Get Mystery Box with random crypto!

XALÍQ USHÍN ⚖️

Kanal manzili: @xaliq_ushin
Toifalar: Qarzlar, soliqlar va qonunlar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 34.56K
Kanalning ta’rifi

Соңғы нызамлар, қарарлар, ҳуқық тараўына байланыслы жаңалықлар
Хабарласыў: @Mr_Velikolepniy
Канал 2020-жыл 10-апрелде жумыс баслады.

Ratings & Reviews

4.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar 12

2024-04-13 09:02:19 Сизлер ушын кредитлер ҳәм банклер ҳаққындағы пайдалы мағлыўматлар топламы!

Мағлыўматты толық оқыў ушын сол текст үстине басың!

Кредит калькуляторы;
33 млн сумлық жеңиллетилген кредитти нақ пулда алыўға руқсат бериўши Президент қарары қабыл етилди
Тәлим кредитин алыў тәртиби
Банклардағы вакансиялар (бос жумыс орынлары) бойынша каналлары;
Банклардың Телеграмдағы рәсмий каналлары;
Банктан кредит алған пуқара сырт елге шыға алама?;
Жумыс орнын жаратқан исбилерменге кредит төменирек проценттен бериледи
Кредитти аннуитет усылда төлеген пайдалыма яки дифференциал?;
Турақ жайды «ремонт»лаў ушын қайсы банклер кредит ажыратып атыр?
Кредитке алынған жайды 3 жылдың ишинде сатқан пуқарадан төлемеген салықлары толық өндирип алынады
Кредит тарийхы қанша ўақытта тазаланады?;
Процентсиз айына 50 млн сумнан артық пулды картадан картаға өткериўге болады
Банклардың телефон телефон номерлери;
"Мәҳәлле жетилиги"ниң усынысына тийкар 120 млн сумға шекем ипотека кредити бериледи
Телеграмдаги фойдали ботлар;
Кредитке алынған жайды кредити толық төленбей турып сатыўға болама?
«Больничный лист»ти онлайн алыў тәртиби;
Картадан кредит ҳәм басқа төлемлер ушын ийесиниң разылығысыз пул шешип алыныўы қатаң қадаған етилди
Мәмлекетлик хызметлерден онлайн пайдаланыў ушын пайдалы силтемелер.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
13.6K views06:02
Ochish/sharhlash
2024-04-13 07:21:32 Екинши жумыс орнынан да декрет пулы төлене ме?

Еки жерде жумыс ислеп атырған (совместитель) көпшилик хызметкерлерди мийнетке жарамсызлық ўақты ушын напақа ҳәм ҳәмиледарлық және туўыў напақалары төлениўи ҳаққындағы сораў қызықтырады.

Министрлер Кабинетиниң 2012-жыл 18-октябрдеги 297-санлы қарары менен билан тастыйықланған Режениң 18-19-бәнтлерине бола, еки жерде жумыс ислеўши хызметкерлер екинши жумыс орнынан ўақытша мийнетке жарамсызлық напақасын алыўға, ҳаяллар болса, ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақаларын алыў ҳуқықына ийе.

Буның ушын хызметкер емлениў орнынан ямаса туўыў үйинен берилген мийнетке жарамсызлық бетиниң (больничный лист) тастыйықланған нусқасын екинши жумыс орнына бериўи тийис.

Мийнетке жарамсызлық бетин бериў тәртиби ҳаққындағы көрсетпениң (дизим номери 2667, 17.04.2015-ж.) 19-бәнтине муўапық, еки жерде жумыс ислейтуғын хызметкерге екинши жумыс орнына бериўи ушын тийкарғы жумыс орнына берилетуғын мийнетке жарамсызлық бетиниң емлеўхана бөлим баслығы тәрепинен тастыйықланған нусқасы бериледи.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
12.6K views04:21
Ochish/sharhlash
2024-04-12 12:14:50 #қарақалпақтили
Ҳуқықый ҳүжжетлерде көп ушырасатуғын айырым өзбек тилиндеги терминлердиң қарақалпақ тилиндеги аўдармасы

○ Қонун – Нызам
○ Низом – Реже
○ Фармойиш – Бийлик
○ Модда – Статья
○ Чора-тадбир – Ис-илаж
○ Васийлик – Қәўендерлик
○ Ҳомийлик – Әменгерлик
○ Жиноят содир этиш – жынаят ислеў
○ Маъмурий – Ҳәкимшилик
○ Ҳудуд – Аймақ
○ Масъул – Жуўапкер
○ Тизим – Система
○ Дахлсизлик – Қол қатылмаслық
○ Имзо – Қолы
○ Муҳокама – Додалаў
○ Умуминсоний – Улыўма инсаныйлық
○ Фаолият – Жумыс, искерлик, хызмет
○ Фаровонлик – Абаданлық
○ Қонун устунлиги – Нызам үстемлиги
○ Ягона – Жалғыз, бирден бир
○ Манфаат – Мәп
○ Низо – Келиспеўшилик
○ Ватанпарвар – Ўатан сүйиўшилик
○ Маънавий – Руўхый
○ Муносабат – Қатнасық
○ Мажбурият – Миннетлеме
○ Ихтиёрий – Ықтыярлы
○ Ҳуқуқбузарлик – Ҳуқық бузыўшылық
○ Гумон қилинувчи – Гүман етилиўши
○ Айбланувчи – Айыпланыўшы
○ Қонунга ўзгартириш киритиш – Нызамға өзгерис киргизиў
○ Имтиёз – Жеңиллик
○ Шахсий – Жеке
○ Хусусий – Меншик
○ Оммавий – Ғалабалық
○ Кўриб чиқиш – Қарап шығыў
○ Илова – Қосымша
○ Ҳавола – Силтеме
○ Дастур – Бағдарлама
○ Номзод – Талабан
○ Рағбатлантириш – Хошаметлеў
○ Мукофот – Сыйлық
○ Маҳаллий – Жергиликли.

Тилимизге бийпарық болмайық!

Постты ҳүжжетлер менен ислесиўши жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
13.0K viewsedited  09:14
Ochish/sharhlash
2024-04-12 07:55:07 Бағша хызметкерлерине бир мәртелик пул бериледи

Бағшаларда хызметкерлердиң айлығына қосымша бир мәртелик ҳақы олардың ерискен нәтийжелеринен келип шығып ямаса төмендеги жағдайларда төленеди:

таңлаўларда қатнасқаны ушын:
район, Қарақалпақстан ямаса ўәлаят дәрежесиндеги нәтийжелери ушын - лаўазым окладының 15%не шекем;
Өзбекстан дәрежесиндеги нәтийжелери ушын - 20%ке шекем;

ойын принциплерине тийкарланған заманагөй сабақлар өткени ушын - лаўазым окладының 15% не шекем;

балалардың илим-пәнге қызығыўшылығын арттырыўға қосқан үлеси ушын - лаўазым окладының 20%не шекем.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
13.8K views04:55
Ochish/sharhlash
2024-04-10 14:16:01 Жумыссызлық напақасы кимлерге бериледи?

Жергиликли мийнет органы (биржа труда) тәрепинен жумыссыз деп тән алынған пуқаралар жумыссызлық напақасын алыўға ҳақлы.

Жумыссызлық напақасы пуқараның жасаў жеринде Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қоры тәрепинен ол жумыс излеўши ретинде дизимге алынған күннен баслап есапланады ҳәм төленеди.

Жумыссызлық напақасы 12 айдың ишинде көби менен 26 календарь ҳәпте даўамында төленеди. Бунда напақа усы айда алдынғы ай ушын төленеди.

Жумыссызлық напақасы төмендеги муғдарларда төленеди:

жумыстан ҳәм ис ҳақысынан ақырғы 12 ай ишинде айырылған пуқараларға – алдынғы жумыс орнындағы орташа айлық ис ҳақының 50% муғдарында төленеди. Бирақ бул сумма мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарынан (1 050 000 сумнан) аз болмаўы ҳәм сол гездеги Өзбекстан бойынша орташа айлық ис ҳақы муғдарынан (4 млн. сум әтирапында) көп болмаўы керек.
Әскерий хызметтен, ишки ислер органларынан, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметинен, Миллий гвардия органларынан ҳәм басқа әскерий хызмет нәзерде тутылған мәкемелерден босатылған пуқаралар да усы муғдарда жумыссызлық напақасын алыўы мүмкин.

жумыстан және ис ҳақысынан айырылған ҳәм бир жылдан артық тәнепистен кейин жумысқа орналасыўға ҳәрекет етип атырған пуқараларға – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының бир есеси (1 050 000 сум) муғдарында төленеди;

алдын жумыс ислемеген ҳәм биринши мәрте жумыс излеп атырған пуқараларға – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының кеминде 75% муғдарында (787 500 сум) төленеди.

Егер жумыссыз пуқара кеселленсе, напақаны оның жақын туўысқанлары (ата-анасы, өмирлик жолдасы, ер жеткен балалары) ямаса исеним хат арқалы басқа шахслар алыўы мүмкин.

Жумыссызлық напақасын алыў дәуиринде пуқара жумыс излеўи ҳәм жумысқа орналасыў ушын жолламаны ямаса кәсипке таярлаў, қайта таярлаў яки маманлығын арттырыўға жолламаны алыў ушын ҳәр еки ҳәптеде бир мәрте жергиликли мийнет уйымына барып турыўы керек. Бул талаплар кеширимли себеплерсиз орынланбаған жағдайда напақа 3 айға шекемги мүддетге тоқтатылыў ямаса напақаның муғдары кемейтирилиўи мүмкин.

Жумыссызлық напақасынан дәрамат салығы өндирилмейди.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
12.8K views11:16
Ochish/sharhlash
2024-04-10 05:29:50
Рамазан Ҳайытыңыз мүбәрек болсын Ўатанласлар!

Хүрметли ҳәм әзийз ўатанласлар, Сизлерди бүгинги “РАМАЗАН ҲАЙЫТЫ” байрамы бенен қутлықлаймыз.

Сизге ҳәм шаңарағыңызға ден-саўлық, тынышлық, еки дүнья жақсылығы тилеймиз.

Ана Ўатанымыз тыныш, аспанымыз ҳәмме ўақыт ашық, сууымыз мол, дәстурқанымыз берекетли болсын!

Байрамды жақынларыңыз бенен қуўаныш, кеўил-хошлық пенен өткизиўиңизге тилеклеспиз!

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
17.7K views02:29
Ochish/sharhlash
2024-04-09 14:09:54
Ертең саат 04-00ден 10-00ге шекем барлық жәмийетлик транспортлар халыққа бийпул хызмет көрсетеди

Министрлер Кабинети тәрепинен Рамазан Ҳайытын өткериўге арналған жыйналыста Рамазан Ҳайыты байрамының биринши күни, яғный 10-апрель күни республикадағы барлық жәмийетлик транспорт қураллары саат 04:00ден 10:00 ге шекем халыққа бийпул хызмет көрсетиўи белгиленди.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
22.6K views11:09
Ochish/sharhlash
2024-04-09 06:32:15 Енди балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем автомат түрде тоқтатылғанда қайта тайынлаўға берилген арза 6 айға шекем қарап шығылмайды

Министрлер Кабинетиниң 21.10.2021-жылдағы 654-санлы қарарына киргизилген жаңа өзгерислерге көре, 2024-жыл 1-марттан баслап балалар напақасы яки материаллық жәрдем алып атырған шаңарақтың материаллық жағдайы үйме үй жүрип үйрениледи.

Үйрениў мәканком баслығы, ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, жаслар жетекшиси ҳәм “Инсан” орайының социаллық хызметкерлери тәрепинен өткерилип, акт дүзиледи.

