Get Mystery Box with random crypto!

XALÍQ USHÍN ⚖️

Kanal manzili: @xaliq_ushin
Toifalar: Qarzlar, soliqlar va qonunlar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 32.64K
Kanalning ta’rifi

Соңғы нызамлар, қарарлар, ҳуқық тараўына байланыслы жаңалықлар
Хабарласыў: @Mr_Velikolepniy
Канал 2020-жыл 10-апрелде жумыс баслады.

Ratings & Reviews

4.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar 8

2024-04-03 17:46:20 33 млн сумлық жеңиллетилген кредитти нақ пулда алыўға руқсат бериўши Президент қарары қабыл етилди

Президенттиң 02.04.2024-жылдағы ПҚ-149-санлы қарарына бола, 2024-жыл 1-апрелден баслап өзин-өзи бәнт еткен пуқараларға 33 млн сумға шекем, бир жылдан кейин 50 млн сумға шекем қосымша гиреўсиз (залогсыз) кредит ажыратылады.

Бунда қыйтақ жеринде бизнести жолға қойыў ушын өзлериниң ишки имканиятларынан пайдаланған ҳалда исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлеўши пуқараға ыссыхана қурыў, шарўа малларын бағыў, қыйтақ жерине мәўсимлик егинлерди егиў ушын кредитлер бириктирилген банк ҳәм ҳәким жәрдемшисиниң усы илажлар әмелге асырылыўы бойынша кепиллиги тийкарында нақ пулда берилиўи мүмкин.

Бул кредит тийкарғы жумысына қоса өзин-өзи бәнт еткен пуқараларға берилмейди.

Мағлыўмат ушын. Бул бойынша қарар қабыл етилиўи ҳаққында каналымызда алдынрақ мағлыўмат берилген еди.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
15.2K viewsedited  14:46
Ochish/sharhlash
2024-04-03 17:22:59 Жумыс орнын жаратқан исбилерменге кредит төменирек проценттен бериледи

Кеше өткерилген жыйналыста Президент банк филиаллары исбилерменлерге кредит берип атырғанда пуқараларды жумысқа алыў шәрти менен кредит процентин кемейтиретуғын системаны жолға қойыў бойынша усыныс берди.

Бунда банклер исбилерменлер жумыс орнын жаратқаннан кейин оларға берилген кредиттиң процентин түсирип барады.

Ҳәким жәрдемшилери болса жумыссыз пуқараларды исбилерменниң талабы бойынша оқытып береди.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
12.7K views14:22
Ochish/sharhlash
2024-04-03 15:32:37 Майыплығы болған шахсларға салықлар бойынша белгиленген жеңилликлер

Салық кодексине бола, I ҳәм II топар майыплығы болған шахсларға төмендеги салықлардан жеңилликлер белгиленген:

Жәми дәраматының 3,15 млн сумлық (мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 3 есеси) бөлеги дәрамат салығынан азат етилген;

Жер салығынан азат етилген;

Мал-мүлкиниң 60 м.кв. бөлеги мал-мүлк салығынан азат етилген.

Бунда мал-мүлк салығы бойынша жеңиллик майыплығы болған пуқараның атындағы тек бир мал-мүлкке қолланылады.

Жер салығы бойынша жеңиллик майыплығы болған пуқараның таңлаўына қарап тек бир жер участкасына қолланылады.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
13.8K views12:32
Ochish/sharhlash
2024-04-03 10:22:47 25 жыллық педагогикалық стажы бар педагогларға олардың маманлық категориясы аттестациядан өткерилместен бериледи

Министрлер Кабинетиниң 29.12.2023-жылдағы қарарына көре, педагогикалық жумысы бойынша 25 жыл ҳәм оннан көп стажға ийе болған ҳәм де пенсияға шығыўына 5 жыл қалған педагог кадрларға олардың ийелеп турған маманлық категориясы (лаўазымы) аттестациядан өткерилместен бериледи.

Аттестациядан өткерилместен маманлық категориясы берилетуғын педагоглардың толық дизими силтемедеги режениң 8-бәнтинде берилген: силтеме

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
12.9K viewsedited  07:22
Ochish/sharhlash
2024-04-02 13:59:44 Буннан былай 100 млн сумлық гиреўсиз кредиттиң ярымын пластикке түсирип алыўға болады

Министрлер Кабинетиниң 30.03.2024-жылдағы 181-санлы қарарына тийкар, өзин-өзи бәнт еткен шахсларға исбилерменликти баслаў ушын 100 млн сумға шекемги гиреўсиз («залог»сыз) кредитлердиң 50% бөлеги олардың банк картасына өткерип берилиўи мүмкин.

«Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў» комплекс бағдарламасы шеңберинде бизнес баслаў ушын оқыў курсын оқып, тийисли сертификат алған пуқаралар жоқарыдағы кредитти алыўы мүмкин.

Бағдарламада қатнасыў ҳәм пул қаржыларын алыў ушын https://biznes-portal.uz/ арқалы арза бериледи.

Бул мәселеде толық мағлыўмат алыў ушын аймағыңыздағы ҳәким жәрдемшисине хабарласың.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
13.5K viewsedited  10:59
Ochish/sharhlash
2024-04-02 11:22:39
Светке 2-3-апрель күнлери аралығында пул төлеў имканы шекленеди

Аймақлық электр тармақлары тәрепинен 2024-жыл 2-апрель саат 00-00 ден баслап 3-апрель саат 22-00 ге шекем мағлыўматларды қайта ислеў орайында профилактика жумыслары алып барылады.

Усы ўақыт аралығында электр энергиясы ушын онлайн төлемлерди әмелге асырыў ҳәм жеке есап бетиндеги бар мағлыўматларды (мысал ушын, ишинде неше сум бар екени) алыўда техникалық үзилислер болыўы мүмкин.

Бирақ, усы ўақытта қарыздарлығы болған тутыныўшылардың «свети» өширилмейди.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
13.4K viewsedited  08:22
Ochish/sharhlash
2024-04-02 05:38:16 Дийқан хожалықлары Фермерлер кеңесине ағза болыўға мәжбүр ме?

Пуқарадан сораў: Ассалаўма алейкум, мен өткен жылы дийқан хожалық деп 30 жылға жер алып едим. Енди Фермерлер уюшмасына ағза болыўың керек деп атыр. Ағза болыў мәжбүрийме?

Өзбекстан Республикасының «Дийқан хожалығы ҳаққында»ғы 30.04.1998-жылдағы Нызамының 22-статьясында дийқан хожалықлары Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесине ағзалығы мәжбүрий екенлиги белгиленген.

Бирақ, бул Нызам 2021-жыл 1-апрелде жаңа редакцияда қабыл етилип, жоқарыдағы норма бийкар етилди, яғный жаңа Нызамнан дийқан хожалықларының Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесине ағзалығы менен байланыслы қағыйда шығып кетти.

Демек, дийқан хожалықлары Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесине ағза болыўға мәжбүр емес.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
13.7K viewsedited  02:38
Ochish/sharhlash
2024-04-01 16:06:05
Турақ жайды «ремонт»лаў ушын қайсы банклер кредит ажыратып атыр?

Хамкорбанк
Проценти – 16.5%
Мүддети – 10 жыл
Муғдары - 80 млн сум
Басланғыш төлеми – белгиленбеген
Толық мағлыўмат
Телефон: 1256

Алоқабанк
Проценти – 19%
Мүддети – 20 жылға шекем
Муғдары – 327.2 млн сумға шекем
Басланғыш төлеми – 15%
Толық мағлыўмат
Телефон: 71-230-77-77

Бизнести раўажландырыў банки
Проценти – 19%
Мүддети – 20 жылға шекем
Муғдары – 327.2 млн сумға шекем
Басланғыш төлем – 15%
Толық мағлыўмат
Телефон: 1254

Микрокредитбанк
Проценти – 18%
Мүддети – 20 жылға шекем
Муғдары – 327,2 млн сумға шекем
Басланғыш төлем – 15%
Толық мағлыўмат
Телефон: 1285

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
13.9K views13:06
Ochish/sharhlash
2024-04-01 08:39:27 Бүгиннен баслап …

Газлы ҳәм энергетик ишимликлер баҳасы көтериледи – Толық мағлыўмат

Мийманханаларда майыплығы болған шахсларға ажыратылған ҳәр бир қолайлы хана ушын 2 млн сумға шекем субсидия бериў тәртиби енгизиледи – Толық мағлыўмат

Қосымша қун салығы
(ҚҚС) бойынша айырым жеңилликлер бийкар етиледи – Толық мағлыўмат

Жалғыз кекселерге
жылына бир мәрте бийпул поездда жүриў ҳуқықы бериледи – Толық мағлыўмат

Автотранспортты дизимнен өткериў 68 есеге қымбатлайды – Толық мағлыўмат

Балалар напақасын ҳәм материаллық жәрдемди алыў ушын арзаны "бир айна", my.gov.uz сайты яки "Инсан" орайының социаллық хызметкери арқалы тапсырыўға болады – Толық мағлыўмат

Район (қала) архитекторларын ҳәм қурылыс тараўындағы қадағалаў аймақлық инспекциялары инспекторларын мәжбүрий сертификадан өткериў тәртиби енгизиледи – Толық мағлыўмат

Қарақалпақстанда «мусор» ушын төлем қымбатлайды – Толық мағлыўмат

Исбилерменлерге субсидия, жеңиллик ҳәм преференциялар олардың рейтинг дәрежесинен келип шығып қолланылады – Толық мағлыўмат

«Мусор»дан қарызы бар пуқара машинасын ҳәм жайын сата алмайды - Толық мағлыўмат

Метан «максимум» 3350 сумнан сатылатуғын болды – Толық мағлыўмат

Нөкистен Бухара, Самарқанд, Үргениш, Ферғана ҳәм Мойнаққа самолёт қойылады – Толық мағлыўмат

«Жөргек пулы» екинши ҳәм оннан кейинги балалар ушын берилмейди – Толық мағлыўмат

Истанбул-Нөкис-Ташкент, Самарқанд-Нөкис-Истанбул бағдарлары бойынша самолётлар жолға қойылады – Толық мағлыўмат

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
17.6K views05:39
Ochish/sharhlash
2024-03-31 19:21:54 Метанның ең жоқары баҳасы 3350 сум етип белгиленди

Министрлер Кабинетиниң 30.03.2024-жылдағы 173-санлы қарары менен метан газ ушын белгиленген ең жоқары усақлап сатыў баҳаның әмел етиў мүддети 1-июнға шекем узайтырылған.

Буннан былай метан газ «заправка»ларында газды сатыўдың ең жоқары сатыў баҳасы 2024-жыл 1-июнға шекем 1 куб метр ушын 3350 сум етип белгиленген. Алдынғы максимал баҳа 3250 сум еди.

Яғный, 1-июнға шекем метанның баҳасы 3350 сумнан артық болмайды.

Постты жақынларыңызға тарқатың.


Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
16.9K viewsedited  16:21
Ochish/sharhlash