Get Mystery Box with random crypto!

Әзиз ўатанласлар! Инсаныйлық, сабыр ҳәм қанаат, шүкиршилик ты | Joqarǵi keńes.uz

Әзиз ўатанласлар!

Инсаныйлық, сабыр ҳәм қанаат, шүкиршилик тымсалы болған мүбәрек Рамазан ҳайытын үлкен қуўаныш пенен күтип алып атырған сиз әзизлерди қутлы әййям менен шын жүректен қутлықлаймыз.

Бәршениң кеўли қуўаныш ҳәм жақсылық нурына толып турған усы қуўанышлы демлерде Рамазан ҳайытына мийнеткеш ҳәм кеңпейил халқымыз бенен бирге аманлықта жеткергени ушын жаратқан ийемизге шексиз шүкиршилик билдиремиз.

Бүгингидей тыныш турмысымыздың қәдирине жетиў, жәмийетимизде ҳүким сүрип атырған түрли миллет ҳәм диний конфессиялар арасындағы кеңпейилликти, бир-биреўге болған өз-ара ҳүрмет орталығын және де беккемлеў ҳәммемиздиң тийкарғы ўазыйпамыз.

Сиз әзизлерди Рамазан ҳайыты менен және бир мәрте қутлықлап, шаңарақ, дос ҳәм жақынлар менен бирге пайызлы ҳәм мазмунлы өткериўиңизди тилеймиз.

Иләйим елимиз тыныш, халқымыз аман болсын.

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter