Get Mystery Box with random crypto!

Ертеңнен баслап автотранспортты дизимнен өткериў 68 есеге қымб | XALÍQ USHÍN ⚖️

Ертеңнен баслап автотранспортты дизимнен өткериў 68 есеге қымбатлайды

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң 31.03.2024-жылдағы буйрығы менен автомототранспорт қуралларын дизимнен өткериў ҳәм қайта дизимнен өткериў ушын төлемлер қымбатлады.

Жаңа тарифлерге көре, 1-апрелден баслап:

электромобиллер, мототранспорт (мотоцикл ҳ.т.б.) ҳәм прицеплерди дизимнен (қайта дизимнен) өткериў ушын төлемлер 15 есеге асырылып, 510 мың сумды қурайды (ҳәзир 34 мың сум);

басқа автотранспорт қуралларын дизимнен (қайта дизимнен) өткериу ушын төлем 68,4 мәрте асырылып, 2,32 млн сумды қурайды (ҳәзир 340 мың сум).

Демек, ертеңнен баслап машина сатып алған адамлардың “расходы” 68 есеге көбейеди.

Постты жақынларыңызға тарқатың.


Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin