Get Mystery Box with random crypto!

1-майдан балалар напақасын ҳәм материаллық жәрдемди алыў айыры | XALÍQ USHÍN ⚖️

1-майдан балалар напақасын ҳәм материаллық жәрдемди алыў айырым шаңарақлар ушын аңсатласады

Ҳүкиметтиң 16.04.2024-жылдағы 204-санлы қарары менен Статистика агентлигине 2024-жыл 1-майға шекем жанылғы-энергетика ресурслары баҳалары қымбатлаўын есапқа алған ҳалда минимал тутыныў қәрежетлери қунын қайта қарап шығыў ҳәм жәриялаў ўазыйпасы тапсырылған.

Соған көре, 1-майдан баслап минимал тутыныў қәрежетлери қуны 648000 сум етип белгиленди.

Кем тәмийинленген шаңараққа балалар напақасын ямаса материаллық жәрдемди тайынлаўда талаплардан бири бул – усы шаңарақтың ҳәр бир ағзасына туўры келетуғын орташа дәрамат минимал тутыныў қәрежетлери қунынан (ҳәзир 621000 сум) артық болмаўы керек.

Демек, алдын дәраматы 621 мың сумнан артып кеткенлиги себепли напақа (материаллық жәрдем) ала алмай жүрген айырым шаңаракларға напақа яки материаллық жәрдем алыў имканы пайда болды.

Жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin