Get Mystery Box with random crypto!

Бүгиннен 5 жыллық стажы бар ҳаял-қызлардың жоқары оқыў орнына | XALÍQ USHÍN ⚖️

Бүгиннен 5 жыллық стажы бар ҳаял-қызлардың жоқары оқыў орнына кириўине жеңиллик бериўши усынысқа арза қабыллаў басланады

Министрлер Кабинетиниң 09.06.2022-жылдағы 322-санлы қарарына тийкар, колледж ямаса техникумды питирип, қәнигелиги бойынша 5 жыллық мийнет стажына ийе ҳаял-қызлар мәмлекетлик ЖООларына айрықша параметрлер шеңберинде өткерилетуғын таңлаў тийкарында контракт бойынша оқыўға қабыл етиледи.

Бул жеңилликтен пайдаланыў ушын талабанлар усы қарар талаплары тийкарында берилген усынысқа (тавсиянома) ийе болыўы керек.

Усынысқа ийе болған талабанлар арасында айрықша тест сынақлары өткерилип, ең жоқары балл топлаған 500 талабан оқыўға контракт тийкарында қабыл етиледи.

Усынысты алыў ушын талабан турақлы жасаў жериндеги яки ўақытша дизимнен өткен жериндеги район (қала) шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлимине ҳәр жылы 1-майдан баслап 1-июнға шекем арза бериўи керек.

Жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin