Get Mystery Box with random crypto!

Joqarǵi keńes.uz

Kanal manzili: @joqargikenes
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 40.61K
Kanalning ta’rifi

Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Twitter: twitter.com/joqargikenes
© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Ratings & Reviews

2.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 4

2024-03-08 07:08:48
Әдиўли аналар, қәдирли ҳаял-қызлар!

Сизлерди, сизлер арқалы пүткил ҳаял-қызларды бәҳәр паслының туңғыш байрамы, өзинде гөззал сезимлерди, жақсы нийет ҳәм ийгиликли мақсетлерди жәмлеген әжайып әйям – 8-март – халықаралық Ҳаял-қызлар байрамы менен қызғын қутлықлайман.

Сизлер биз ушын ең дәслеп қәдирли ана, әзиз Ўатан, шаңарақ тымсалы, шеги жоқ меҳир ҳәм жақсылық дерегисиз.

Бәршеңизге мәлим, халқымыз әзелден гөззаллық тымсалы болған әдиўли аналар менен дилбар қызларға айрықша ҳүрмет көрсетип, оларды бәрҳәма қәстерлеп келген.

Бул жоқары қəдирият бүгинги күнде де улығланып, елимизде ҳаял-қызларға ғамхорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жәмийетлик - сиясий турмыста белсендилигин арттырыў – мәмлекетлик сиясаттыӊ баслы бағдарларынан бирине айланып үлгерген.

Әсиресе, соңғы жыллары елимизде тиккелей ҳүрметли Президентимиздиң ғамхорлығы ҳәм итибары менен гендер теңликке итибар қаратылып атыр. Оларды қоллап-қуўатлаў бағдарында «Ҳаяллар дәптери» турмысқа енгизилди, исбилермен ҳаял-қызларымыз ушын болса жеңиллетилген кредитлер бериў жолға қойылды, ҳаял-қызлар менен ислесиўде «Мәҳәллебай» системасынан кең түрде пайдаланылып атыр. Буннан тысқары, жоқары оқыў орынларындағы қызлар ушын қосымша квоталар ажыратылып, бир қатар критериялар бойынша шəртнама пуллары төлеп берилмекте ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж ҳаяллар турақ-жайлар менен тəмийинленбекте.

Әлбетте, булардың барлығы ҳүрметли Президентимиз тәрепинен ҳаял-қызларымызға қаратылып атырған итибар ҳәм ғамхорлықтың көриниси есапланады.

Ҳүрметли ҳаял-қызлар!

Сизлерди бүгинги бәҳәр байрамы, жасарыў ҳәм жаңаланыў әйямы менен және бир мәрте қызғын қутлықлайман!

Сизлерге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, қут-берекет, жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймен.

Ана-Ўатанымыз, халқымыз, ел-журтымыз, бəршемиздиң бахтымызға ҳəмийше аман болғайсызлар.

Гөззал байрамыңыз мүбәрек болсын!


Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң
Баслығы

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
17.3K viewsedited  04:08
Ochish/sharhlash
2024-03-07 15:30:10
Дүньяның гүлтажы – сизлерсиз ҳаял-қызлар

Бүгин Нөкис қаласындағы зәўлим имаратта «8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни» мүнәсибети менен салтанатлы байрам илажи өткерилди. Онда республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан келген нураный аналар, жәмийетлик турмыста белсендилик көрсетип, пидайы мийнет етип атырған ҳаял-қызлар, түрли министрлик ҳәм мәкемелер ўәкиллери қатнасты.

Өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, республикамыз ҳаял-қызларын гөззаллық, ояныў ҳәм жасарыў әййямы болған 8-март – Халықаралық Ҳаял-қызлар байрамы менен қызғын қутлықлады.

Толық оқыў

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
12.7K views12:30
Ochish/sharhlash
2024-03-02 10:23:06
Журналистика тараўына қызығыўшылар дыққатына!

Қарақалпақстан телеканалы саз сәўбетли, дем алыс ҳәм кино бағдарламалары редакциясының көрсетиўлеринде, сиясий бағдарларда, хабар ҳәм жаңалықларда баслаўшылық ушын кастинг жәриялайды.

Егер, сиз қарақалпақ, өзбек, рус тиллеринде өз пикириңизди дәл ҳәм анық баянлай алатуғын болсаңыз ҳәр күни саат 9:00 ден 18:00 ге шекем Қарақалпақстан телеканалында кастингде қатнасыўыңыз мүмкин.

Талабанлар 20-35 жас аралығында болыўы керек.

Байланыс ушын (61) 226-52-92


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
19.5K views07:23
Ochish/sharhlash
2024-02-29 14:47:48
Халық ийгилиги жолында

Қарақалпақстан ҳәм Хорезм халқы ушын жыллар даўамында арзыў болып келген заманагөй көпир қурылысы Президентимиздиӊ 2020-жыл 13-декабрь күни Хорезм ўәлаяты белсендилери менен ушырасыўында билдирген усынысы менен басланған еди.

Пүткил мәмлекетимиз ушын әҳмийетли есапланған Қараөзек районынан Әмиўдәрья ҳәм Гурлан районлары арқалы Шовот районы менен байланыстырыўшы темир жол узынлығы 85 км.ди қурайды.

Ең жақын автомобиль ҳәм темир жолға ийе, узынлығы 423, бийиклиги 11,5 кеӊлиги 8 метр болған усы көпир күнине 12 мың автомобиль ҳәм 24 жуп поезд өткериў имканиятына ийе.

Жаңа көпир ҳүрметли Президентимиз тәрепинен пайдаланыўға тапсырылғаннан соң жүк ҳәм жолаўшы тасыў аралығы сезилерли дәрежеде қысқарды.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
21.5K views11:47
Ochish/sharhlash
2024-02-29 14:47:35
Президент Шавкат Мирзиёев Амударёда янги кўприк очилишидан сўнг Қорақалпоғистон ва Хоразм фаоллари билан самимий мулоқот қилди.

Президент Шавкат Мирзиёев Әмиўдәрьяда жаңа көпир ашылыўынан соң Қарақалпақстан ҳәм Хорезм белсендилери менен шын кеўилден пикирлести.

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
14.0K views11:47
Ochish/sharhlash
2024-02-29 11:28:39
Президент Шавкат Мирзиёев Әмиўдәрья районында қурып питкерилген көпирди барып көрди ҳәм ашып берди.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
13.2K viewsedited  08:28
Ochish/sharhlash
2024-02-29 09:16:31
Бугун Президент Шавкат Мирзиёев иқтисодиёт тармоқлари, ижтимоий соҳалар ва маҳаллаларда олиб борилаётган ишлар билан танишиш, янги объект ва лойиҳаларни ишга тушириш учун Хоразм вилояти ва Қорақалпоғистоннинг Амударё туманига ташриф буюради.

Давлатимиз раҳбари Урганч шаҳрида вилоятни ривожлантириш бўйича яқин истиқболга мўлжалланган вазифалар муҳокамасига бағишланган йиғилиш ўтказиши ҳам режалаштирилган.

Бүгин Президент Шавкат Мирзиёев экономика тармақлары, социаллық тараўлар ҳәм мәҳәллелерде алып барылып атырған жумыслар менен танысыў, жаңа объект ҳәм жойбарларды иске түсириў ушын Хорезм ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстанның Әмиўдәрья районына барады.

Мәмлекетимиз басшысы Үргениш қаласында ўәлаятты раўажландырыў бойынша жақын перспективаға мөлшерленген ўазыйпалар талқыланыўына арналған мәжилис өткериўи де режелестирилген.

Facebook|Instagram|X
12.8K views06:16
Ochish/sharhlash
2024-02-05 14:08:50
«Қарақалпақстан» радиоканалы өз алдына 107,8 толқынында эфирге узатылып баслады

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының тапсырмасы менен ғалаба хабар қуралларын қоллап-қуўатлаў, олардың нәтийжели жумыс алып барыўын тәмийинлеў бағдарында Қарақалпақстан Республикасы аймағында жергиликли мәмлекетлик “Қарақалпақстан” радиоканалының эфирге узатылыўын жақсылаў ушын 661 млн сум қаржы ажыратылып, Нөкис радиотелестанциясына RT-FMS-2001 маркалы 2,0 кВт қуўатлылыққа ийе аналог радиоузатқыш орнатылды.

Соның нәтийжесинде “Қарақалпақстан” радиоканалы бүгиннен баслап 107,8 толқынында 24 саат даўамында эфирге узатылмақта. 

«Қорақалпоғистон» радиоканали алоҳида 107,8 тўлқинида эфирга узатила бошлади

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раисининг топшириғи билан оммавий ахборот воситаларини қўллаб-қувватлаш, уларнинг сермаҳсул фаолият олиб боришини таъминлаш борасида Қорақалпоғистон Республикаси ҳудудида маҳаллий давлат «Қорақалпоғистон» радиоканалининг эфирга узатилишини яхшилаш мақсадида 661 млн сўм маблағ ажратилиб, Нукус радиотелестанциясига RT-FMS-2001 маркали 2,0 кВт қувватликка эга аналог радиоузаткич ўрнатилди.

Бунинг натижасида «Қорақалпоғистон» радиоканали бугундан бошлаб 107,8 тўлқинида 24 соат давомида эфирга узатилмоқда.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
13.8K viewsedited  11:08
Ochish/sharhlash
2024-02-03 15:49:57
Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы халықаралық көлемде белгиленеди

Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен Қарақалпақ халық шайыры, классик әдебиятымыздың көрнекли ўәкили Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы ЮНЕСКО шеңберинде белгиленетуғын халықаралық юбилейлер қатарына киргизилген.

Быйылғы жылда республикамызда юбилей кең түрде белгилениўи режелестирилмекте.

Буннан тысқары, юбилей сәнесине бағышлап миллий, аймақлық ҳәм халықаралық илажлар бағдарламасы ислеп шығылыўы да белгиленген.

Әжинияз Қосыбай улы ХIХ әсирдеги Қарақалпақ классик әдебиятының ең көрнекли ўәкиллериниң бири болды. Оның дөретиўшилик жолы өзине тән өзгешеликке ийе болып, көркем сөз шебери сыпатында өз дәўириниң атақлы инсанлары қатарынан орын алды.

Ажиниёз Қўсибой ўғлининг 200 йиллиги халқаро миқёсда нишонланади

Ҳурматли Президентимизнинг ташаббуси билан Қорақалпоқ халқ шоири, классик адабиётимизнинг ажойиб намоёндаларидан бири Ажиниёз Қўсибой ўғлининг 200 йиллиги ЮНЕСКО доирасида нишонланадиган халқаро юбилейлар қаторига киргизилган.

Ушбу йилда республикамизда юбилей кенг миқёсда нишонланиши режалаштирилмоқда.

Бундан ташқари, юбилей санасига бағишлаб, миллий, минтақавий ва халқаро тадбирлар дастури ишлаб чиқилиши ҳам белгиланган.     

Ажиниёз Қўсибой ўғли ХIХ асирдаги Қорақалпоқ классик адабиётининг ёрқин вакилларидан бири бўлди. Унинг ижоди ўзига хос йўналишга эга бўлиб, бадиий сўз устаси сифатида ўз даврининг атоқли инсонларининг қаторидан жой олди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
14.6K views12:49
Ochish/sharhlash
2024-02-01 16:30:24 ҲҮРМЕТЛИ ИСБИЛЕРМЕНЛЕР!

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен республикамыз аймағында исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ушын Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасында ҳәр ҳәптениң жума күни саат 11:00 ден 13:00 ге шекем «Ашық есиклер күни» шөлкемлестириледи.

Ашық есиклер күни исбилерменлер алдында ушырасып атырған тосықлар ҳәм машқалаларды сапластырыў, олардың усыныс ҳәмде пикирлерин тыңлаў менен бирге бизнес жойбарларын әмелге асырыўға көмеклесиў ушын арнаўлы Штаб ағзалары жумыс алып барады.

Соның менен бирге исбилерменлердиң мүрәжатларын қабыллаў мақсетинде исеним телефонлары да шөлкемлестирилген.

Тел: (61) 222-00-58
Тел: (61) 222-05-95



Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
18.0K viewsedited  13:30
Ochish/sharhlash