Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақстанда «Меҳир ҳәрекети»н баслаў бойынша тапсырма бер | Joqarǵi keńes.uz

Қарақалпақстанда «Меҳир ҳәрекети»н баслаў бойынша тапсырма берилди

Қайыр-сақаўат ислеў, мүтәжлерге жәрдем көрсетиў ҳәм қоллап-қуўатлаў кеңпейил халқымызға тән болған жоқары пазыйлетлердиң бири.

Бүгинги күнде елимизде «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында көплеген жумыслар алып барылмақта. Шараяты аўыр болған, кем тәмийинленген пуқараларды излеп табыў ҳәм олардың тикленип алыўына барлық жәрдемлерди көрсетиў бойынша ҳүрметли Президентимиз тәрепинен анық ўазыйпалар белгилеп берилген.

Бул аўыр шараятта жасап атырған пуқаралардың турмысын жақсылаў бағдарында өткен жылы Қарақалпақстан Республикасында ийгиликли баслама – «Меҳир ҳәрекети» басланған еди. Бул ҳәрекет шеңберинде өткен 2022-жылда көплеген аўыр шараяттағы шаңарақлардан хабар алынып, олардың қыстың қыраўлы күнлеринен зыянсыз өтиўи тәмийинленди.

Усы тийкарда быйылғы жылы да қыс мәўсиминиң ызғырын күнлери кирип келиўи менен «Меҳир ҳәрекети»н баслаў бойынша Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен тапсырма берилди. Меҳир ҳәрекети шеңберинде ҳәр бир аўыр турмыс шараятында жасап атырған, жалғыз баслы, өзгелердиң қайырқомлығына мүтәж, денсаўлығы менен байланыслы машқаласы бар инсанға меҳир-мүриўбет ҳәм ғамхорлық көрсетиледи, ҳәм бул ийгиликли әмеллер системалы түрде еле де даўам еттириледи.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter