Get Mystery Box with random crypto!

XALÍQ USHÍN ⚖️

Kanal manzili: @xaliq_ushin
Toifalar: Qarzlar, soliqlar va qonunlar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 32.64K
Kanalning ta’rifi

Соңғы нызамлар, қарарлар, ҳуқық тараўына байланыслы жаңалықлар
Хабарласыў: @Mr_Velikolepniy
Канал 2020-жыл 10-апрелде жумыс баслады.

Ratings & Reviews

4.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar 7

2024-04-09 06:32:15 Енди балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем автомат түрде тоқтатылғанда қайта тайынлаўға берилген арза 6 айға шекем қарап шығылмайды

Министрлер Кабинетиниң 21.10.2021-жылдағы 654-санлы қарарына киргизилген жаңа өзгерислерге көре, 2024-жыл 1-марттан баслап балалар напақасы яки материаллық жәрдем алып атырған шаңарақтың материаллық жағдайы үйме үй жүрип үйрениледи.

Үйрениў мәканком баслығы, ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, жаслар жетекшиси ҳәм “Инсан” орайының социаллық хызметкерлери тәрепинен өткерилип, акт дүзиледи.

Акттеги мағлыўматлар “Социаллық қорғаў бирден бир” реестри системасына киргизиледи ҳәм система тәрепинен напақа яки материаллық жәрдемди төлеўди даўам еттириў ямаса тоқтатыў ҳаққында қарар қабыл етиледи.

Егер шаңарақты үйрениў даўамында төмендегилер анықланса, онда “Социаллық қорғаў бирден бир” реестри системасы тәрепинен напақаны яки материаллық жәрдемди төлеў автомат түрде тоқтатылады:

шаңарақ ағзаларында дәрамат алып келиўши бир яки оннан артық турақ емес жайы бар екенлиги;

шаңарақ ағзалары меншигинде ямаса пайдаланыўында (исеним хат бойынша) ислеп шығарылғанына 12 жылдан көп болмаған жеңил автотранспорт, 15 жылдан аспаған жүк машинасы, автобус, микроавтобус, экскаватор, трактор, комбайн, тиркемелер, автокран хәм басқа қурылыс техникасын, сондай-ак, барлығы болып еки ҳәм оннан артық усындай транспорт қураллары хәм техникалары бар екенлиги;

шаңарақта Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги, Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Миллий гвардия, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Бажыхана комитети, Қорғаныў министрлиги жанындағы Қорғаныў санааты агентлиги ҳәм олардың системасындағы шөлкемлердиң хызметкерлери яки олардың ери (зайыбы), балалары, сондай-ақ пенсионерлери бар екенлиги;

шаңарақ судьялар ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының пенсия тәмийнаты шәртлери, нормалары ҳәм тәртиби ҳаққындағы режеге тийкар пенсиялар менен тәмийинленгени анықланса.

Жоқарыдағы тийкарлар бойынша напақаны яки материаллық жәрдемди төлеў тоқтатылған болса, оны қайта төлеў бойынша арзалар 6 ай даўамында қарап шығылмайды. Яғный, бул шаңарақ 6 айға шекем напақа яки материаллық жәрдемге арза бере алмайды.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
18.1K views03:32
Ochish/sharhlash
2024-04-08 13:12:46 Әҳмийетли санлар:

Ҳәзирги күнде Өзбекстанда:

мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары – 1050000 сум;

базалық есаплаў муғдары – 340000 сум;

пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – 372000 сум;

жасқа байланыслы ең кем пенсия – 725000 сум;

майыплық пенсиялары, стажы толық болмағанда майыплық пенсиясының ең кем муғдары – 800000 сум;

мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа – 800000 сум;

белгиленген жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдарынан (725000 сумнан) 800000 сумға шекем пенсия алыўшылардың жасқа байланыслы пенсиялары – 800000 сум;

зәрүр стажға ийе болмаған кекса жастағы пуқараларға берилетуғын напақа – 621000 сум;

стажы толық болмағанда жасқа байланыслы пенсияның ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – 621000 сум.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
15.6K views10:12
Ochish/sharhlash
2024-04-07 19:16:39 Сырт елге жумыс ислеўге баратырған пуқаралардың имтихан, виза ҳәм жол ҳақы қәрежетлери қаплап бериледи

Президенттиң 04.04.2024-жылдағы ПП-59-санлы Пәрманына бола, 2024-жыл 1-июннан баслап “Сырт елде жумыс” электрон бағдарламасы арқалы дизимнен өткен ҳәм шөлкемлестирилген мийнет миграциясына кетип баратырған пуқараларға:

шет тили ҳәм кәсиплик имтиханларын тапсырыў қәрежетлерин қаплаў ушын БЕМның 3 есесине (1 млн 20 мың сумға) шекем (егер имтиханнан өтип, сертификат алса);

Жумысшы виза”ны алыў ушын БЕМның 5 есесине (1,7 млн сумға) шекем;

жол ҳақысы ушын БЕМның 2 есесине (680 мың сумға) шекем компенсация төленеди.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
14.1K views16:16
Ochish/sharhlash
2024-04-06 17:36:38 Рамазан Ҳайытта ҳәммеге 3 күн қатара дем алыс болыўы күтилмекте

Рамазан Ҳайыты байрамына байланыслы жумыс ҳәптеси неше күнлик болыўына қарамастан барлық хызметкерлер ушын төмендеги 3 күн қатара дем алыс болады:

10-апрель, сәршемби – Рамазан Ҳайыты күни;

11-апрель, пийшемби – ҳәммеге қосымша дем алыс күни;

12-апрель, жума – 6 күнликлерге қосымша дем алыс күни, 5 күнликлерге 13-апрель (шемби) күнинен көширилген дем алыс күни.

13-апрель (шемби)барлық хызметкерлер ушын жумыс күни.

Президенттиң 22.12.2023-жылдағы ПП-213-санлы Пәрманына бола, 11-апрель (пийшемби) күни барлық хызметкерлерге қосымша дем алыс күни етип белгиленген. Ал, 12-апрель (жума) күни – 6 күнликлерге қосымша дем алыс күни, 5 күнликлерге болса, 13-апрель (шемби) күнинен көширилген дем алыс күни болады.

Мағлыўмат ушын. Айдың көринисине қарап Рамазан ҳайыты күни өзгериўи мүмкин. Бунда дем алыс күнлеринде де өзгерис болады. Бул өзгерислер Өзбекстан мусылманлар кеңсеси тәрепинен жәрияланады.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
15.4K views14:36
Ochish/sharhlash
2024-04-06 16:27:05 Әҳмийетли тарийхый сәнелер

1989-жыл 21-октябрьӨзбекстан Республикасының мәмлекетлик тили ҳаққындағы Нызам қабыл етилген.

1989-жыл 1-декабрьҚарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик тили ҳаққындағы Нызам қабыл етилген.

1990-жыл 20-июнь Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик суверенитети ҳаққындағы декларация қабыл етилген.

1990-жыл 14-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик суверенитети ҳаққындағы декларация қабыл етилген.

1991-жыл 18-ноябрьӨзбекстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққындағы Нызам қабыл етилген.

1992-жыл 2-июльӨзбекстан Республикасының мәмлекетлик герби ҳаққындағы Нызам қабыл етилген.

1992-жыл 8-декабрь Өзбекстан Республикасының Конституциясы күни.

1992-жыл 10-декабрь Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик гимни ҳаққындағы Нызам қабыл етилген.

1992-жыл 14-декабрьҚарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққындағы Нызам қабыл етилген.

1993-жыл 9-апрель Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы қабыл етилген.

1993-жыл 9-апрель Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик герби ҳаққындағы Нызам қабыл етилген.

1993-жыл 24-декабрь Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик гимни ҳаққындағы Нызам қабыл етилген.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
14.0K viewsedited  13:27
Ochish/sharhlash
2024-04-06 09:15:37
Айырым жасларға «Мәҳәлле жетилиги»ниң усынысы менен жеңиллетилген шәртлерде дийқаншылық ушын жер участкасы бериледи

Президенттиң 05.04.2024-жылдағы ПҚ–153-санлы қарарына тийкар, дийқан хожалығын шөлкемлестириў ушын жоқарыдағы дизимдеги категорияларға киретуғын жасларға жер участкалары ижараға бериледи.

Бунда дизимге жасларды киргизиў ушын «Мәҳәлле жетилиги» усыныс береди.

Жер участкасын аукцион арқалы утып алған жасларға жер участкасы ушын төлемди 10 жылға бөлип төлеў имканы бериледи.

Аукционда қатнасыў ушын жаслар БЕМның 1 есеси (340 мың сум) заклат төлейди.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
12.6K views06:15
Ochish/sharhlash
2024-04-05 18:42:48 Қәдир түни бүгин, 5-апрелден 6-апрелге өтер түнине туўра келеди

Ҳижрий-қамарий календарға көре, түн күннен алдын жүреди. Демек, Рамазанның 27-түни 26-күни қуяш батқаннан, шам кириўи менен басланады.

Қуяш календары менен есапланғанда быйылғы Қәдир түни бүгин, 5-апрелден 6-апрелге өтер түнине туўра келеди.

Қәдир түни қандай түн? — Бул түнҚураны кәрийм нәзил етиле баслаған. "Әлбетте, Биз оны (Қуранды Лаўҳул-маҳфуздан биринши аспанға) Қәдир түни нәзил еттик" (Қодр сүреси, 1-аят). Толық оқыў

Қәдир түни ушын 27 мәсләҳат Толық оқыў

Қәдир түни бәршемизге мүбәрек болсын!

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
15.6K views15:42
Ochish/sharhlash
2024-04-05 17:41:37 Магистратураға тапсырғанда шет тили сертификаты талабы бийкар етилиўи мүмкин

Бизге келген мағлыўматларға қарағанда, магистратура қәнигеликлерине ҳүжжет тапсырыўда шет тили сертификаты мәжбүрийлиги бийкар етилиўи күтилмекте.

Магистратураға ҳүжжет тапсырмақшы болып жүргенлерге жиберемиз!

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
13.0K viewsedited  14:41
Ochish/sharhlash
2024-04-05 14:29:37 Қарақалпақстан бойынша қабыл етилген ҳүжжетлердиң дайджести

Нызамшылықта тек Қарақалпақстан ушын енгизилген айырым жеңилликлер Толық оқыў

Нызамшылықта тек Қарақалпақстан ушын енгизилген айырым жеңилликлер (2-дизим) Толық оқыў

Қарақалпақстандағы
шаңарақларға жылына бир мәрте 1 млн сумға шекем материаллық жәрдем бериледи Толық оқыў

Қарақалпақстандағы ҳүжжети жоқ турақ жайларға ҳүжжетлери рәсмийлестирип бериледи Толық оқыў

Қарақалпақстандағы ҳүжжетсиз турақ жайға мүлк ҳуқықын бериўдиң бир қатар шәртлери бар Толық оқыў

Қарақалпақстандағы ҳүжжетсиз жайлардың ҳәммесине де мүлк ҳуқықы берилмейди Толық оқыў

Қарақалпақстандағы ҳүжжетсиз турақ жайларға ҳүжжетлерин рәсмийлестирип бериў ушын 1 млн сумға шекем пул өндириледи Толық оқыў

Қарақалпақстанда терек еккенлер ушын жер салығынан жеңиллик енгизиледи Толық оқыў

1-апрелден баслап Silk Avia Нөкис-Мойнақ жөнелиси бойынша турақлы авиақатнаўларды жолға қойылды Толық оқыў

Қарақалпақстандағы 3 жулдызлы мийманханаларға ҳәр ханасы ушын мәмлекет 20 млн сумнан пул береди Толық оқыў

Алыс аймақта ислеўши шыпакерлерге 2 млн сумлық үстеме төленеди Толық оқыў

Өзин өзи бәнт еткен шахсларға «Бизнеске биринши адым» банк пластик картасы арқалы 5 млн сумға шекем 1 жыллық мүддетке микроқарыз бериледи Толық оқыў

Қарақалпақстан Республиксы Министрлер Кеңесине инвесторларға жер ажыратыў ўәкиллиги берилди Толық оқыў

Қарақалпақстандағы исбилерменлер ушын айырым салықлар еки есеге кемейтириледи Толық оқыў

И.Савицкий атындағы музейге қосымша корпуслар қурылады Толық оқыў

Оқыўшылары ең көп «Coursera» сертификатына ийе болған мектеплердиң информатика пәни оқытыўшылары материаллық хошаметленеди Толық оқыў

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
13.1K views11:29
Ochish/sharhlash
2024-04-04 12:52:07 Абайлы болың!

Терроризмге шақырыў ҳаққындағы шақырықлар тарқалмақта!

Ҳүрметли пуқаралар! Ақырғы ўақытларда дүньяның түрли мәмлекетлеринде болып атырған терактладан соң, республикамыз ҳәм қоңсы мәмлекетлер пуқараларына интернет социаллық тармақлары арқалы пул сыйлығы есесине саўда ҳәм кеўил ашар орайлары, мектеплер ҳәм басқа жәмийетлик орынларды миналастырыў (бомба жайластырыў) усыныс етилген хабарлар келип түспекте.

Бунда хабарлар тийкарынан «Телеграм» мессенджери арқалы жиберилип, оларда белгисиз шахслар түрли муғдарларда пул төлеў, қурал-жарақ пенен тәмийинлеў ҳәм ҳәрекетлер режесин жибериўге ўәде берип, бас тартыўды итибарға алмайды.

Ең қәўипли тәрепи бундай хабарлар көбирек балаларға жиберилип атырғанында! Олар балалардың жеке мағлыўматлары арқалы қорқытыў жағдайлары да болып атыр.

Ҳүрметли ўатанласлар, егер сизге яки жақынларыңызға усындай хабарлар келсе, оларды тарқатпаң ҳәм ҳеш кимге жибермең. Бундай хабар келсе, биринши нәўбетте дәрҳал «102»ге қоңыраў етип, хабар бериң.
Хабар жибергенлерди блоклап, олар менен жазыспаларды тоқтатың!

Ядыңызда болсын, алдаўшылар жәмийетте қорқынышты оятыў ушын сондай ислерди ислемекте! Ҳуқық қорғаў уйымлары қәўипсизликке болған қәўиплерди сапластырыў барлық илажларды көрмекте.

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги

Постты ҳәммеге тарқатың.

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
13.1K views09:52
Ochish/sharhlash