Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес Баслығы III Ташкент | Joqarǵi keńes.uz

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес Баслығы III Ташкент халықаралық инвестиция форумында қатнасып атыр

Бүгин мәмлекетимиз пайтахты Ташкент қаласында III Ташкент халықаралық инвестиция форумы өткерилип атыр.

Онда дүньяның барлық материклеринен жаңадан-жаңа исенимли шериклер бир жерге жыйналып атырған болып, өткен үш жыл даўамында усы форум еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў, ең әҳмийетли машқалаларды талқылаў, алдыңғы идея ҳәм жойбарларды ислеп шығыў ушын нәтийжели пикирлесиў майданына айланды.

Бүгинги өткерилип атырған илажда да 93 мәмлекеттен еки ярым мыңнан аслам сырт елли мийманлар келгени де форумның әҳмийети барған сайын артып баратырғанлығын айқын тастыйықлайды.

Форум шеңбериндеги илажларда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев та қатнасып атыр.

Ҳәзирги ўақытта Жоқарғы Кеңес Баслығы бир қатар мәмлекетлер исбилерменлери менен сөйлесиўлер алып бармақта.

Сөйлесиўлер барысында ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм инвестициялық тартымлылықты арттырыў бойынша жаратылған имканиятлар ҳаққында кең түрде атап өтилди.

Ҳәзирги ўақытта бирге ислесиўлерди жолға қойыў бойынша сөйлесиўлер даўам етпекте.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter