Get Mystery Box with random crypto!

Joqarǵi keńes.uz

Kanal manzili: @joqargikenes
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 40.61K
Kanalning ta’rifi

Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Twitter: twitter.com/joqargikenes
© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Ratings & Reviews

2.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 2

2024-04-10 06:09:26
Әзиз ўатанласлар!

Инсаныйлық, сабыр ҳәм қанаат, шүкиршилик тымсалы болған мүбәрек Рамазан ҳайытын үлкен қуўаныш пенен күтип алып атырған сиз әзизлерди қутлы әййям менен шын жүректен қутлықлаймыз.

Бәршениң кеўли қуўаныш ҳәм жақсылық нурына толып турған усы қуўанышлы демлерде Рамазан ҳайытына мийнеткеш ҳәм кеңпейил халқымыз бенен бирге аманлықта жеткергени ушын жаратқан ийемизге шексиз шүкиршилик билдиремиз.

Бүгингидей тыныш турмысымыздың қәдирине жетиў, жәмийетимизде ҳүким сүрип атырған түрли миллет ҳәм диний конфессиялар арасындағы кеңпейилликти, бир-биреўге болған өз-ара ҳүрмет орталығын және де беккемлеў ҳәммемиздиң тийкарғы ўазыйпамыз.

Сиз әзизлерди Рамазан ҳайыты менен және бир мәрте қутлықлап, шаңарақ, дос ҳәм жақынлар менен бирге пайызлы ҳәм мазмунлы өткериўиңизди тилеймиз.

Иләйим елимиз тыныш, халқымыз аман болсын.

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
56.7K views03:09
Ochish/sharhlash
2024-04-09 13:42:45
Ертең, 10-апрель "Рамазан ҳайыты" байрамы мүнәсибети менен азанғы саат 05:00 ден саат 10:00 ге шекем  "Nókisqalatransportxızmet" ЖШЖ тәрепинен автобуслар халыққа бийпул хызмет көрсетеди.


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
41.1K views10:42
Ochish/sharhlash
2024-04-01 19:23:42
Мойнақ аэропортына Silk Avia компаниясының самолёты дәслепки рейсин әмелге асырды

Мўйноқ аэропортига Silk Avia компаниясининг самолёти дастлабки парвозини амалга оширди



Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
13.3K views16:23
Ochish/sharhlash
2024-04-01 06:34:46
«Нөкис – Алма-ата – Нөкис» жөнелиси бойынша турақлы қатнаўлар жолға қойылмақта

Ҳүрметли Президентимиздиң 2024-жыл 9-февраль күнги 66-санлы қарары менен Қарақалпақстан Республикасына туристлер ағымын және де көбейтиў, оларға қолайлы шәраятлар жаратыў, бунда «Нөкис – Алма-ата - Нөкис» жөнелисинде авиа қатнаўларды жолға қойыў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныс киргизиў ўазыйпасы белгиленген еди.

Усы тапсырмалардың орынланыўы бойынша 2024-жылдың 15-июнь сәнесинен баслап ҳәптесине үш мәрте (дүйшемби, сәршемби, шемби күнлери саат 3-45 те) «Нөкис – Алма-ата Нөкис» жөнелиси бойынша А-320 самолётында пәрўазларды әмелге асырыў белгиленбекте.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
13.9K views03:34
Ochish/sharhlash
2024-03-31 13:12:47
1-апрельден баслап Нөкис – Мойнақ – Нөкис жөнелиси бойынша турақлы қатнаўлар жолға қойылмақта

Билетлерди интернет тармағындағы сайты, google play'дағы жүклемеси ҳәм +998933670002 байланыс номердеги кассир арқалы алсаңыз болады.

Silk Avia бренди астындағы Uzbekistan Helicopters Нөкис – Мойнақ – Нөкис жөнелиси пәрўазлары ҳәптениң дүйшемби, жума ҳәм екшемби күнлери әмелге асырылады.

Ўақты:
Нөкис – Мойнақ жөнелиси саат 09:00 – 09:35;
Мойнақ – Нөкис жөнелисы саат 10:05 – 10:40 аралығында әмелге асырылады.

Билет баҳасы:
0 жастан 2 жасқа шекем – 27 199 сўм;
2 жастан 12 жасқа шекем – 81 597 сўм;
12 жастан жоқарылар – 108 796 сўм.


Бул пәрўазлар арқалы 1500 км. бийикликтен қала ҳәм районларды бақлаў, тамашалаў имканиятына ийе боласыз.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
14.0K views10:12
Ochish/sharhlash
2024-03-31 13:08:18
Президентимиздиң тапсырмасы менен жаңа авиақатнаўлар жолға қойылмақта

Ҳүрметли Президентимиздиң 2024-жыл 9-февраль күнги 66-санлы қарары менен 2024-жыл апрель айынан баслап жаңадан сатып алынатуғын "L-410" маркалы самолётлардан бир данасын Қарақалпақстан Республикасында ишки рейслер ушын дислокация қылыў, бунда «Нөкис – Мойнақ - Нөкис» авиақатнаўын жолға қойыў бойынша илажлар көриў тапсырмасы берилген еди.

Усы тапсырманың орынланыўы бойынша усы жылдың 1-апрель сәнесинен баслап Uzbekistan Airways компаниялары топарына кириўши «Silk Avia» бренди астындағы «Uzbekistan Helicopters» ЖШЖ тәрепинен «Нөкис – Мойнақ – Нөкис» жөнелиси бойынша турақлы қатнаўлар жолға қойылмақта.

Жаңадан ашылған «Нөкис – Мойнақ – Нөкис» жөнелиси апрель айынан баслап ҳәптесине 3 мәрте (дүйшемби, жума ҳәм екшемби күнлери) саат 9-00 ден «Нөкис – Мойнақ» ҳәмде саат 10-05 те «Мойнақ - Нөкис» жөнелислери бойынша пәрўазларын әмелге асырады.

Әлбетте, бундай имканиятлардың жолға қойылыўы ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары ҳәм ғамхорлығының және бир көриниси есапланады.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
18.8K viewsedited  10:08
Ochish/sharhlash
2024-03-28 07:21:46
Март айының ақырында егилген капуста 15-май күни писип жетилиседи ҳәм ишки базарды тәмийинлейди

Беруний районы «Бирлик» мәҳәлле пуқаралар жыйынында жасаўшы 75 жаслы Юлдаш Нарымбетов өз қыйтақ жериндеги биринши өними капустадан 15 млн. сум дәрамат алыўды гөзлеген. Буннан соң және еки қатар егин егип, өним алыўды режелестирген.

Март ойи охирида экилган карам 15 май куни пишиб етилади ва ички бозорни таъминлайди

Беруний тумани Бирлик маҳалла фуқаролар йиғинида истиқомат қилаётган 75 ёшли Юлдаш Наримбетов ўз томорқасидаги биринчи ҳосили карамдан 15 млн. сўм даромад олишни кўзлаган. Ундан кейин яна икки марта экин экиб ҳосил олишни режалаштирган.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
15.6K views04:21
Ochish/sharhlash
2024-03-22 13:48:46
«Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни» мүнәсибети менен салтанатлы байрам кешеси болып өтти

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни» мүнәсибети менен салтанатлы байрам кешеси болып өтти.

Толық оқыў

«Маҳалла тизими ходимлари куни» муносабати билан тантанали байрам тадбири бўлиб ўтди

Бугун Бердақ номидаги Қорақалпоқ давлат академик мусиқали театрида «Маҳалла тизими ходимлари куни» муносабати билан тантанали байрам тадбири бўлиб ўтди.

Тўлиқ ўқиш


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
38.7K views10:48
Ochish/sharhlash
2024-03-22 07:43:31
Қәдирли Ўатанласлар, Ҳүрметли мәҳәлле системасы хызметкерлери!

Ең дәслеп, сизлерди, сизлердиң тымсалыңызда пүткил халқымызды Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни менен қызғын қутлықлаймыз.

Мәҳәлле - әсирлер аса миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизди қәстерлеп сақлап, халқымыз ушын жақсылық ҳәм тәрбия бесиги, жақын қоңсышылық ҳәм аўызбиршиликтиң мәсканы болып келмекте.

Биз мәҳәлле дегенде, дүньяда кемнен-кем ушырайтуғын, инсанды жәмийет пенен бирге жасаўға үйретип, кеңпейиллик руўхында тәрбиялайтуғын, халық пенен мәмлекет арасындағы исенимли көпир ўазыйпасын орынлайтуғын тараўды түсинемиз.

Ҳәзирги ўақытта елимизде жасап атырған ҳәр бир инсан, миллети, тили, динине қарамастан, өз өмири, қуўаныш ҳәм тәшўишлерин мәҳәлледен бөлек көз алдына келтире алмайды.

Ҳүрметли мәҳәлле системасы хызметкерлери!

Сизлерди бүгинги қутлы байрам менен қутлықлап, ҳәммеңизге беккем денсаўлық, шаңарағыңызға тынышлық-аманлық, машақатлы ҳәм мақтанышлы жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз!

Аманбай Орынбаев,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы



Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
17.7K views04:43
Ochish/sharhlash
2024-03-21 11:25:05
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёевнинг Наврўз умумхалқ байрамига бағишланган тантанали маросимдаги табрик нутқи

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың Наўрыз улыўмахалықлық байрамына арналған салтанатлы мәресиминде шығып сөйлеген сөзи

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
14.6K views08:25
Ochish/sharhlash