Get Mystery Box with random crypto!

XALÍQ USHÍN ⚖️

Kanal manzili: @xaliq_ushin
Toifalar: Qarzlar, soliqlar va qonunlar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 32.64K
Kanalning ta’rifi

Соңғы нызамлар, қарарлар, ҳуқық тараўына байланыслы жаңалықлар
Хабарласыў: @Mr_Velikolepniy
Канал 2020-жыл 10-апрелде жумыс баслады.

Ratings & Reviews

4.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar 9

2024-03-31 17:28:27 Ертеңнен баслап автотранспортты дизимнен өткериў 68 есеге қымбатлайды

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң 31.03.2024-жылдағы буйрығы менен автомототранспорт қуралларын дизимнен өткериў ҳәм қайта дизимнен өткериў ушын төлемлер қымбатлады.

Жаңа тарифлерге көре, 1-апрелден баслап:

электромобиллер, мототранспорт (мотоцикл ҳ.т.б.) ҳәм прицеплерди дизимнен (қайта дизимнен) өткериў ушын төлемлер 15 есеге асырылып, 510 мың сумды қурайды (ҳәзир 34 мың сум);

басқа автотранспорт қуралларын дизимнен (қайта дизимнен) өткериу ушын төлем 68,4 мәрте асырылып, 2,32 млн сумды қурайды (ҳәзир 340 мың сум).

Демек, ертеңнен баслап машина сатып алған адамлардың “расходы” 68 есеге көбейеди.

Постты жақынларыңызға тарқатың.


Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
14.1K viewsedited  14:28
Ochish/sharhlash
2024-03-31 05:58:05
1-апрелден баслап Қарақалпақстанда «мусор» ушын төлем қымбатлайды

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 29.03.2024-жылдағы 233-13-0-/24-санлы қарары менен Қарақалпақстан Республикасы аймағында қатты турмыслық шығындыларды топлаў ҳәм алып шығып кетиў хызмети ушын жаңа тарифлер муғдарлары тастыйықланған.

Оған көре хызмет ушын төлемлер:

пуқаралар ушын – 1 адамға бир айға – 4032 сум (ҚҚС менен);

юридикалық шахслар (мәкеме ҳәм шөлкемлер) ушын – 1м.куб шығынды ушын – 72 240 сум (ҚҚС менен).

Қарардың 7-бәнтине тийкар бул тарифлер 2024-жыл 1-апрелден күшке киреди.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
19.4K views02:58
Ochish/sharhlash
2024-03-30 12:42:39 1-майдан баслап пуқараның пластигинде қалған 525 000 сум пулын қарыздарлықты өндириў ушын шешип алыў қадаған етилди

Президенттиң 03.01.2024-жылдағы ПП–1-санлы Пәрманы менен 2024-жыл 1-майдан баслап пуқаралардан қарыздарлығы ушын өндириў қаратылыўы мүмкин болмаған ең кем кепилленген дәрамат муғдары мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 50% (ҳәзирги күнде 525 000 сум) етип белгиленди.

Пәрманға көре, егер пуқараның банк есап бетинде яки банк пластик картасынде 525000 ҳәм оннан аз пул қалған болса, оннан орынлаў ҳүжжетлери бойынша қарыздарлықты өндириў қадаған етилди.

Яғный, қарызы бар пуқараның пластик картасында ямаса банктағы есап бетинде 1 млн сум пулы болса, Мәжбүрий орынлаў бюросы сол пулдың тек 475 мың сумын қарызы ушын өндирип алыўы мүмкин, қалған 525 мың сумды шешип алыўға ҳақылы емес.

Бул қағыйда 2024-жыл 1-майдан баслап күшке киреди.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
13.8K views09:42
Ochish/sharhlash
2024-03-29 19:21:32
Светке 2-3-апрель күнлери аралығында пул төлеў имканы шекленеди

Аймақлық электр тармақлары тәрепинен 2024-жыл 2-апрель саат 00-00 ден баслап 3-апрель саат 22-00 ге шекем мағлыўматларды қайта ислеў орайында профилактика жумыслары алып барылады.

Усы ўақыт аралығында электр энергиясы ушын онлайн төлемлерди әмелге асырыў ҳәм жеке есап бетиндеги бар мағлыўматларды (мысал ушын, ишинде неше сум бар екени) алыўда техникалық үзилислер болыўы мүмкин.

Бирақ, усы ўақытта қарыздарлығы болған тутыныўшылардың «свети» өширилмейди.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
16.8K views16:21
Ochish/sharhlash
2024-03-29 15:48:29 Пенсияны пластикте алатуғынларға пенсиясына 1% қосымша пул төленеди

Президенттиң 07.04.2022-жылдағы ПҚ-198-санлы қарарына бола, Пенсия қоры тәрепинен төленетуғын барлық түрдеги пенсиялар, напақа, компенсациялар ҳәм бала пулы (уход) және материаллық жәрдем (пособия) пулын банк пластик картасында алыўшыларға ҳәр айда сол пенсия ямаса напақа пулының 1% муғдарында қосымша пул бериледи.

Бунда пенсия ҳәм напақа алыўшыға пластик картада төлеў тек ғана оның разылығы менен әмелге асырылады.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
15.0K views12:48
Ochish/sharhlash
2024-03-29 09:03:34 1-апрелден баслап…

Балалар напақасын ҳәм материаллық жәрдемди алыў ушын арзаны my.gov.uz сайты арқалы тапсырыў имканы жаратылады – Толық мағлыўмат

«Мусор»дан қарызы бар пуқара машинасын ҳәм жайын сата алмайды - Толық мағлыўмат

Исбилерменлерге субсидия, жениллик ҳәм преференциялар олардың рейтинг дәрежесинен келип шығып қолланылады – Толық мағлыўмат

Бензин, метан, пропан ҳәм дизель жанылғысы баҳалары қымбатлаўы күтилмекте – Толық мағлыўмат

Нөкистен Бухара, Самарқанд, Үргениш, Ферғана ҳәм Мойнаққа самолёт қойылады – Толық мағлыўмат

«Жөргек пулы» екинши ҳәм оннан кейинги балалар ушын берилмейди – Толық мағлыўмат

Жалғыз кекселерге жылына бир мәрте бийпул поездда жүриў ҳуқықы бериледи – Толық мағлыўмат

Мопед ҳәм скутерлер ушын айрықша «номер», яғный айрықша дизимге алыў мәмлекетлик белгиси берилиўи усыныс етилмекте – Толық мағлыўмат

Истанбул-Нөкис-Ташкент, Самарқанд-Нөкис-Истанбул бағдарлары бойынша самолётлар жолға қойылады – Толық мағлыўмат

Шығынды ушын төлем 12% ке көтерилиўи күтилмекте – Толық мағлыўмат

Қосымша қун салығы (ҚҚС) бойынша айырым жеңилликлер бийкар етиледи – Толық мағлыўмат

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
19.6K viewsedited  06:03
Ochish/sharhlash
2024-03-29 07:21:26
Апрелде 10 күнге шекем дем алыс берилиўи күтилмекте

Киятырған айда Рамазан ҳайыты мүнәсибети менен 3 күнлик дем алыс белгиленген.

Сол себепли ҳәптеде 5 күн ислейтуғынлар айдың үштен биринде дем алыўы күтилмекте. Ҳәптеде 6 күн ислейтуғынлар болса 7 күн дем алады.

*Ҳайыттың дәслепки күни Ай көринисине қарай бир күнге жылысыўы мүмкин.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
12.6K views04:21
Ochish/sharhlash
2024-03-28 12:16:09 Жумыс бериўши айлықты кешиктирген ҳәр бир күн ушын хызметкерге компенсация төлейди

Мийнет кодексиниң 253-статьясына бола, хызметкерлерге ис ҳақыны төлеў мүддетлери жәмийетлик шәртнамада, ишки ҳүжжетте ямаса мийнет шәртнамасында анық сәне менен көрсетиледи ҳәм ҳәр ярым айда бир мәртеден кем болмаўы тийис.

Ис ҳақыны төлеў сәнеси дем алыс ямаса байрам күнине туўры келип қалса, ис ҳақы усы күннен бир күн алдын төлениўи керек.

Хызметкерлердиң ис ҳақысын төлеў сәнеси ҳәм муғдары кәрхананың басқа қәрежетлерине байланыслы етип қойылмаўы керек.

Кодекстиң 333-статьясына тийкар, жумыс бериўши ис ҳақыны ҳәм басқа төлемлерди төлеў мүддетин бузған жағдайда ҳәр бир кешиктирилген күн ушын пуллы компенсация төлеўи шәрт. Бунда компенсация ис ҳақының кешиктирилиўинде жумыс бериўшиниң айыбы бар ямаса жоқ екенлигине қарамастан төленеди.

Кешиктирилген күнлер ушын пуллы компенсация Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң тийкарғы ставкасының (14%) 1/10 бөлеги муғдарында белгиленеди.

Бул компенсация муғдары кәрхананың ишки ҳүжжетлеринде ямаса мийнет шәртнамасында көбирек етип белгилениўи мүмкин.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
12.8K views09:16
Ochish/sharhlash
2024-03-28 07:53:06 Кем тәмийинленген шаңараққа қандай жеңилликлер бериледи?

Кем тәмийинленген шаңараққа ҳәм оның ағзаларына төмендеги жеңилликлер бериледи:

Мәмлекетлик бақшаларда төлемнен азат етиледи.

Мектепте оқыйтуғын балалары ушын қысқы кийим бериледи.

Айырым пәнлерди оқытыўға қәнигелестирилген мектеплерде аўқатланыў ушын төлемнен азат етиледи.

Көркем-өнер мектеплери, музыка мектеплери, «Баркамол авлод» орайлары ҳәм басқа мектептен тыс билимлендириў мәкемелеринде (дөгереклерде) оқыў төлемлеринен азат етиледи.

Майыплығы болған шаңарақ ағзалары протез – ортопедия өнимлери менен биринши нәўбетте (үстинлик тийкарында) тәмийинленеди.

Қәнигелестирилген медициналық мәкемелеринде бийпул арнаўлы (амбулаторлық ямаса күндизги) медициналық жәрдем көрсетиў бойынша жолланба (ордер) бериледи.

Сатып алған айырым товарлардың баҳасының 12% (чекинде ҚҚС (НДС) деп жазылған пул суммасы) ҳәр ай ақырында қайтарып бериледи.

Мәлимлеме технологиялары тараўында оқып атырған балаларына берилген кредитлер ушын гиреў ҳәм кепиллик талап етилмейди.

2025-жыл 1-январьға шекем үйинде қол мийнети менен шуғылланып атырған жумыссыз ҳәм жумыс излеп атырған пуқараларға әсбап-үскене ҳәм шийки зат сатып алыўы ушын базалық есаплаў муғдарының 30 есесине шекем муғдарда бир мәртелик субсидия бериледи (базалық есаплаў муғдары 340 000 сум).

Дизим және даўам еттириледи.

Постты жақынларыңызға тарқатың.


Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
12.7K viewsedited  04:53
Ochish/sharhlash
2024-03-27 20:06:27
Ертең Нөкис қаласы ҳәм 5 районның айырым аймақларында ишимлик суўы 3 саатқа тоқтатылады

“Карвасарный” жәржемши станциясында “Аймақлық электр тармақлары” АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы тәрепинен оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы 2024-жыл 28-март күни саат 10:00 ден 13:00 аралығында төмендеги районлар аймақларында ишимлик суўын жеткерип бериў ўақытша тоқтатылады:

Кегейли;
Шымбай;
Қараөзек;
Тахтакөпир;

Нөкис районының “Тақыркөл”, “Дийқан арна” АПЖлары;
Нөкис қаласының “Алланияз Қаҳарман”, “Шымбай гүзары”, “Ботаника бағы”, “Ата мәкан”, “Дослық гүзары”, “Қутлы мәкан”, “Қутлы қоныс”, “Қум аўыл”, “Жолшылар”, “Таслақ”, “Шығыс”, “Шымбай шайхана”, “Айдын жол”, “Хаўа жоллары” МПЖлары.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
22.9K viewsedited  17:06
Ochish/sharhlash