Get Mystery Box with random crypto!

XALÍQ USHÍN ⚖️

Kanal manzili: @xaliq_ushin
Toifalar: Qarzlar, soliqlar va qonunlar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 32.64K
Kanalning ta’rifi

Соңғы нызамлар, қарарлар, ҳуқық тараўына байланыслы жаңалықлар
Хабарласыў: @Mr_Velikolepniy
Канал 2020-жыл 10-апрелде жумыс баслады.

Ratings & Reviews

4.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar 2

2024-05-05 12:17:59 Пуқараның пластигине бир айда 170 млн сумнан зыят пул түскенде банк бул хаққында Прокуратура департаментине хабар береди

Нызамшылыққа көре, пуқараның банк картасына бир ўақытта ямаса көп мәрте 30 күннен артық болмаған ўақыт даўамында БЕМның 500 есесине (170 млн сум) тең ямаса оннан артық пул бир яки бир неше банк карталарынан ямаса электрон кошелёктан келип түскенде бул гүманлы операциялар деп есапланады.

Хүкиметтиң 29.06.2021-жылдағы 402-санлы қарарына тийкар, бундай операциялар хаққындағы мағлыўмат банктың Ишки қадағалаў хызмети тәрепинен Прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментине бериледи.

Жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың:
@Xaliq_ushin
12.6K views09:17
Ochish/sharhlash
2024-05-04 16:39:48
«ЖЭК»тен қарызы бар пуқараларға «свет» берилмеўи мүмкин

Президенттиң 15.08.2023-жылдағы ПҚ-278-санлы қарарына тийкар, Наўайы қаласында эксперимент ретинде көп квартиралы жайдың улыўма мал-мүлкин сақлау, оннан пайдаланыў және оны оңлаў ҳәм көп квартиралы жайға иргелес жер участкасын абаданластырыў ушын мәжбүрий төлемлерден қарызы бар квартира ийелерин электр тармағынан өшириў тәртибин ислеп шығыў тапсырылған.

Яғный, бул тәртип көп квартиралы жайларға (домларға) хызмет көрсетиўши компанияларға (бурынғы ЖЭКлер) төленетуғын «квартплата»дан қарызы бар квартира ийелерин электр энергиясынан өширип қойыўды нәзерде тутады.

Өзбекстан Коммунал хожалық министрлигиниң мағлыўматына қарағанда бул тәртип ислеп шығылып, тастыйықланыўы күтилип атыр.

Бул тәртип биринши эксперимент ретинде Наўайы қаласында өткерилип, егер жақсы нәтийже берсе басқа аймақларға да қолланылыўы мүмкин. Бирақ, Президенттиң қарарында бул ҳаққында анық норма жоқ.

Мағлыўмат ушын. «Мусор»дан қарызы бар пуқаралар қарызын толық төлемегенше «свет»сиз отырады – Толық оқыў

Жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
13.9K viewsedited  13:39
Ochish/sharhlash
2024-05-04 08:49:27
3-майдан баслап автотранспортты қайта дизимнен өткериў ушын төлем 68 есеге арзанлады

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң 02.05.2024-жылдағы 222-санлы буйрығына тийкар, 3-майдан баслап төмердегилерди қайта дизимнен өткериў ушын төлем БЕМның 10% (34000 мың сум) етип белгиленди:

- барлық автотранспорт қуралларын;

- электромобиллер, мототранспорт қураллары ҳәм автотранспорт қуралларының тиркемелерин (прицеп).

Алдын 1-апрелден баслап күшке кирген дизимнен ҳәм қайта дизимнен өткериў ушын төлемлер муғдарлары барлық автотранспорт қураллары ушын БЕМның 6.84 есеси (2.3 млн сум), ал электромобиллер, мототранспорт қураллары ҳәм автотранспорт қуралларының тиркемелерин (прицеп) ушын БЕМның 1.5 есеси (510 мың сум) етип белгиленген еди.

Cүўретте бүгинги күнде әмелде болған автотранспорт қуралларын дизимнен ҳәм қайта дизимнен өткериў ушын төлемлер муғдарлары.

Жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
15.6K viewsedited  05:49
Ochish/sharhlash
2024-05-03 10:20:41 2024-жылы Қарақалпақстанда неше пуқараға турақ жай субсидиясы ажыратылады?

Президенттиң 30.04.2024-жылдағы ПП-70-санлы Пәрманы менен 2024-жылы Қарақалпақстан Республикасында жасаўшы турақ жай шараятлын жақсылаўға мүтәж пуқараларға ажыратылатуғын субсидия муғдары тастыйықланған.

Оған көре 2024-жылы Қарақалпақстан Республикасында ипотека кредитлери бойынша 1340 шаңараққа 75,2 млрд сум турақ жай субсидиясы ажыратылыўы жобаластырылған.

Соның 840 данасы (33,5 млрд сум) квартира сатып алыў ушын, ал 500 данасы (10,5 млрд сум) жер жай қурыў, реконструкция қылыў ҳәм оңлаў ушын ажыратылады.

Сондай-ақ, усы қаржылардан 2020-2023-жыллары ипотека кредитлерин алған 1586 пуқараға субсидия бериўге 31,1 млрд сум ажыратылады.

Субсидия бойынша мәмлекет тәрепинен төленетуғын пуллар муғдарлары менен мына пост арқалы танысып алың.

Жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
14.1K views07:20
Ochish/sharhlash
2024-05-03 07:38:04 Айырым пуқараларға турақ жай қурыў ҳәм оңлаў ушын 120 млн сумға шекем жеңиллетилген кредит бериледи

Президенттиң Пәрманына бола, 2024-жыл 1-июннан баслап «Мәкан жетилиги» усынысы тийкарында Кәмбағаллықтан шығарыў бағдарламасына киргизилген ҳәм үй-жай шараятын жақсылаўға мүтәж болған пуқараларға мәмлекет есабынан ипотека кредитлерин ажыратыў жолға қойылады.

Кредит 120 млн сумға шекем, 20 жыллық мүддетке Орайлық банктың тийкарғы ставкасынан 4% жоқары болған ставкада (ҳәзирги күнде 18% болады) жер жай қурыў, реконструкция қылыў ҳәм оңлаў мақсетлери ушын ажыратылады.

Мәмлекет тәрепинен кредит алған пуқараға басланғыш төлемин қаплаў ушын алынған кредит муғдарының 15% муғдарында ҳәм процентлериниң бир бөлегин қаплаў ушын кредит мүддетиниң биринши 5 жыллы даўамында 12% тен артық бөлегине субсидия бериледи.

Жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
16.2K views04:38
Ochish/sharhlash
2024-05-02 17:35:13 Турақ жай субсидиясы ушын арзалар 15-майдан қабыллап басланады

Президенттиң 30.04.2024-жылдағы ПП-70-санлы Пәрманына тийкар:

Турақ жай сатып алыў ҳәм қурыў ушын субсидия ажыратыў бойынша арзалар 2024-жыл 15-майдан 1-ноябрге шекем қабылланады;

2024-жылы субсидия кредиттиң процентиниң 14%нен артық бөлегин, басланғыш төлемниң 30 млн сумлық бөлегин қаплаўға ажыратылады.

Қосымша мағлыўмат:
Субсидия кимлерге бериледи? Толық оқыў

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
13.7K views14:35
Ochish/sharhlash
2024-05-02 13:10:27 Өзин өзи бәнт еткен шахстың айлығы неше сум деп есапланады?

Пуқарадан сораў: Мен өзимди бәнт етип, 2020-жылдан бери жылына бир мәртелик социаллық салық төлеп киятырман. Мениң усы жылларым пенсия ушын стажға есапланса, усы дәўирдеги ис ҳақым қалай есапланады?

Нызамшылыққа тийкар, пуқара өзин өзи бәнт еткен ҳалда кеминде БЕМның 1 есеси (ҳәзирги күнде 340 мың сум) муғдарында жылына бир мәрте социаллық салық төлеў арқалы 1 жыллық стажға ийе болыўы мүмкин.

Бунда өзин бәнт еткен пуқараның ис ҳақысы муғдары Салық кодексиниң 405-статьясына тийкар, төленген социаллық салықтың суммасын (ҳәзирги күнде 340 мың сум) сол ўақытта әмелде болған социаллық салық ставкасына (ҳәзирги күнде 12%) бөлип, келип шыққан сумманы 100 ге көбейтиў арқалы есапланады.

Пенсия муғдары ис ҳақы ҳәм ис стажына байланыслы. Демек, пуқара социаллық салықты қанша көп төлесе, пенсия муғдары да сонша көбирек болады.

Мағлыўмат ушын. Улыўма жумыс стажына ийе болмаған өзин өзи бәнт еткен пуқара пенсияға шығыўы ушын кеминде 7 жыл социаллық салық төлеўи керек.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
13.2K views10:10
Ochish/sharhlash
2024-05-01 20:00:29 Бүгиннен баслап айырым пенсиялар муғдарлары көбейди

Президенттиң 30.04.2024-жылдағы ПП–69-санлы Пәрманына бола, 2024-жыл 1-майдан баслап:

жумыс стажы толық болмағанда жасқа байланыслы пенсияның ең аз муғдары – айына 648000 сум;

бағыўшысын жоғалтқаны ушын берилетуғын пенсия алыўшылардың бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын пенсияның ең кем муғдары — айына 648000 сум етип белгиленди.

Пенсия муғдарлары көбейиуи күтилип атырғанлығы хаққында алдын хабар берип едик.

Бул напақа ҳәм пенсиялардың алдынғы муғдарлары ҳаққында мына силтеме арқалы мағлыўмат алыўыңыз мүмкин.

Жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
13.0K views17:00
Ochish/sharhlash
2024-05-01 17:30:50 Турақ жай, көшпес мүлк ҳәм автотранспортты нақ пулға сатып алыў қадаған етилиўи күтилмекте

Ҳүкиметтиң қарары жойбарына көре, 1-майдан баслап турақ жай, көшпес мүлк ҳәм автотранспорт қуралларын алды-саттысы тек ғана нақ пулсыз әмелге асырылыўы белгиленбекте. Бул төлемлер ушын комиссия алынбайды.

Яғный, бул қарар қабыл етилсе, турақ жай, көшпес мүлк ҳәм автотранспортты алды-сатты шәртнамасын дүзгенде сатып алынып атырған мүлк ушын пулды тек ғана пластик карта ямаса «перечисление» менен төлеў керек болады. Нақ пулда есапласыў қадаған етиледи.

Қарар еле қабыл етилмеген. Егер қабыл етилсе, каналымызда толық мағлыўмат бериледи.

Жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың:
@Xaliq_ushin
13.0K views14:30
Ochish/sharhlash
2024-05-01 12:51:12 Бүгиннен 5 жыллық стажы бар ҳаял-қызлардың жоқары оқыў орнына кириўине жеңиллик бериўши усынысқа арза қабыллаў басланады

Министрлер Кабинетиниң 09.06.2022-жылдағы 322-санлы қарарына тийкар, колледж ямаса техникумды питирип, қәнигелиги бойынша 5 жыллық мийнет стажына ийе ҳаял-қызлар мәмлекетлик ЖООларына айрықша параметрлер шеңберинде өткерилетуғын таңлаў тийкарында контракт бойынша оқыўға қабыл етиледи.

Бул жеңилликтен пайдаланыў ушын талабанлар усы қарар талаплары тийкарында берилген усынысқа (тавсиянома) ийе болыўы керек.

Усынысқа ийе болған талабанлар арасында айрықша тест сынақлары өткерилип, ең жоқары балл топлаған 500 талабан оқыўға контракт тийкарында қабыл етиледи.

Усынысты алыў ушын талабан турақлы жасаў жериндеги яки ўақытша дизимнен өткен жериндеги район (қала) шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлимине ҳәр жылы 1-майдан баслап 1-июнға шекем арза бериўи керек.

Жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
15.6K views09:51
Ochish/sharhlash