Get Mystery Box with random crypto!

Joqarǵi keńes.uz

Kanal manzili: @joqargikenes
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 40.61K
Kanalning ta’rifi

Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Twitter: twitter.com/joqargikenes
© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Ratings & Reviews

2.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 7

2023-12-16 13:31:25
“Мәҳәлле беслиги” ўәкиллериниң бир топары хошаметленди

Бүгин Нѳкис қаласының социаллық-экономикалық потенциалын арттырыў, мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, аймақтағы кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў бағдарында пидайылық кѳрсетип атырған белсендилерди хошаметлеў мақсетинде “Ҳүрмет-2023” сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Онда дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға кең түрде тоқтап өтти.

Айтып өтиў орынлы, елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында “Инсан қәдири ушын” деген ийгиликли идея тийкарында кең кѳлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Өткен қысқа ўақыт ишинде кем тәмийинленген шаңарақлардың социаллық машқалаларын шешиў, ҳаял-қызларды ҳәм жасларды ҳəр тəреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, «Абат шаңарақ – абат кѳше – абат мәҳәлле» принципи тийкарында шараяты аўыр пуқаралар жыйынларында қурылыс-абаданластырыў жумысларын әмелге асырыў, мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў арқалы кәмбағаллықты қысқартыў бойынша көплеген жумыслар əмелге асырылды.

Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға деген жоқары итибары менен өткен бир жыл ишинде 7 тарийхый пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Ең баслысы, бул нызам ҳүжжетлери халқымыздың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеўге қаратылған жумысларға беккем тийкар болып хызмет етпекте.

Бүгинги өткерилген салтанатлы илажда мәкан пуқаралар жыйынлары аймағындағы ийгиликли ислер менен түпкиликли өзгерислерде айрықша белсендилик көрсетип атырған “Мәҳәлле беслиги” ўәкиллериниң бир топары сыйлықланды.

Илаж көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
21.8K views10:31
Ochish/sharhlash
2023-12-15 10:32:42
#Дыққат_вакансия

Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлер, ҳәкимликлер менен биргеликте төмендеги вакант лаўазымларға ашық таңлаў жәриялайды.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги:

Министрдиң финанс ҳәм экономика бойынша орынбасары.

Мәденият министрлиги:

Қанлыкөл районы мәденият бөлими бас бухгалтер.

Мәмлекетлик салық басқармасы:

Мәлимлеме-коммуникация технологиялары секторы мәмлекетлик салық бас инспекторы;

Тахтакөпир районы мәмлекетлик салық инспекциясы: есабатты жүритиў ҳәм бюджет дәраматларын прогнозластырыў секторы бас инспекторы;

Қанлыкөл районы мәмлекетлик салық инспекциясы: физикалық шахсларға хызмет көрсетиў секторы мәмлекетлик салық бас инспекторы.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги:

“Қараой” АПЖда ҳәким жәрдемшиси.

Мойнақ районы ҳәкимлиги:

Ҳәким жәрдемшиси.

Қараөзек районы ҳәкимлиги:

Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда мәселелери бойынша бас қәниге;

Аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша бас қәниге;

“Ғәрезсизлик гүзары” МПЖда ҳәким жәрдемшиси.

Қоңырат районы ҳәкимлиги:

“Тарақлы” МПЖда ҳәким жәрдемшиси;

“Әдебият” АПЖда ҳәким жәрдемшиси;

“Әжинияз” АПЖда ҳәким жәрдемшиси.

Кегейли районы ҳәкимлиги:

Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими бас қәнигеси.

Хожели районы ҳәкимлиги:

Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими бас қәнигеси.

Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы:

Қараөзек районлық бѳлими: мәҳәлледеги жаслар жетекшилери жумысларын муўапықластырыў ҳәм жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша бас қәниге.

Қараөзек районы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими:

“Есим” МПЖда ҳаял-қызлар белсендиси.

Ҳүжжетлерди электрон жибериў тәртиби бойынша видеоқолланба.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
22.3K views07:32
Ochish/sharhlash
2023-12-14 21:15:10
Жоқарғы Кеңес Баслығы медицина тараўында алып барылып атырған жумысларға арналған видеоселектор мәжилисин өткерди 

Онда дәслеп, елимизде медицина тараўын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, бул бағдарда қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманлар, тараў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў илажларына кен түрде тоқталып өтилди. 

Айрықша айтыў орынлы, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен илгери сүрилген көплеген идеялар бүгин турмыс ҳақыйқатлығына айланып бармақта.
Сондай-ақ, ѳткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы бир қатар нызам, пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилгени бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға көтермекте.

Жоқарғы Кеңес Баслығы усыншама имканиятлар жаратылыўына қарамай, айырым кемшиликлер ушырасып атырғанлығына айрықша тоқталды.

Айырым шыпакерлер тәрепинен наўқасларға дәри-дармақларды тарқатыўшы компаниялар менен келисилген дәрилерди усыныўы, дәрилердиң сатылыўынан келип түсетуғын қаржылардан үлес алыўы, шыпакерлер ѳз мәпи ушын наўқасларға қымбат баҳалы дәрилерди буйырып атырғаны, есесине шипакерлер фармацевтика компаниялары тәрепинен қаржылай хошаметленип атырғанлығын қатаң сынға алды.

Өткерилген мәжилис даўамында халықтың саламатлығы дǝрежесин арттырыў, аналар ҳəм балалар саламатлығын беккемлеў илажларын күшейтиў, шыпакерлер менен тәмийинлениў дәрежесин асырыў, жеке меншик медицина мəкемелери раўажланыўын ҳәм бюджет қаржыларының мақсетли жумсалыўын тәмийинлеў, коррупциялык жағдайлар сынға алынды, денсаўлықты сақлаў тараўын санластырыў мәселелери де қарап шығылды.

Мәжилис даўамында өз ўазыйпасын орынлаўда немқурайдылық пенен қараған ҳәм қәте-кемшиликлерге жол қойған тараў басшыларына жаза шараларын қоллаў бойынша тапсырма берилди.

Толық оқыў

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
14.7K views18:15
Ochish/sharhlash
2023-12-14 13:52:38
«Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилген күн мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти

1992-жыл 14-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң XI сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди.

Бүгин Нөкис қаласының орайында орнатылған Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары жанында «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгенине 31 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам илажи болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, халқымызды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, елимиз байрағы жақсылық, данышпанлық, пəклик, садықлық, гөззаллық, тынышлық, жаңаланыў сыяқлы сезимлерди өзинде жəмлегени менен əҳмийетли саналады. Солай екен, елимиз байрағын көз қарашығындай қəстерлеп-сақлаў, оны улығлаў ҳəм бəлентлерге көтериў – ҳəр биримиз ушын ана-Ўатан алдындағы перзентлик парызымыз болып есапланады.

Соңғы жыллары халқымыз турмысында, инсанлардың руўхый дүньясында үлкен өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз бермекте. Бунда, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша оғада көлемли жумыслар әмелге асырылыўына тийкар болмақта.
Илажда мине усындай елимиз абаданлығы жолында әмелге асырылып атырған жумыслар кең түрде атап өтилди.

Байрам илажында көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
36.8K views10:52
Ochish/sharhlash
2023-12-12 09:38:42
Қарақалпақстанда «Меҳир ҳәрекети»н баслаў бойынша тапсырма берилди

Қайыр-сақаўат ислеў, мүтәжлерге жәрдем көрсетиў ҳәм қоллап-қуўатлаў кеңпейил халқымызға тән болған жоқары пазыйлетлердиң бири.

Бүгинги күнде елимизде «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында көплеген жумыслар алып барылмақта. Шараяты аўыр болған, кем тәмийинленген пуқараларды излеп табыў ҳәм олардың тикленип алыўына барлық жәрдемлерди көрсетиў бойынша ҳүрметли Президентимиз тәрепинен анық ўазыйпалар белгилеп берилген.

Бул аўыр шараятта жасап атырған пуқаралардың турмысын жақсылаў бағдарында өткен жылы Қарақалпақстан Республикасында ийгиликли баслама – «Меҳир ҳәрекети» басланған еди. Бул ҳәрекет шеңберинде өткен 2022-жылда көплеген аўыр шараяттағы шаңарақлардан хабар алынып, олардың қыстың қыраўлы күнлеринен зыянсыз өтиўи тәмийинленди.

Усы тийкарда быйылғы жылы да қыс мәўсиминиң ызғырын күнлери кирип келиўи менен «Меҳир ҳәрекети»н баслаў бойынша Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен тапсырма берилди. Меҳир ҳәрекети шеңберинде ҳәр бир аўыр турмыс шараятында жасап атырған, жалғыз баслы, өзгелердиң қайырқомлығына мүтәж, денсаўлығы менен байланыслы машқаласы бар инсанға меҳир-мүриўбет ҳәм ғамхорлық көрсетиледи, ҳәм бул ийгиликли әмеллер системалы түрде еле де даўам еттириледи.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
15.6K views06:38
Ochish/sharhlash
2023-12-10 22:10:03
«Аўыл хожалығы хызметкерлери күни» байрамы мүнәсибети менен байрам тамашалары болып өтти


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
20.7K views19:10
Ochish/sharhlash
2023-12-10 22:09:53
«Аўыл хожалығы хызметкерлери күни» байрамы мүнәсибети менен байрам тамашалары болып өтти

Усы жылдың 10-декабрь күни Нөкис қаласының арқа тәрепиндеги Атшабар майданында Аўыл хожалығы хызметкерлери күнине бағышланып салтанатлы байрам тамашалары болып өтти.

Илаждың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды Аўыл хожалығы хызметкерлери күни байрамы менен қутлықлады.

Ҳәр бир район тәрепинен 100 кг.нан палаў писирилип, жыйналған халыққа 1700 кг.нан артық палаў бийпул тарқатылды.

Байрам қатнасыўшыларының итибары қурға қаратылды. Бас байрақ ушын гүресте Зарапатдин Турдымуратов жеңиске еристи.  Жоқарғы Кеңес Баслығы палўанға бас байрақ - Президентимиздиң саўғасы 50 млн. сум сыйлықты тапсырды.
2-орын ийеси Б.Сайтов – 40 млн. сум ақшалай сыйлық пенен сыйлықланды.

Қошқарлар урысында
бас қошқарға гибрит скутер,
кейинги орынға мотороллер,
буннан басқа қошқар ийелерине 3 дана скутер тапсырылды.

Буннан соң бир, еки (жорға), бес, жети, он үш айлаўға атлар жиберилди.

Он үш айлаў бойынша Бахыт Ибраимовтың аты бас байрақты қолға киргизди. Оған Президентимиздиң саўғасы 40 млн. сум пуллай сыйлық тапсырылды.

Ең алдыңғы фермер хожалығы номинациясына «Қоңырат мехри» ф/х баслығы Айтмуратов Есенбай ылайық деп табылды ҳәм Президентимиз саўғасы трактор тапсырылды.

Сондай-ақ, Ең жақсы шарўа фермер номинациясы бойынша:
«Шукурулла Бабаджанов» ф/х баслығы Бабаджанов Шухрат киши трактор,
Ең жақсы бағман номинациясы бойынша «Жавохир асл мева боғи» ф/х баслығы Атабаев Анвар киши трактор менен сыйлықланды.

Толық оқыў


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
20.9K views19:09
Ochish/sharhlash
2023-12-10 08:56:35
Ҳүрметли аўыл хожалығы тараўы мийнеткешлери!

Сизлерди бүгинги Аўыл хожалығы хызметкерлери күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз.

Аўыл хожалығы тараўы мийнеткешлериниң мәмлекетимизде азық-аўқат қәўипсизлигин, сондай-ақ, халқымыз дастүрханының молшылығын тәмийинлеўдеги мийнети айрықша.

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тараўға қаратылып атырған айрықша итибар дийқанларымыз бенен фермерлеримизге, аўыл халқына айрықша күш-жигер бағышлап, олар жылдың машақатлы келиўине қарамастан аўыл хожалығы егинлеринен мол зүрәәт жетистирип келмекте.

Сиз әзизлердиң, аўыл хожалығы тараўындай машақатлы, соның менен бирге, мақтанышлы тараўда мийнет етип атырғанлығыңыз бәрҳәма итибарға ылайық.

Сизлерди және бир мәрте бүгинги сәне мүнәсибети менен қутлықлап, жумысларыңызда табыслар, қырманыңызға берекет, машақатқа толы мийнетлериңизде бәрҳәма мол несийбе тилеймиз.


Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
28.2K viewsedited  05:56
Ochish/sharhlash
2023-12-09 19:09:24
Ўзбекистон қишлоқ хўжалиги ходимларига табрик

Поздравление работникам сельского хозяйства Узбекистана

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
18.9K views16:09
Ochish/sharhlash
2023-12-09 14:12:59
10-декабрь күни Аўыл хожалығы тараўы хизметкерлери күни байрамы болып өтеди

Аўыл хожалығы тараўы хизметкерлери күни байрамы мүнәсибети менен аграр тараўы мийнеткешлериниң мәмлекетимизде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўдеги мийнетине мүнәсип итибар қаратыў ҳәм баҳалаў, руўхый ҳәм материаллық жақтан хошаметлеў мақсетинде 2023-жылдың 10-декабрь күни Нөкис қаласы аймағындағы Ат шабар майданында байрам илажы ҳәм тамашалары өткериледи.

Илаж даўамында аўыл хожалығы өнимлери көргизбе-ярмаркалары, руўхый-ағартыўшылық, қайырқомлық илажлары, сондай-ақ, миллий спорт түрлери бойынша жарыслар ҳәм беллесиўлер болып өтеди.

Байрам илажлары халық сейили түринде даўам етеди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
22.4K views11:12
Ochish/sharhlash