Get Mystery Box with random crypto!

Өзин өзи бәнт еткен шахстың айлығы неше сум деп есапланады? | XALÍQ USHÍN ⚖️

Өзин өзи бәнт еткен шахстың айлығы неше сум деп есапланады?

Пуқарадан сораў: Мен өзимди бәнт етип, 2020-жылдан бери жылына бир мәртелик социаллық салық төлеп киятырман. Мениң усы жылларым пенсия ушын стажға есапланса, усы дәўирдеги ис ҳақым қалай есапланады?

Нызамшылыққа тийкар, пуқара өзин өзи бәнт еткен ҳалда кеминде БЕМның 1 есеси (ҳәзирги күнде 340 мың сум) муғдарында жылына бир мәрте социаллық салық төлеў арқалы 1 жыллық стажға ийе болыўы мүмкин.

Бунда өзин бәнт еткен пуқараның ис ҳақысы муғдары Салық кодексиниң 405-статьясына тийкар, төленген социаллық салықтың суммасын (ҳәзирги күнде 340 мың сум) сол ўақытта әмелде болған социаллық салық ставкасына (ҳәзирги күнде 12%) бөлип, келип шыққан сумманы 100 ге көбейтиў арқалы есапланады.

Пенсия муғдары ис ҳақы ҳәм ис стажына байланыслы. Демек, пуқара социаллық салықты қанша көп төлесе, пенсия муғдары да сонша көбирек болады.

Мағлыўмат ушын. Улыўма жумыс стажына ийе болмаған өзин өзи бәнт еткен пуқара пенсияға шығыўы ушын кеминде 7 жыл социаллық салық төлеўи керек.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin