Get Mystery Box with random crypto!

1-майдан баслап пуқараның пластигинде қалған 525 000 сум пулын | XALÍQ USHÍN ⚖️

1-майдан баслап пуқараның пластигинде қалған 525 000 сум пулын қарыздарлықты өндириў ушын шешип алыў қадаған етилди

Президенттиң 03.01.2024-жылдағы ПП–1-санлы Пәрманы менен 2024-жыл 1-майдан баслап пуқаралардан қарыздарлығы ушын өндириў қаратылыўы мүмкин болмаған ең кем кепилленген дәрамат муғдары мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 50% (ҳәзирги күнде 525 000 сум) етип белгиленди.

Пәрманға көре, егер пуқараның банк есап бетинде яки банк пластик картасынде 525000 ҳәм оннан аз пул қалған болса, оннан орынлаў ҳүжжетлери бойынша қарыздарлықты өндириў қадаған етилди.

Яғный, қарызы бар пуқараның пластик картасында ямаса банктағы есап бетинде 1 млн сум пулы болса, Мәжбүрий орынлаў бюросы сол пулдың тек 475 мың сумын қарызы ушын өндирип алыўы мүмкин, қалған 525 мың сумды шешип алыўға ҳақылы емес.

Бул қағыйда 2024-жыл 1-майдан баслап күшке киреди.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin