына қарамастан өзлерине мийнет стажын есаплаўы ушын ықтыярлы түрде салық төлеўи мүмкин.

Қонунчиликка кўра, шахсий томорқасида банд бўлган ёки мазкур майдонда, иссиқхона, паррандачилик, қуёнчилик, асаларичилик, балиқчилик, боғдорчилик, лимончилик, гулчилик билан шуғулланаётган томорқа ер эгалари ёки уларнинг оила аъзолари ернинг майдони ёки ҳайвон ва парранда сонидан қатъи назар ўзларига меҳнат стажини ҳисоблаши учун ихтиёрий равишда ижтимоий солиқ тўлаши мумкин.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
13.5K views04:44
Ochish/sharhlash
2024-04-10 06:09:26
Әзиз ўатанласлар!

Инсаныйлық, сабыр ҳәм қанаат, шүкиршилик тымсалы болған мүбәрек Рамазан ҳайытын үлкен қуўаныш пенен күтип алып атырған сиз әзизлерди қутлы әййям менен шын жүректен қутлықлаймыз.

Бәршениң кеўли қуўаныш ҳәм жақсылық нурына толып турған усы қуўанышлы демлерде Рамазан ҳайытына мийнеткеш ҳәм кеңпейил халқымыз бенен бирге аманлықта жеткергени ушын жаратқан ийемизге шексиз шүкиршилик билдиремиз.

Бүгингидей тыныш турмысымыздың қәдирине жетиў, жәмийетимизде ҳүким сүрип атырған түрли миллет ҳәм диний конфессиялар арасындағы кеңпейилликти, бир-биреўге болған өз-ара ҳүрмет орталығын және де беккемлеў ҳәммемиздиң тийкарғы ўазыйпамыз.

Сиз әзизлерди Рамазан ҳайыты менен және бир мәрте қутлықлап, шаңарақ, дос ҳәм жақынлар менен бирге пайызлы ҳәм мазмунлы өткериўиңизди тилеймиз.

Иләйим елимиз тыныш, халқымыз аман болсын.

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
56.7K views03:09
Ochish/sharhlash
2024-04-09 13:42:45
Ертең, 10-апрель "Рамазан ҳайыты" байрамы мүнәсибети менен азанғы саат 05:00 ден саат 10:00 ге шекем  "Nókisqalatransportxızmet" ЖШЖ тәрепинен автобуслар халыққа бийпул хызмет көрсетеди.


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
41.1K views10:42
Ochish/sharhlash
2024-04-01 19:23:42
Мойнақ аэропортына Silk Avia компаниясының самолёты дәслепки рейсин әмелге асырды

Мўйноқ аэропортига Silk Avia компаниясининг самолёти дастлабки парвозини амалга оширди



Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
13.3K views16:23
Ochish/sharhlash