Get Mystery Box with random crypto!

Турақ жай, көшпес мүлк ҳәм автотранспортты нақ пулға сатып алы | XALÍQ USHÍN ⚖️

Турақ жай, көшпес мүлк ҳәм автотранспортты нақ пулға сатып алыў қадаған етилиўи күтилмекте

Ҳүкиметтиң қарары жойбарына көре, 1-майдан баслап турақ жай, көшпес мүлк ҳәм автотранспорт қуралларын алды-саттысы тек ғана нақ пулсыз әмелге асырылыўы белгиленбекте. Бул төлемлер ушын комиссия алынбайды.

Яғный, бул қарар қабыл етилсе, турақ жай, көшпес мүлк ҳәм автотранспортты алды-сатты шәртнамасын дүзгенде сатып алынып атырған мүлк ушын пулды тек ғана пластик карта ямаса «перечисление» менен төлеў керек болады. Нақ пулда есапласыў қадаған етиледи.

Қарар еле қабыл етилмеген. Егер қабыл етилсе, каналымызда толық мағлыўмат бериледи.

Жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың:
@Xaliq_ushin