Get Mystery Box with random crypto!

«Аўыл хожалығы хызметкерлери күни» байрамы мүнәсибети менен ба | Joqarǵi keńes.uz

«Аўыл хожалығы хызметкерлери күни» байрамы мүнәсибети менен байрам тамашалары болып өтти

Усы жылдың 10-декабрь күни Нөкис қаласының арқа тәрепиндеги Атшабар майданында Аўыл хожалығы хызметкерлери күнине бағышланып салтанатлы байрам тамашалары болып өтти.

Илаждың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды Аўыл хожалығы хызметкерлери күни байрамы менен қутлықлады.

Ҳәр бир район тәрепинен 100 кг.нан палаў писирилип, жыйналған халыққа 1700 кг.нан артық палаў бийпул тарқатылды.

Байрам қатнасыўшыларының итибары қурға қаратылды. Бас байрақ ушын гүресте Зарапатдин Турдымуратов жеңиске еристи.  Жоқарғы Кеңес Баслығы палўанға бас байрақ - Президентимиздиң саўғасы 50 млн. сум сыйлықты тапсырды.
2-орын ийеси Б.Сайтов – 40 млн. сум ақшалай сыйлық пенен сыйлықланды.

Қошқарлар урысында
бас қошқарға гибрит скутер,
кейинги орынға мотороллер,
буннан басқа қошқар ийелерине 3 дана скутер тапсырылды.

Буннан соң бир, еки (жорға), бес, жети, он үш айлаўға атлар жиберилди.

Он үш айлаў бойынша Бахыт Ибраимовтың аты бас байрақты қолға киргизди. Оған Президентимиздиң саўғасы 40 млн. сум пуллай сыйлық тапсырылды.

Ең алдыңғы фермер хожалығы номинациясына «Қоңырат мехри» ф/х баслығы Айтмуратов Есенбай ылайық деп табылды ҳәм Президентимиз саўғасы трактор тапсырылды.

Сондай-ақ, Ең жақсы шарўа фермер номинациясы бойынша:
«Шукурулла Бабаджанов» ф/х баслығы Бабаджанов Шухрат киши трактор,
Ең жақсы бағман номинациясы бойынша «Жавохир асл мева боғи» ф/х баслығы Атабаев Анвар киши трактор менен сыйлықланды.

Толық оқыў


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter