Get Mystery Box with random crypto!

1-апрелден баслап Қарақалпақстанда «мусор» ушын төлем қымбатла | XALÍQ USHÍN ⚖️

1-апрелден баслап Қарақалпақстанда «мусор» ушын төлем қымбатлайды

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 29.03.2024-жылдағы 233-13-0-/24-санлы қарары менен Қарақалпақстан Республикасы аймағында қатты турмыслық шығындыларды топлаў ҳәм алып шығып кетиў хызмети ушын жаңа тарифлер муғдарлары тастыйықланған.

Оған көре хызмет ушын төлемлер:

пуқаралар ушын – 1 адамға бир айға – 4032 сум (ҚҚС менен);

юридикалық шахслар (мәкеме ҳәм шөлкемлер) ушын – 1м.куб шығынды ушын – 72 240 сум (ҚҚС менен).

Қарардың 7-бәнтине тийкар бул тарифлер 2024-жыл 1-апрелден күшке киреди.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin