Get Mystery Box with random crypto!

XALÍQ USHÍN ⚖️

Kanal manzili: @xaliq_ushin
Toifalar: Qarzlar, soliqlar va qonunlar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 32.64K
Kanalning ta’rifi

Соңғы нызамлар, қарарлар, ҳуқық тараўына байланыслы жаңалықлар
Хабарласыў: @Mr_Velikolepniy
Канал 2020-жыл 10-апрелде жумыс баслады.

Ratings & Reviews

4.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar 3

2024-04-30 16:56:11
1-июннан баслап бағша төлемлери көтериледи

Министрлер Кабинетиниң 29.04.2024-жылдағы 246-санлы қарары менен мәмлекетлик мектепке шекемги шөлкемлеринде балалардың тәмийнаты ушын белгиленген төлемлердиң таза муғдарлары тастыйықланды.

Оған көре, бағша төлемлери еки басқышта, яғный биринши басқышта – 2024-жыл 1-июннан, екинши басқышта – 2025-жыл 1-январдан қымбатлайды.

Яғный төлем муғдарлары 2024-жыл 1-июннан баслап Нөкис қаласындағы 9 саатлық бағшада айына 239 000 сум, районларда – 162 000 сум етип белгиленбекте. Ал 2025-жыл 1-январдан баслап бул муғдарлар Нөкис қаласында – 263 000 ҳәм районларда – 178 000 сум болады.

Төлемлердиң муғдарлары сүўретте толық көрсетилген.

Жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
16.8K views13:56
Ochish/sharhlash
2024-04-30 11:13:03 1-майдан балалар напақасын ҳәм материаллық жәрдемди алыў айырым шаңарақлар ушын аңсатласады

Ҳүкиметтиң 16.04.2024-жылдағы 204-санлы қарары менен Статистика агентлигине 2024-жыл 1-майға шекем жанылғы-энергетика ресурслары баҳалары қымбатлаўын есапқа алған ҳалда минимал тутыныў қәрежетлери қунын қайта қарап шығыў ҳәм жәриялаў ўазыйпасы тапсырылған.

Соған көре, 1-майдан баслап минимал тутыныў қәрежетлери қуны 648000 сум етип белгиленди.

Кем тәмийинленген шаңараққа балалар напақасын ямаса материаллық жәрдемди тайынлаўда талаплардан бири бул – усы шаңарақтың ҳәр бир ағзасына туўры келетуғын орташа дәрамат минимал тутыныў қәрежетлери қунынан (ҳәзир 621000 сум) артық болмаўы керек.

Демек, алдын дәраматы 621 мың сумнан артып кеткенлиги себепли напақа (материаллық жәрдем) ала алмай жүрген айырым шаңаракларға напақа яки материаллық жәрдем алыў имканы пайда болды.

Жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
20.8K views08:13
Ochish/sharhlash
2024-04-30 10:25:12
Барлық бюджет мәкемелер ҳәм жоқары оқыў орынлары хызметкерлериниң айлықлары толық пластикке өткерилиўи күтилмекте

Ҳүкиметтиң қарары жойбарына көре, барлық бюджет мәкемелери (сол қатарда қураллы күшлер де), жоқары оқыў орынлары ҳәм ири салық төлеўшилер хызметкерлерине айлық ис ҳақысын 100% банк пластик карталары арқалы берилиўи белгиленбекте.

Яғный, бул қарар қабыл етилсе, барлық бюджет мәкемелери (сол қатарда қураллы күшлер де), жоқары оқыў орынлары ҳәм ири салық төлеўшилерден ислеўши хызметкерлер нақ пулда айлық ала алмайды.

Қарар еле қабыл етилмеген. Егер қабыл етилсе, каналымызда толық мағлыўмат бериледи.

Жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың:
@Xaliq_ushin
12.7K views07:25
Ochish/sharhlash
2024-04-29 14:51:59 Бағыўшысын жоғалтқанларға компенсация қанша мүддет төленеди?

Бағыўшысын жоғалтқанларға
зыянды жумыс бериўши төмендеги мүддетлерде қаплап бериўи шәрт:

ер жетпеген шахсларға – 18 жасқа толғанға шекем;

18 жастан жоқары болған оқыўшыларға – күндизги оқыўын жуўмақлаўына шекем, бирақ 23 жасқа шекем;

55 жастан жоқары ҳаялларға ҳәм 60 жастан жоқары еркеклерге – өмирлик;

майыплығы болған шахсларға – майыплық мүддетине;

марҳумның қарамағында болған балалары, ақлықлары, аға-инилери ҳәм апа-сиңлилери күтими менен бәнт болған ата-анасынан бирине, ерине (зайыбына) ямаса басқа шаңарақ ағзасына – қарамағындағы шахслар 14 жасқа толғанға шекем.

Жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Биринши ҳуқықый каналға ағза болың:
@Xaliq_ushin
13.0K views11:51
Ochish/sharhlash
2024-04-29 09:36:44
«Массовое сокращение» болыўы күтилмекте

Президент Администрациясының хатында нызамшылыққа муўапық болмаған ҳәм бир бирин тәкирарлаўшы штатларды қысқартыўға Президенттен разылық алынғанлығы жазылған.

Алдын көпшилик тараўларда «сокращение»лер болыўы мүмкинлиги ҳаққында жазған едик. Усы мағлыўматларымыз дурыс болып шығажақ қусайды.

Жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Биринши ҳуқықый каналға ағза болың:
@Xaliq_ushin
14.6K viewsedited  06:36
Ochish/sharhlash
2024-04-28 13:01:55 Мүддети өткен паспортын 1 ай ишинде алмастырғанлар жәрийма төлемейди

Өзбекстан Республикасы пуқарасының биометрикалық паспорты ҳаққындағы режениң 11-бәнтине муўапық, пуқара төмендеги жағдайларда 1 айдың ишинде паспортын ID-картаға алмастырыўы керек:

паспортының мүддети таўсылғанда;
фамилиясы, аты, әкесиниң аты өзгергенде;
туўылған жылы ҳәм миллети өзгергенде.

Бирақ, паспортын усы бир ай ишинде алмастырмаған пуқараға 1 млн 20 мың сумға шекем жәрийма салыныўы мүмкин.

Паспортты ID-картаға алмастырыў ушын ишки ислер уйымына ямаса тийисли мәмлекетлик орайларына мүрәжат етиў керек. Арзаны my.gov.uz порталы арқалы да бериўге болады.

Жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
14.7K viewsedited  10:01
Ochish/sharhlash
2024-04-27 19:14:55 25 жыллық педагогикалық стажы бар педагогларға олардың маманлық категориясы аттестациядан өткерилместен бериледи

Министрлер Кабинетиниң 29.12.2023-жылдағы қарарына көре, педагогикалық жумысы бойынша 25 жыл ҳәм оннан көп стажға ийе болған ҳәм де пенсияға шығыўына 5 жыл қалған педагог кадрларға олардың ийелеп турған маманлық категориясы (лаўазымы) аттестациядан өткерилместен бериледи.

Аттестациядан өткерилместен маманлық категориясы берилетуғын педагоглардың толық дизими силтемедеги режениң 8-бәнтинде берилген: силтеме

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
13.5K views16:14
Ochish/sharhlash
2024-04-27 15:40:38 1-июннан баслап бағшалардың жоқары мағлыўматлы педагогларының айлығы көбейеди

Президенттиң 26.05.2023 -жылдағы ПП–79-санлы Пәрманына муўапық, 2024-жыл 1-июннан баслап мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жоқары мағлыўматлы педагог хызметкерлериниң базалық тариф ставкалары муғдарлары улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң (мектеплердиң) педагог хызметкерлериниң базалық тариф ставкасының әмелдеги муғдарларына теңлестириледи.

Яғный, 1-июннан баслап бақшалардағы жоқары мағлыўматлы тәрбияшылардың айлығы мектеп оқытыўшыларының айлығына теңлестириледи.

Жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
14.7K views12:40
Ochish/sharhlash
2024-04-27 15:16:27 “Контракт”ты айлықтан төлегенлер дәрамат салығынан азат етиледи

Пуқараның өзиниң, перзентлериниң ямаса өмирлик жолдасының кәсип-өнер мектеби, колледж, техникум ҳәм жоқары оқыў орынларында билим алыўы (төлемли контракт тийкарындағы оқыўы) ушын төленген пулы дәрамат салығынан азат етиледи.

Бул Салық кодексиниң 378-статьясында белгиленген.

Пуқараларға салық жеңиллиги оқыў ушын төлемлерди төмендегилердиң есабынан төлегенде ғана бериледи:

өзиниң пуллары;

билимлендириў кредити (процентлери менен);

юридикалық шахслар тәрепинен қайтарып бериў шәрти менен берилген пуллар (ссудалар).

Бирақ, юридикалық шахс (фирма) тәрепинен пуқараның билим алыўы ушын оқыў орынлары менен тиккелей дүзилген шәртнамалар бойынша пуллы-контракт тийкарында өткерилетуғын, усы юридикалық шахстың қәрежети болған пуллар суммасына салық жеңиллиги қолланылмайды.

Мәселен, бир фирма оқыў орны менен шәртнама дүзип белгили бир пуқараның контракт төлеми ушын туўрыдан туўры оқыў орнының есап бетине пул өткерсе, ол фирмаға салық жеңиллиги қолланылмайды.

Контрактты айлықтан төлегенде бухгалтерия арқалы туўрыдан туўры өткерип дәрамат салығынан азат болыў мүмкин.

Ал егер контракт пулын пуқараның басқа дәраматынан оқыў орны есап бетине пул өткериў арқалы төлегенде салық жеңиллиги жыллық дәрамат ҳаққындағы декларацияны тапсырған жағдайда бериледи.

Жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
12.6K views12:16
Ochish/sharhlash
2024-04-26 17:02:41 Кешки ҳәм сыртқы тәлимде оқып атырғанларға қосымша дем алыс ҳәм пуллы компенсация бериледи

Мийнет кодексиниң
385-статьясына муўапық, жоқары оқыў орынларында (ЖОО), техникум ямаса колледжлерде кешки ямаса сыртқы тәлимде оқып атырған жумыс ислеўши студентлерге лаборатория-имтихан сессияларында қатнасыў ушын төмендеги мүддетлерде оқыў дем алыслары бериледи:

ЖООда кешки тәлимде оқып атырған 1-2-курс студентлерине – кеминде 20 күн, техникум ямаса колледжде оқыўшыларға – кеминде 10 күн, ЖОО, техникум ямаса колледжде сыртқы тәлимде оқыўшыларға – кеминде 30 күн;

ЖООда кешки тәлимде 3-4-курста ямаса оннан жоқары курсларда оқыўшыларғакеминде 30 күн, техникум ямаса колледжде оқыўшыларға – кеминде 20 күн, ЖОО, техникум ямаса колледжде сыртқы тәлимде оқыўшыларға – кеминде 40 күн.

Бунда:

дем алыс дәўири ушын орташа айлық ис ҳақы сақланады;

сессия ўақтында оқыў орнына барып келиўи ушын ҳәм мәмлекетлик аттестациядан өтиў ўақтында бир мәрте жол ҳақысының кеминде ярымын қаплап бериледи.

Хызметкер бундай оқыў дем алысынан пайдаланған жағдайда да тийкарғы мийнет дем алысынан ҳеш қандай тосқынлықсыз пайдаланады.

Бул қосымша дем алыс ҳәм компенсация хызметкер биринши мәрте сол дәрежедеги (жоқары яки орта арнаўлы) мағлыўматты алыў ушын оқып атырган болса бериледи. Яғный, хызметкердиң жоқары яки орта арнаўлы мағлыуматы болмаса ҳәм сондай мағлыуматты алыў ушын оқып атырған болса, жоқарыдағы жеңилликлерден пайдаланыўы мүмкин.

Жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
12.6K views14:02
Ochish/sharhlash