Акттеги мағлыўматлар “Социаллық қорғаў бирден бир” реестри системасына киргизиледи ҳәм система тәрепинен напақа яки материаллық жәрдемди төлеўди даўам еттириў ямаса тоқтатыў ҳаққында қарар қабыл етиледи.

Егер шаңарақты үйрениў даўамында төмендегилер анықланса, онда “Социаллық қорғаў бирден бир” реестри системасы тәрепинен напақаны яки материаллық жәрдемди төлеў автомат түрде тоқтатылады:

шаңарақ ағзаларында дәрамат алып келиўши бир яки оннан артық турақ емес жайы бар екенлиги;

шаңарақ ағзалары меншигинде ямаса пайдаланыўында (исеним хат бойынша) ислеп шығарылғанына 12 жылдан көп болмаған жеңил автотранспорт, 15 жылдан аспаған жүк машинасы, автобус, микроавтобус, экскаватор, трактор, комбайн, тиркемелер, автокран хәм басқа қурылыс техникасын, сондай-ак, барлығы болып еки ҳәм оннан артық усындай транспорт қураллары хәм техникалары бар екенлиги;

шаңарақта Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги, Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Миллий гвардия, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Бажыхана комитети, Қорғаныў министрлиги жанындағы Қорғаныў санааты агентлиги ҳәм олардың системасындағы шөлкемлердиң хызметкерлери яки олардың ери (зайыбы), балалары, сондай-ақ пенсионерлери бар екенлиги;

шаңарақ судьялар ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының пенсия тәмийнаты шәртлери, нормалары ҳәм тәртиби ҳаққындағы режеге тийкар пенсиялар менен тәмийинленгени анықланса.

Жоқарыдағы тийкарлар бойынша напақаны яки материаллық жәрдемди төлеў тоқтатылған болса, оны қайта төлеў бойынша арзалар 6 ай даўамында қарап шығылмайды. Яғный, бул шаңарақ 6 айға шекем напақа яки материаллық жәрдемге арза бере алмайды.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
18.1K views03:32
Ochish/sharhlash
2024-04-08 13:12:46 Әҳмийетли санлар:

Ҳәзирги күнде Өзбекстанда:

мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары – 1050000 сум;

базалық есаплаў муғдары – 340000 сум;

пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – 372000 сум;

жасқа байланыслы ең кем пенсия – 725000 сум;

майыплық пенсиялары, стажы толық болмағанда майыплық пенсиясының ең кем муғдары – 800000 сум;

мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа – 800000 сум;

белгиленген жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдарынан (725000 сумнан) 800000 сумға шекем пенсия алыўшылардың жасқа байланыслы пенсиялары – 800000 сум;

зәрүр стажға ийе болмаған кекса жастағы пуқараларға берилетуғын напақа – 621000 сум;

стажы толық болмағанда жасқа байланыслы пенсияның ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – 621000 сум.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
15.6K views10:12
Ochish/sharhlash
2024-04-07 19:16:39 Сырт елге жумыс ислеўге баратырған пуқаралардың имтихан, виза ҳәм жол ҳақы қәрежетлери қаплап бериледи

Президенттиң 04.04.2024-жылдағы ПП-59-санлы Пәрманына бола, 2024-жыл 1-июннан баслап “Сырт елде жумыс” электрон бағдарламасы арқалы дизимнен өткен ҳәм шөлкемлестирилген мийнет миграциясына кетип баратырған пуқараларға:

шет тили ҳәм кәсиплик имтиханларын тапсырыў қәрежетлерин қаплаў ушын БЕМның 3 есесине (1 млн 20 мың сумға) шекем (егер имтиханнан өтип, сертификат алса);

Жумысшы виза”ны алыў ушын БЕМның 5 есесине (1,7 млн сумға) шекем;

жол ҳақысы ушын БЕМның 2 есесине (680 мың сумға) шекем компенсация төленеди.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
14.1K views16:16
Ochish/sharhlash