Get Mystery Box with random crypto!

Joqarǵi keńes.uz

Kanal manzili: @joqargikenes
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 40.61K
Kanalning ta’rifi

Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Twitter: twitter.com/joqargikenes
© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Ratings & Reviews

2.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 5

2024-02-01 07:02:00
Қарақалпақстандағы дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерине қудық қазыўы ушын 17 млн сумға шекем субсидия бериледи

Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 14-августтағы 378-санлы қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасындағы дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң жер майданларын суўғарыў ушын тереңлиги 5 метрден артық болған ҳәр бир вертикал суўғарыў қудығын бурғылаў ҳәм иске түсириў менен байланыслы қәрежетлерин қаплаўға қудықтың ҳәр бир метр тереңлиги ушын 100 мың сумнан бирақ, көби менен БЕМның 50 есесине (17 млн сумға) шекемги муғдарда субсидия бериледи.

Субсидия Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси жанындағы Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў фондының қаржылары есабынан ажыратылады.

Қорақалпоғистондаги деҳқон хўжаликлари ва томорқа ер эгаларига қудуқ қазиши учун 17 млн. сўмгача субсидия берилади

Вазирлар Маҳкамасининг 2023 йил 14-августдаги 378-сонли қарорига асос, Қорақалпоғистон Республикасидаги деҳқон хўжаликлари ва томорқа ер эгаларининг ер майдонларини суғориш учун чуқурлиги 5 метрдан ортиқ бўлган ҳар бир вертикал суғориш қудуғини бурғилаш ва ишга тушириш билан боғлиқ харажатларини қоплашга қудуқнинг ҳар бир метр чуқурлиги учун 100 минг сўмдан лекин, кўпи билан БҲМнинг 50 баробаригача (17 млн. сўмга) миқдорда субсидия берилади.  

Субсидия Ўзбекистон фермер, деҳқон хўжаликлари ва томорқа ер эгалари кенгаши ёнидаги фермер, деҳқон хўжаликлари ва томорқа ер эгаларини қўллаб-қувватлаш фондининг маблағлари ҳисобидан ажратилади.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
13.1K views04:02
Ochish/sharhlash
2024-01-30 13:14:05
Президент Шавкат Мирзиёев Тошкент шаҳрида Ислом Каримов ҳайкали пойига гулчамбар қўйди.

Президент Шавкат Мирзиёев Тaшкент қаласында Ислам Каримов естелигине гүлшеңбер қойды.

#Mirziyoyev #marosim #BirinchiPrezident #xotira

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
14.6K views10:14
Ochish/sharhlash
2024-01-26 10:17:59
Қытай Халық Республикасының Шэньчжэнь қаласында өткерилген Инвестиция форумында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйледи

Жоқарғы Кеңес Баслығы өз сөзинде Қарақалпақстанда инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, жаңа санаат, ислеп шығарыў кәрханалары, заводлар қурыў бағдарында ҳәр қандай инвестор қоллап-қуўатланатуғынлығын билдирди.

Хитой Халқ Республикасининг Шэньчжэнь шаҳрида ўтказилган Инвестиция форумида Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев нутқ сўзлади

Жўқорғи Кенгес Раиси ўз сўзида Қорақалпоғистонда инвестицион лойиҳаларни амалга ошириш, янги саноат, ишлаб чиқариш корхоналари, заводлар қуриш борасида ҳар қандай инвестор қўллаб-қувватланишини билдирди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
27.8K views07:17
Ochish/sharhlash
2024-01-26 07:10:25
Қарақалпақстанда таў-кән металлургиясы бойынша жойбарларды әмелге асырыў бағдарында Қытай компаниясы менен келисимге ерисилди

Қытай Халық Республикасында болып өткең форум шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы басшылығындағы делегация "Norinco Mining Co. Ltd" компаниясы басшылары менен ушырасып, еки тәреплеме сөйлесиўлер алып барылды.

"B2B" ҳәм "G2B" форматларында өткерилген ушырасыўларда Қарақалпақстан Республикасы аймағында таў-кән металлургиясы бойынша жойбарларды әмелге асырыў мәселелери талқыланды.

Компания админстрациясы менен еки тәреплеме бирге ислесиў, перспективалы жойбарлар үстинде жумыс алып барыў, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасында дәслепки баҳасы 150 млн. долларлық металлургия санааты жойбарын әмелге асырыў бойынша келисимге ерисилди.

Қорақалпоғистонда тоғ-кон металлургияси бўйича лойиҳаларни амалга ошириш борасида Хитой компанияси билан келишувга эришилди

Хитой Халқ Республикасида бўлиб ўтган форум доирасида Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раиси раҳбарлигидаги делегацияси "Norinco Mining Co. Ltd" компанияси маъмурияти билан учрашиб, мулоқот олиб борилди.

"B2B" ҳәм "G2B" форматларида ўтказилган учрашувларда Қорақалпоғистон Республикаси ҳудудида тоғ-кон металлургияси бўйича лойиҳаларни амалга ошириш масалалари муҳокама этилди.

Компания раҳбарлари билан икки томонлама ҳамкорлик қилиш, истиқболли лойиҳалар устида амалий ишлар олиб бориш, шунингдек, Қорақалпоғистон Республикасида дастлабки қиймати 150 млн. долларлик металлургия саноати лойиҳасини амалга ошириш бўйича келишувга эришилди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
24.2K views04:10
Ochish/sharhlash
2024-01-24 11:51:50
Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасыныӊ баслығы тайынланды

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында шөлкемлестириў мәселелерине арналған мәжилис болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Президент Администрациясы жуўапкер хызметкери Н.Норматов, Өзбекстан Мәҳәллелери аўқамы баслығының орынбасары А.Аслонов қатнасты.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Турманов Сағындық Турганбаевич – Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасыныӊ баслығы лаўазымына тайынланды.

Мәжилис даўамында ҳүрметли Президентимиздың 2023-жыл 21-декабрь күнги «Мәҳәлле институтының жәмийеттеги орнын түпкиликли жақсылаў ҳәм оның халқымыз машқалаларын шешиўде биринши буўын сыпатында ислеўин тәмийинлеўге қаратылған илажлар ҳаққында»ғы 209-санлы пәрманы ҳәм де «Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы жумысын жолға қойыў ҳәм мәҳәллелерде басқарыў системасын жетилистириўге қаратылған қосымша илажлар ҳаққында»ғы 402-санлы қарары менен мәмлекетимизде мәҳәлле институты абыройының және де артыўына итибар күшейгенлиги айрықша атап өтилди.

Ўзб


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
14.6K views08:51
Ochish/sharhlash
2024-01-19 15:04:23
Усы жылдың 10-январь күни ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев басшылығында 2024-жылда Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарындағы жумыслардың анализи ҳәм келеси ўазыйпалардың додаланыўы бойынша мәжилис болып өтти

Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы 2024-жылда Қарақалпақстанда әмелге асырылыўы режелестирилген жойбарлар презентациясы менен таныстырды.

Атап өтиў керек, республикамызда 120 мың жаңа жумыс орнын жаратыў белгиленген болса, соннан, 65 мың жумыс орнын аўыл хожалығы тараўында жаратыў режелестирилмекте.

Айрықша тилге алыў орынлы, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен исбилерменликти раўажландырыў ҳәм Қарақалпақстанда инвестициялық тартымлылықты арттырыў, усы тийкарда жаңа жумыс орынларын жаратыў бағдарында тарийхый пәрманлар қабыл етилген еди.

2024-жылда Президентимиз тапсырмасы менен аўыл хожалығы тараўы бойынша да Қарақалпақстанға айрықша жеңиллик бериў мәселесинде және бир әҳмийетли қарар жойбарын ислеп шығыў тапсырмасы берилди ҳәм бурын болмаған жеңилликлер жаратылыўы күтилмекте.

Буннан тысқары, IT тараўы, туризм тараўы бойынша да жаңа қарар жойбарлары ислеп шығылыўы ҳәм бир қатар жеңилликлер берилиўи күтилип атыр.



Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
20.6K views12:04
Ochish/sharhlash
2024-01-14 06:20:35
Ҳүрметли Ўатан қорғаўшылары!
Қәдирли Ўатанласлар!


Сизлерди, сизлер арқалы пүткил халқымызды Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери шөлкемлестирилгенлигиниң 32 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлаймыз.

Бәршени дөретиўшилик ислерге руўхландыратуғын бийбаҳа байлығымыз – бул елимиздиӊ тынышлығы, миллетлер аралық дослық ҳəм халқымыздың абадан турмысы болып табылады.

Солай екен, ата-бабаларымыздан бизге мийрас болып киятырған Ана-Ўатанымызды қәстерлеп-сақлаў, елимиздиң тынышлығын тәмийинлеўде сиз пидайы инсанлардың мийнетлериңиз айрықша.

Биз сизлердиң тымсалыңызда миллий армиямызға таўдай таяныш болып турған уллы руўхый күшти көремиз.

Әскерий тараўды раўажландырыў, оның күш-қудиретин арттырыў бағдарындағы жумыслар, халқымыз тынышлығын қорғаўдағы ийгиликли ислер "Халық пенен армия - бир пүтин" деген уллы идеяны әмелде тәмийинлеўге хызмет етпекте.

Ҳүрметли Ўатан қорғаўшылары!


Сизлерди және бир мәрте Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгенлигиниң 32 жыллығы ҳәмде Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен қутлықлап, елимиз абадан, аспанымыз ашық, тынышлығымыз мәнги болыўын тилеп қаламыз.

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы



Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
15.8K views03:20
Ochish/sharhlash
2024-01-13 17:59:47
Ўзбекистон Республикаси Қуролли Кучлари ташкил этилганининг 32 йиллиги ва Ватан ҳимоячилари куни муносабати билан байрам табриги

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери шөлкемлестирилгениниң 32 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен байрам қутлықлаўы

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
14.5K views14:59
Ochish/sharhlash
2024-01-13 13:06:00
Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 32 жыллығы мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, барлық әскерий тараў хызметкерлери, ветеранлар ҳәм пүткил халқымызды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.

Сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиз, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы тәрепинен тараўға қаратылып атырған үлкен итибар айрықша атап өтилди.

Толық оқыў

Ватан ҳимоячилари куни муносабати билан байрам дастури бўлиб ўтди

Бугун Бердақ номидаги Қорақалпоқ давлат академик мусиқали театрида 14-январ – Ватан ҳимоячилари куни ва Қуролли Кучларимиз ташкил этилганлигининг 32 йиллиги муносабати билан байрам тадбири бўлиб ўтди.

Унда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раиси Аманбай Орынбаев иштирок этиб, ҳарбий хизматчиларни, фахрийлар ва бутун халқимизни байрам билан табриклади.

Шунингдек, ҳурматли Президентимиз, Қуролли Кучлар Олий Бош Кўмондони томонидан соҳага қаратилаётган улкан этибор алоҳида тилга олинди.


Тўлиқ ўқиш

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
15.9K views10:06
Ochish/sharhlash
2024-01-13 12:53:01
Ўатан қорғаўшылары күни кең түрде белгиленди

Республикамызда 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 32 жыллығы кең түрде белгиленди.

Бүгин пайтахтымыздағы «Ҳәсиретли ана» естелигине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси, Арқа-Батыс әскерий округи, ҳуқық қорғаў уйымлары, мийнет жәмәәтлери, оқыў орынлары, урыс ҳәм мийнет ветеранлары атынан гүл шеңберлери қойылды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.

Толық оқыў

Ватан ҳимоячилари куни кенг нишонланди

Республикамизда 14-январь – Ватан ҳимоячилари куни ва Қуролли Кучларимиз ташкил этилганлигининг 32 йиллиги кенг нишонланди.

Бугун пойтахтимиздаги “Мотамсаро она” ҳайкали пойига Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси ва Вазирлар Кенгаши, Шимолий-Ғарбий харбий округи, ҳуқуқ тартибот органлари меҳнат жамоалари, олий таълим муассасалари уруш ва меҳнат фахрийлари номидан гулчамбарлар қўйилди.

Тадбирда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев иштирок этди.


Тўлиқ ўқиш

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
14.0K views09:53
Ochish/sharhlash