Get Mystery Box with random crypto!

Joqarǵi keńes.uz

Kanal manzili: @joqargikenes
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 40.61K
Kanalning ta’rifi

Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Twitter: twitter.com/joqargikenes
© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Ratings & Reviews

2.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 6

2024-01-10 19:29:24 Қарақалпақстанда бизнес пенен шуғылланыў ушын басқа ҳеш бир аймаққа берилмеген жеңиллик ҳәм имканиятлар берилди.

Атап айтқанда тартымлы бизнес орталығын ҳәм аймақ турғынларына қосымша қолайлық жаратыў мақсетинде пайда, айланбадан алынатуғын салық, жер ҳәм мал-мүлк салықлары 2 есеге кемейтилди, социаллық салық 1 пайыз етип белгиленди. Нәтийжеде 500 миллиард сум қаржы исбилерменлер ықтыярында қалды.

Бул жумысларды жаңа басқышқа көтериў мақсетинде соңғы еки жылда Қарақалпақстанда санаат, аўыл хожалығы ҳәм исбилерменликти раўажландырыў, мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаўға байланыслы 7 пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди.

Усы мақсетлер ушын 400 миллион АҚШ доллары ҳәм 250 миллиард сум қаржы ажыратылды.


Экономика тармақлары ҳәм ўәлаятлар менен биргеликте Аралбойының қала ҳәм районларында көплеген жойбарлар әмелге асырылмақта.

Мәжилисте 2023-жылда әмелге асырылған жумыслар көрип шығылып, 2024-жылға мөлшерленген ўазыйпалар додаланды.

Қорақалпоғистонда бизнес юритиш учун бошқа ҳеч бир ҳудудга берилмаган имтиёзу имкониятлар тақдим этилган.

Хусусан, жозибадор бизнес муҳити ва ҳудуд аҳолисига қўшимча қулайлик яратиш мақсадида фойда, айланмадан солиқ, ер ва мол-мулк солиқлари 2 баравар пасайтирилган, ижтимоий солиқ 1 фоиз қилиб белгиланган. Натижада тадбиркорлар ихтиёрида йилига 500 миллиард сўм қолмоқда.

Бу ишларни янги босқичга кўтариш мақсадида сўнгги икки йилда Қорақалпоғистонда саноат, қишлоқ хўжалиги ва тадбиркорликни ривожлантириш, маҳаллалар инфратузилмасини яхшилашга доир 7 та фармон ва қарор қабул қилинди.

Бу мақсадлар учун 400 миллион АҚШ доллари ва 250 миллиард сўм ажратилди.


Иқтисодиёт тармоқлари ва вилоятлар билан ҳамкорликда Оролбўйининг шаҳар ва туманларида кўплаб лойиҳалар амалга оширилмоқда.

Йиғилишда 2023 йилда қилинган ишлар кўриб чиқилиб, 2024 йилга мўлжалланган вазифалар муҳокама қилинди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
16.8K viewsedited  16:29
Ochish/sharhlash
2024-01-10 19:02:12
Қарақалпақстанда кейинги жети жылда оғада үлкен өзгерислер жүз берди

Алдын 15 районнан 12 район дотацияда болған Қарақалпақстан бүгинги күнге келип, өз дәраматына ийе болған аймаққа айланды.

Атап айтқанда, 15 триллион сум инвестиция есабынан 5 мың 300 ден аслам жойбар әмелге асырылды. Арал теңизиниң қурыған аймағы орнында 1 миллион 800 мың гектар жасыл тоғайлықлар жаратылды. 51 мың шаңарақтың турақ-жай шараяты жақсыланды, 401 мәҳәлледе қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылды. Ҳалықтың турмыс шараяты артты.

Қорақалпоғистонда сўнгги етти йилда мисли кўрилмаган ўзгаришлар рўй берди

Авваллари 15 та тумандан 12 таси дотацияда бўлган Қорақалпоғистон бугунги кунга келиб, ўз даромадига эга бўлган ҳудудга айланди.

Хусусан, 15 триллион сўм инвестиция ҳисобига 5 минг 300 дан зиёд лойиҳа амалга оширилди. Орол денгизининг қуриган ҳудуди ўрнида 1 миллион 800 минг гектар яшил ўрмонзор барпо этилди. 51 минг оиланинг уй-жой шароити яхшиланди, 401 та маҳаллада қурилиш-таъмирлаш ишлари бажарилди. Аҳолининг турмуш даражаси ошди.



Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
18.6K viewsedited  16:02
Ochish/sharhlash
2024-01-10 18:30:52
Президент Шавкат Мирзиёев Қорақалпоғистон Республикасини ижтимоий-иқтисодий ривожлантириш борасидаги ишлар таҳлили ва келгуси вазифалар муҳокамаси бўйича йиғилиш ўтказди.

Президент Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарындағы жумыслардың анализи ҳәм келеси ўазыйпалардың додаланыўы бойынша мәжилис өткерди.


#Mirziyoyev #yigilish #Qoraqalpogiston #iqtisodiyot

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
26.3K views15:30
Ochish/sharhlash
2024-01-05 14:46:25
Беруний районында бақша имараты пайдаланыўға тапсырылды

Президентимиздиң “2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли түрде экономикалық жақтан раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы 4889-санлы қарары менен Беруний районы “Мақтумқулы” аўыл пуқаралар жыйынындағы 43-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде 4,7 млрд. сум қаржы тийкарында қурылыс жумыслары алып барылды.

90 орынға мөлшергенген имаратта балаларға сапалы ҳәм заман талабына сәйкес билим-тәрбия бериў имканияты жаратылды.

Беруний туманида мактабгача таълим ташкилоти фойдаланишга топширилди

Президентимизнинг "2020-2023 йилларда Қорақалпоғистон Республикасини комплекс ижтимоий-иқтисодий ривожлантириш чора-тадбирлари тўғрисида"ги 4889-сонли қарорига асосан Беруний туманидаги "Мақтумқули" овул фуқаролар йиғинидаги 43-сонли давлат мактабгача таълим ташкилотига 4,7 млрд. сум маблағ ажратилиб, қурилиш-таъмирлаш ишлари олиб борилди.

90 ўринга мўлжалланган ташкилотда тарбияланувчиларга сифатли ва замон талабига мос таълим-тарбия бериш имконияти яратилди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
13.3K views11:46
Ochish/sharhlash
2024-01-05 09:37:31 Напақалар социаллық қорғаў миллий агентлигине өткерилмекте

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 1-июнь күнги ПП-82-санлы Пәрманына муўапық 2024-жыл 1-январьдан баслап төмендеги социаллық төлемлер Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлигине өткерилди:

Жасқа байланыслы напақа;
Бағыўшысын жоғалтқанлық напақасы;
Өзгелер күтимине мүтәж майыплығы болған 18 жасқа шекемги балаларына қараў менен бәнт болған нызамлы ўәкилине напақа;
Балалықтан майыплығы болған шахсларға напақа; (1 ҳәм 2-топар, 18 жастан жоқары)
1 ҳәм 2-топар майыплары ушын напақа;
Кем тәмийинленген шаңарақлар ушын балалар напақасы;
Кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық жәрдем;
Перзент туўылғанда берилетуғын бир мәртелик напақа; (“Сүйинши пулы”)
Жерлеў ушын напақа; (“Жерлеў пулы”)

Бунда социаллық төлемлер ушын арза бериў, оларды көрип шығыў, тайынлаў ҳәм төлеўдиң әмелдеги тәртиби сақлап қалынады.

Усы социаллық төлемлер менен байланыслы барлық мүрәжатларды район яки қалалардағы “Инсан” социаллық хызметлер орайлары қабыл етеди.


Нафақалар Ижтимоий ҳимоя миллий агентлигига ўтказилмоқда

Ўзбекистон Республикаси Президентининг 2023-йил 1-июндаги ПФ-82-сон Фармонига мувофиқ 2024-йил 1-январдан бошлаб қуйидаги ижтимоий тўловлар Ўзбекистон Республикаси Президенти ҳузуридаги Ижтимоий ҳимоя миллий агентлиги тасарруфига
ўтказилди:

Ёшга оид нафақа;
Боқувчисини йўқотганлик нафақаси;
Ўзгалар парваришига муҳтож ногиронлиги бўлган 18 ёшгача болаларнинг парвариши билан банд бўлган қонуний вакилига нафақа;
Болаликдан ногиронлиги бўлган шахсларга нафақа (1 ва 2-гуруҳ, 18 ёшдан катта);
1 ва 2-гуруҳ ногиронлари учун нафақа;
Кам таъминланган оилалар учун болалар нафақаси;
Кам таъминланган оилаларга моддий ёрдам;
Фарзанд туғилганда бериладиган бир марталик нафақа («Суюнчи пули»);
Дафн қилиш учун нафақа («Дафн пули») .

Бунда ижтимоий тўловлар учун ариза бериш, уларни кўриб чиқиш, тайинлаш ва тўлашнинг амалдаги тартиби сақлаб қолинади.

Мазкур ижтимоий тўловлар билан боғлиқ барча мурожаатларни туман ёки шаҳарлардаги «Инсон»ижтимоий хизматлар марказлари қабул қилади.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
20.6K viewsedited  06:37
Ochish/sharhlash
2024-01-02 17:27:25
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев раислигида мудофаа қурилиши ва Ўзбекистон Республикаси Қуролли Кучларини ривожлантириш масалаларига бағишланган йиғилиш бўлиб ўтди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында қорғаныў қурылысы ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы күшлерин раўажландырыў мәселелерине арналған мәжилис болып өтти.


#Mirziyoyev #yigilish #mudofaa #QurolliKuchlar

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
14.1K views14:27
Ochish/sharhlash
2023-12-31 22:02:19 Халқымызға Жаңа жыл қутлықлаўы!

Қәдирли ўатанласлар!
Әзиз дослар!


Ең дәслеп, бәршеңизди өзинде уллы мақсет ҳәм ийгиликли ислерди жәмлеп, халқымызды және де үлкен дөретиўшилик жумысларға руўхландырып атырған қутлы әййям – Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлайман. Бүгин халқымыз тыныш ҳәм татыў турмыста, ертеӊги күнге анық мақсетлер менен келешекке исенимли қәдем таслап бармақта. Өтип баратырған жыл елимиздиң жаңа тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылып қалатуғын өзиниң умытылмас тарийхый ўақыялары, турмысымыздың барлық тараўларындағы өзгерислери ҳəм жаңаланыўлары менен ажыралып туратуғын дәўир сыпатында кеўиллерден терең орын ийелейди.

Әсиресе, ҳүрметли Президентимиздиң айрықша ғамхорлығы менен ѳткен бир жылдың ишинде тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген 7 тарийхый пәрман ҳәм қарарлар тийкарында халқымызға, соның ишинде жасларымызға, исбилерменлеримизге бурын болмаған имканиятлар жаратылғанлығы, мәҳәллелерде кең кѳлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларының алып барылғаны кеўиллерге мақтаныш сезимлерин бағышлайды.

Атап айтқанда, жуўмақланып атырған жылда 452 мәҳәллениң ҳәр бирине 500 миллион сумнан, жәми 226 миллиард сўм қосымша қаржы берилгенин, кадастры болмаған 43 мыңнан аслам турақ жайлардың кадастр ҳүжжетлерин таярлаў жумысларының жолға қойылғанын, қала ҳəм аўылларымызды абат етиў мақсетинде 640 км.ге жақын топырақлы жолларға 55 миллиард 678 миллион сумлық қум-щебень араласпасын төсеў жумыслары алып барылғанын, Мәдениятты қоллап-қуўатлаў фонды шөлкемлестирилип, бул фондқа 20 миллиард сум қаржы ажыратылғанын, жасларымыздың жоқары оқыў орынларына кириўи ушын 10 мың квота ажыратылғанын, сырт еллерде оқып атырған жаслардың оқыўын елимиздиң жоқары оқыў орынларына мәмлекетлик грант тийкарында көшириў әмелиятының жолға қойылғанын, исбилерменлеримиз ушын жаңадан-жаңа имканиятлар жаратылып, олардың экономикалық жақтан беккемлениўине тийкар жаратылғанын айрықша қанаатланыўшылық пенен айтып ѳтсек болады.

Сондай-ақ, халқымыздың ийгилиги жолында хызмет ететуғын бир неше кәрханалардың, социаллық-мәдений объектлердиӊ иске түскени, инфраструктураныӊ жаӊаланыўы елимизге шын мәнисиндеги жаӊаланыў нәпесин алып келди. Сѳзимизге мысал ретинде мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде жәми 699 объектте 1,6 триллион сумлық қурылыс ҳәм реконстукция жумыслары алып барылғаны, соның ишинде Инвестиция бағдарламасы тийкарында 58 объектте 547,9 миллиард сумлық, мәҳәллелерде 286 объектте 238 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылғаны, буннан тысқары, 33 көп қабатлы турақ жайлар жаңадан курылып, 69 көп қабатлы турақ жайларда оңлаў жумыслары алып барылғаны турмысымызда жүз берген қуўанышлы ўақыялар қатарына киреди.

Соның менен бирге жуўмақланған жылда Қытай мәмлекети менен 432,7 миллион долларлық 17 инвестициялық жойбар, 27 миллион долларлық 32 экспорт ҳәм импорт шәртнамалары бойынша, сондай-ақ, Татарстан Республикасы менен 58 миллион долларлық 23 экспорт шәртнамалары бойынша келисимлерге ерисилгени елимиз экономикасын және де беккемлеўде, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде айрықша орын тутады.

Буннан тысқары, аймақлық инвестиция бағдарламалары тийкарында 3,1 триллион сумлық 1434 инвестиция жойбары иске түсип, 10256 жаңа жумыс орны жаратылды. Әлбетте, булардың барлығы елимизде “Инсан қәдири ушын” деген идея астында алып барылып атырған ийгиликли ислердиң әмелий кѳриниси саналады.

Кирип киятырған Жаңа жылда да халқымыздың турмыс дәрежесин жақсылаў, олардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, жасларды ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти жедел раўажландырыў сыяқлы бир қатар мәселелер тийкарғы ўазыйпаларымыздың бири болып қала береди.

Қәдирли ўатанласлар!

Сизлерди жəне бир мəрте Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, бəршеңизге беккем денсаўлық, мол табыслар тилеймен!

Жаңа жыл ҳəр бир шаңараққа аманлық, берекет ҳəм қуўаныш алып келгей!

Елимиз тыныш, халқымыз ҳəмийше аман болсын!

Жаңа жылыңыз бəршеңизге қутлы мүбəрек болсын, əзиз заманласлар!

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы
20.2K viewsedited  19:02
Ochish/sharhlash
2023-12-31 22:01:41
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёевнинг Ўзбекистон халқига Янги йил табриги

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан Республикасы халқына Жаңа жыл қутлықлаўы

Новогоднее поздравление Президента Республики Узбекистан Шавката Мирзиёева народу Узбекистана

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
13.2K viewsedited  19:01
Ochish/sharhlash
2023-12-28 09:37:17
Балаларға Президент саўғалары тапсырылды

Бүгин, 28-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Президент саўғалары тапсырылды.

Илажға 1-2-санлы шаңарақлық балалар үйи тәрбияланыўшылары ҳәмде ата-анасының қарамағынан айырылған балалар мирәт етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы балаларды ҳәм олардың қәўендерлерин жаңа жыл байрамы менен қутлықлады ҳәм Президентимиздиң саўғаларын тапсырды.

Байрам шырайлы етип безелген шырша әтирапында Аяз ата менен Қарқыз, түрли ертек қаҳарманлары қатнасыўындағы театрластырылған тамашалар менен даўам етти.

Болаларга Президент совғалари топширилди

Бугун 28-декабрь куни Бердақ номидаги Қорақалпоқ давлат академик мусиқали театрида болаларга Президент совғалари топширилди.

Тадбирга биринчи ва иккинчи сонли болалар уйи тарбияланувчилари ва ота-онаси қарамоғидан айрилган болалар таклиф этилди.

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раиси болаларни янги йил байрами билан табриклади ва Президентимизнинг совғаларини топширди.

Байрам дастури Чиройли безатилган Арча атрофида Қорбобо ва Қорқиз, турли эртак қахрамонлари иштирокида театрлаштирилган томошалар билан давом этди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
22.6K viewsedited  06:37
Ochish/sharhlash
2023-12-22 21:32:44
Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы бир қатар белсенди жаслар менен ушырасты

Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў илажлары кеңейип, соның ишинде жасларға болған итибар мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланғанын айрықша атап өтти. 

«ϴткен жылларға нәзер таслайтуғын болсақ, жасларымыз турмысында үлкен тарийхый өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз берип атырғанын көплеген мысалларда көриўимиз мүмкин. Сизлер менен ушырасыўымыздан тийкарғы мақсетимиз – елимизде жаслар сиясаты бойынша алып барылып атырған илажларды жеделлестириў, ҳәр бир жастың пикир ҳәм усынысларын, олардың басламаларын қоллап-қуўатлаўдан ибарат.”-деп атап өтти Жоқарғы Кеңес Баслығы өз сөзинде.

Өткерилген ушырасыў даўамында қала ҳәм районлар мәҳәллелериндеги жаслар менен бирге ислесиўде белсендилик көрсетип киятырған бир қатар жаслар жетекшилери хошаметленди.

Толық оқыў

Жўқорғи Кенгес Раиси бир гуруҳ фаол ёшлар билан учрашди

Дастлаб Жўқорғи Кенгес Раиси сўнги йилларда мамлакатимизда ҳурматли Президентимиз бошчилигида халқимизнинг фаровон турмушини таъминлаш борасидаги ишлар янада жадаллашиб, шулар қаторида ёшларга берилаётган эътибор давлат сиёсатига айланганини алоҳида таъкидлаб ўтди.

"Ўтган йилларга эътибор билан қарайдиган бўлсак, ёшларимиз ҳаётида катта тарихий ўзгаришлар ва янгиликлар юз бераётганини кўплаб мисолларда кўриш мумкин. "Сизлар билан учрашувимиздан асосий мақсад- мамлакатимизда ёшлар сиёсати бўйича олиб борилаётган ишларни янада жадаллаштириш, ҳар бир ёшнинг фикр ва таклифларини, уларнинг ташаббусларини қўллаб-қувватлашдан иборат"-деп айтиб ўтди Жўқорғи Кенгес Раиси ўз сўзида.


Ўтказилган учрашув давомида туман ва шахар маҳаллаларидаги ёшлар билан бирга ишлашда фаоллик кўрсатиб келаётган бир гуруҳ ёшлар етакчилари тақдирланди.

Тўлиқ ўқиш


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
18.0K views18:32
Ochish/sharhlash