Get Mystery Box with random crypto!

Төрткүл районында жаңа туўыў комплекси қурылысы басланды Соңғ | Joqarǵi keńes.uz

Төрткүл районында жаңа туўыў комплекси қурылысы басланды

Соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң итибары ҳәм ғамхорлығы менен социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде оғада көлемли қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта.

Усы жумыслардың даўамы сыпатында Төрткүл районында да быйылғы жылда 90 объектте 127,3 млрд. сумлық қурылыс жумыслары әмелге асырылыўы режелестирилген.

Бүгин Төрткүл районы медицина орайына қараслы туўыў комплекси имараты қурылысының қазығы қағылды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.

Қурылыс жумыслары шеңберинде туўыў комплексине қосымша 70 орынлы жаңа имарат қурыў, сондай-ақ, бар болған имаратын капитал оңлаў режелестирилген. Нәтийжеде, жергиликли пуқаралар, соның ишинде аналар ҳәм балалар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылады.

Тўрткўл туманида янги туғруқ комплекси қурилиши бошланди

Сўнгги йилларда юртимизда ҳурматли Президентимизнинг эътибори ва ғамхўрлиги билан ижтимоий ва инфратузилма объектларида кўламли қурилиш-таъмирлаш ишлари амалга оширилмоқда.

Ушбу ишларнинг давоми сифатида Тўрткўл туманида ҳам жорий йилда 90 объектда 127,3 млрд. сўмлик қурилиш ишлари амалга оширилиши режалаштирилган.

Бугун Тўрткўл тумани тиббиёт бирлашмасига қарашли туғруқ комплекси иморати қурилишининг қозиғи қўйилди.

Унда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев иштирок этди.

Қурилиш ишлари доирасида туғруқхона комплекси биносига қўшимча 70 ўринли янги бино қуриш шунингдек, мавжуд бинони мукаммал таьмирлаш режалаштирилган. Натижада, маҳаллий фуқаролар, шунинг ичида оналар ва болалар учун барча қулай шароитлар яратилади.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter