Get Mystery Box with random crypto!

XALÍQ USHÍN ⚖️

Kanal manzili: @xaliq_ushin
Toifalar: Qarzlar, soliqlar va qonunlar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 32.64K
Kanalning ta’rifi

Соңғы нызамлар, қарарлар, ҳуқық тараўына байланыслы жаңалықлар
Хабарласыў: @Mr_Velikolepniy
Канал 2020-жыл 10-апрелде жумыс баслады.

Ratings & Reviews

4.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar 5

2024-04-20 09:17:55

"Не нормированный" жумыс ўақты инсан жүрегин шаршатады

Алымлардың анықлаўынша ең жақсы жумыс ўақты саат 09:00 – 18:00 аралығы екен. 18:00 ден кейин де отырып ислеўши хызметкерлердиң жүреги тез истен шығады, депрессияға түседи, мийи шаршайды.

Жақынларыңызға ҳәм жумыстағы Телеграм группаларға жиберип қойың, мине не ушын көпшилик жүрек кеселлигенен «кетип атыр» ...

Мағлыўмат ушын. Нызам бойынша нормал жумыс ўақты ҳәптесине 40 сааттан (күнине 7-8 сааттан) көп болмаў керек. Нызамды жазғанлар да ҳәммесин есапқа алған шығар.

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
13.1K viewsedited  06:17
Ochish/sharhlash
2024-04-19 18:55:18
1-майдан халық ушын белгиленген тарифлер бойынша электр энергиясы ҳәм тәбийий газге пул төлеўдиң тәртиби

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
13.2K views15:55
Ochish/sharhlash
2024-04-19 13:45:28
Паспорт яки ID-картаны "залог"қа алған шахсқа 5 млн сумға шекем жәрийма салынады

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 223-3-статьясына көре, паспортты ямаса ID-картаны нызамға қайшы түрде алып қойыў яки паспорт ямаса ID-картаны гиреўге (залог) алыў лаўазымлы шахсларға БЕМның 10 есесинен (3,4 млн сум) 15 есесине (5,1 млн сум) шекем жәрийма салыўға себеп болады.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
12.9K views10:45
Ochish/sharhlash
2024-04-19 07:50:48 Баслық кимлерди жумысқа алыўы шәрт?

Мийнет кодексиниң 119-статьясына бола, төмендеги жағдайлар нызамға қайшы түрде жумысқа қабылламаў деп есапланады:

мийнет ҳәм жумыс ислеўде кемситиўди қадаған етиў ҳаққындағы талапларды бузыў;

жумыс бериўши өзи жумысқа кириўди усыныс еткен пуқараны жумысқа қабылламаўы;

нызамға муўапық жумысқа алыныўы шәрт болған пуқараларды жумысқа алыўдан бас тартыў (жумыс орынларының белгиленген ең кем саны шеңберинде жумысқа жиберилген шахсларды, айрықша тийкарлар бойынша жумыстан босатылған шахсларды ҳ.т.б.);

ҳәмиледарлығы болғанлығы ямаса балалары бар екенлиги себепли жумысқа қабылламаў;

өзиниң ямаса жақын туўысқанларының судланғанлығы себепли жумысқа қабылламаў;

нызамшылықта белгиленген басқа жағдайларда.

Жумысқа қабыллаўдан бас тартылған жағдайда жумыс бериўши пуқараның талабына муўапық 3 күнниң ишинде оған жумысқа қабылламаўдың себеплерин көрсеткен ҳалда хат бериўи керек.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
13.5K views04:50
Ochish/sharhlash
2024-04-18 21:13:31 1-майдан баслап пуқараның пластигинде қалған 525 000 сум пулын қарыздарлықты өндириў ушын шешип алыў қадаған етилди

Президенттиң 03.01.2024-жылдағы ПП–1-санлы Пәрманы менен 2024-жыл 1-майдан баслап пуқаралардан қарыздарлығы ушын өндириў қаратылыўы мүмкин болмаған ең кем кепилленген дәрамат муғдары мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 50% (ҳәзирги күнде 525 000 сум) етип белгиленди.

Пәрманға көре, егер пуқараның банк есап бетинде яки банк пластик картасынде 525000 ҳәм оннан аз пул қалған болса, оннан орынлаў ҳүжжетлери бойынша қарыздарлықты өндириў қадаған етилди.

Яғный, қарызы бар пуқараның пластик картасында ямаса банктағы есап бетинде 1 млн сум пулы болса, Мәжбүрий орынлаў бюросы сол пулдың тек 475 мың сумын қарызы ушын өндирип алыўы мүмкин, қалған 525 мың сумды шешип алыўға ҳақылы емес.

Бул қағыйда 2024-жыл 1-майдан баслап күшке киреди.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
16.3K views18:13
Ochish/sharhlash
2024-04-18 19:24:15 Дәслепки жеңимпазымыз 500 МЫҢ СУМ ПУЛ ҳәм де «Telegram Premium» сыйлығын утып алды

  Сиз де Қарақалпақстанның ең үлкен телеграм каналлары бирге
( ) өткерип атырған таңлаўға қатнасып, 500 000 сум пул ҳәм «Telegram Premium» сыйлығын утып алыўыңыз мүмкин.

БУЛ УШЫН ТЕК 2 ТҮЙМЕНИ БАСЫЎ ЖЕТКИЛИКЛИ!
-------------------------------------
«КОНКУРСҚА ҚАТНАСЫЎ» түймесин басасыз;

Шыққан айнадан тек ғана "Добавить" (Add, Qo'shish) түймесин басасыз!
-------------------------------------
УСЫ 2 ШӘРТТИ ДУРЫС ОРЫНЛАҒАНЛАР ТАҢЛАЎЫМЫЗДЫҢ ҚАТНАСЫЎШЫСЫНА АЙЛАНАДЫ!

Таңлаўымыз жәми 6 турдан ибарат болады ҳәм 6 турда 6 инсан жеңимпаз болады;
2-тур жеңимпазы 19-апрель күни саат 20:00 де «TAŃLAW» каналында рандом арқалы анықланады.

Шәртлерди бириншилерден болып орынлағанлардың сыйлық утып алыў имканы көбирек болады! ҲӘММЕГЕ ӘЎМЕТ!

КОНКУРСҚА
ҚАТНАСЫЎ
14.5K views16:24
Ochish/sharhlash
2024-04-18 18:08:05 «Мәкан жетилиги» усынысы менен жер алған жаслар дәптерлерден шығарылмайды

Каналымыз ағзаларынан жақында қабыл етилген Президент қарары бойынша жасларға жер берилгенде сол жас дәптерден шығарлыўы яки шығарылмаўы бойынша сораўлар келип түспекте.

Президенттиң 05.04.2024-жылдағы ПҚ–153-санлы қарарына тийкар, дийқан хожалығын шөлкемлестириў ушын жоқарыдағы «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»ндеги жасларға «Мәкан жетилиги»ниң усынысы менен жеңиллетилген шәртлерде жер участкалары ижараға берилиўи белгиленген.

Усы Қарардың 1-бәнтине бола, жер участкаларын электрон онлайн аукцион арқалы ижараға алған жаслар «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»нен шығарылмайды ҳәм олар ушын нызамшылықта белгиленген барлық жеңилликлер сақлап қалынады.

Демек, усы тәртипте жер алған жаслар дәптерлерден шығарылмайды ҳәм дәптерге кирген жаслар ушын берилетуғын барлық жеңилликлерден пайдаланыўда даўам етебереди.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
14.8K views15:08
Ochish/sharhlash
2024-04-18 10:05:01 1-майдан балалар напақасын ҳәм материаллық жәрдемди алыў айырым шаңарақлар ушын аңсатласыўы күтилмекте

Ҳүкиметтиң 16.04.2024-жылдағы 204-санлы қарары менен Статистика агентлигине 2024-жыл 1-майға шекем жанылғы-энергетика ресурслары баҳалары қымбатлаўын есапқа алған ҳалда минимал тутыныў қәрежетлери қунын қайта қарап шығыў ҳәм жәриялаў ўазыйпасы тапсырылған.

Яғный, 1-майға шекем минимал тутыныў қәрежетлери қуны (ҳәзир 621000 сум) көбейеди.

Кем тәмийинленген шаңараққа балалар напақасын ямаса материаллық жәрдемди тайынлаўда талаплардан бири бул – усы шаңарақтың ҳәр бир ағзасына туўры келетуғын орташа дәрамат минимал тутыныў қәрежетлери қунынан (ҳәзир 621000 сум) артық болмаўы керек.

Демек, минимал тутыныў қәрежетлери муғдары көбейсе, алдын дәраматы 621 мың сумнан артып кеткенлиги себепли напақа (материаллық жәрдем) ала алмай жүрген айырым шаңаракларға напақа яки материаллық жәрдем алыў имканы пайда болады.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
16.4K views07:05
Ochish/sharhlash
2024-04-17 21:16:32 Тәбийий климат шараяты аўыр районларда ислеўшилерге 30% ке шекем үстеме ҳәм 3 жумыс күнине шекем қосымша мийнет дем алысы бериледи

Министрлер Кабинетиниң 06.09.2019-жылдағы 743-санлы қарарына тийкар, тәбийий климат ҳәм турмыслық шараятлары аўыр ҳәм қолайсыз болған жерлерде ислегени ушын хызметкерлерге төмендеги муғдарларда ис ҳақысына қосымша район коэффициенти (үстеме) қолланылады ҳәм қосымша мийнет дем алыслары бериледи:

Мойнақ (соның ишинде, Мойнақ қаласы) ҳәм Қоңырат районлары (Қоңырат қаласынан басқа) ислеўши хызметкерлерге – айлығына 30% лик үстеме ҳәм 3 жумыс күнлик қосымша мийнет дем алысы;

Қараөзек, Кегейли, Қанлыкөл, Нөкис, Тахтакөпир, Шымбай, Шоманай районлары, Қоңырат қаласында ислеўши хызметкерлерге – айлығына 20% лик үстеме ҳәм 2 жумыс күнлик қосымша мийнет дем алысы;

Тақыятас ҳәм Хожели районларында ислеўши хызметкерлерге – айлығына 15% лик үстеме ҳәм 1 жумыс күнлик қосымша мийнет дем алысы;

Беруний, Төрткүл, Елликқала районлары (олардың орайларынан басқа), Нөкис қаласында ислеўши хызметкерлерге – айлығына 10% лик үстеме ҳәм 1 жумыс күнлик қосымша мийнет дем алысы.

Бунда:

үстеме мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының (МҲТЕКМ) 1,4 есесинен (1 млн 470 мың сум) көп болмаған айлық суммасынан келип шығып есапланады.

Яғный, егер хызметкердиң айлығы МҲТЕКМның 1,4 есесинен көп болса, оның айлығына үстеме МҲТЕКМның 1,4 есесинен келип шығып белгиленеди, ал егер, аз болса, хызметкердиң айлығының муғдарынан келип шығып есапланады.

Хызметкерлерге берилетуғын қосымша мийнет дем алысларын қосқанда улыўма мийнет дем алысы мүддети 48 жумыс күнинен артық болмаўы керек.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
13.0K views18:16
Ochish/sharhlash
2024-04-17 15:10:54


Тәрбиясы жақсы ҳәм өзине исеними жоқары лидер баланы тәрбиялаўдың сырларын билесиз бе? Олар жүдә әпиўайы!

Ол сырлар ҳаққында билиў ушын төмендеги түймени басып кириң!

БАЛА ТӘРБИЯСЫ СЫРЛАРЫ
13.1K viewsedited  12:10
Ochish/sharhlash