Get Mystery Box with random crypto!

1-майға шекем свет хәм газ ушын есап бетине алдын ала пул салы | XALÍQ USHÍN ⚖️


1-майға шекем свет хәм газ ушын есап бетине алдын ала пул салып қойғанларға 2 ай даўамында қымбатлаған тарифлер қолланылмайды

Бул ҳаққында Энергетика министрлиги хабар берди.

Ҳәммеге белгили, Ҳүкиметтиң қарары менен 1-майдан баслап свет ҳәм газ ушын төлемлер қымбатлайды.

Бирақ, Министрлер Кабинетиниң қарары менен тастыйықланған Электр энергиясы ҳәм Тәбийий газден пайдаланыў қағыйдаларына бола, пуқара өз қәлеўи менен 2 айдан көп болмаған мүддет ушын электр энергиясы ҳәм тәбийий газге пулын алдын ала төлеп қойыўы мүмкин.

Бунда тариф өзгерген жағдайда қосымша пул өндирилмейди.

Демек, пуқара 1-майға шекем 2 ай пайдаланатуғын свет хәм газы ушын пулды алдын ала төлеп қойса, усы 2 айдың пулы 1-майға шекемги, яғный хәзирги күнги тарифлер бойынша есапланады.

Мағлыўмат ушын. Ҳәзирги тарифлер электр энергиясы ушын 1 кВт/саат=295 сум, тәбийий газ ушын 1 куб метр=380 сум.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin