Get Mystery Box with random crypto!

KRuz.uz |Рәсмий канал

Kanal manzili: @kruzuz
Toifalar: Savdo , Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 33.63K
Kanalning ta’rifi

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @PRUZ12

Ratings & Reviews

2.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 5

2024-06-03 15:30:46
Тәбийий газ жетип бармаған аймақлар ушын «свет»тиң социаллық нормасын көбейтиў жобаластырылмақта

Ҳәммеге белгили, Ҳүкиметтиң қарары менен электр энергиясы ҳәм тәбийий газ ушын социаллық нормалар белгиленген.

Яғный, таза тәртип бойынша «свет» ушын социаллық норма 200 кВт/саат етип белгиленген болып, сол нормаға шекем «свет» баҳасы 450 сумнан болса, 200 кВт/сааттан артық болғанда «свет»тиң баҳасы еки есе көбейип – 900 сум болады.

Сонлықтан, Олий Мажлис депутаты Д.Ғаниев республиканың айырым аймақларында тәбийий газ жетип бармағанлығы себепли ол аймақлар қыс мәўсиминде электр энергиясын көбирек пайдаланыўын есапқа алған ҳалда сол жерлерде жасаўшы халық ушын электр энергиясының социаллық нормасын көбейтиўди усыныс берген.

Бас министрдиң орынбасары Ж.Кўчқаров бул мәселе үстинде жумыс алып барылып атырғанлығын билдирген.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
13.2K views12:30
Ochish/sharhlash
2024-06-03 15:02:26
«Биткоин, ноткоин ҳәм криптовалюталар менен саўда-сатық ислеў мүмкин емес» — Пәтиўа орайы

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтиўа орайы Ислам дининде биткоин, ноткоин ҳәм басқа сол сыяқлы криптовалюталарда саўда-сатық ислеўге мүнәсибет қандай екенлиги ҳаққындағы сораўға жуўап берди.

Пәтиўа орайына бола, криптовалюталарды өз-ара алмастырыў ҳәм олар менен саўда-сатық ислеў (шәрият бойынша) мүмкин емес. Себеби, криптовалюталарда шәрият тәрепинен пулға қойылған талаплар табылмайды.

Сондай-ақ, оларды бир мәмлекет ислеп шығармағаны ямаса рәсмий тән алмағаны, олардың баҳасы кескин өзгерип туратуғыны және онда қумар белгилери бар екенлиги оның ҳарам екенлигине тийкар болады.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
13.3K viewsedited  12:02
Ochish/sharhlash
2024-06-03 11:19:19
Асығың, 5 күннен кейин 2 000 грант орнына арза бериў жуўмақланады!

30-майдан баслап мүтәжлиги бар шаңарақлардағы 2 000 ҳаял-қызға қосымша қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде ажыратылатуғын усыныснамалар бериў ушын арзаларды қабыллаў басланды.

Арзалар xotin-qizlar.uz платформасы арқалы электрон формада қабыл етиледи. Талабанлардың арзалары 8-июньға шекем қабыл етиледи.

Арзалар 10-июньға шекем районлық (қалалық) жумысшы топарлар тәрепинен орнатылған тәртипте көрип шығылады. Усыныснама электрон формада 15-июньға шекем орнатылған тәртипте өз ийелерине жеткериледи.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
14.1K views08:19
Ochish/sharhlash
2024-06-01 15:53:36
Нөкисте транспорт басқарыўшысы қарама-қарсы бағытта ҳәрекетленди

Социаллық тармақларда транспорт басқарыўшысы Нөкис қаласындағы А.Досназаров көшеси бойлап қарама-қарсы бағытта ҳәрекетленгени сәўлеленген видео пайда болды.

«KRuz.uz» жоқарыдағы жағдай бойынша тийисли шөлкемлерден рәсмий мағлыўмат күтип қалады.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
7.2K views12:53
Ochish/sharhlash
2024-06-01 15:26:17
#Тарқатың

Қабыллаў басланыўына 4 күн қалды


Быйыл дәслепки рет қабыллаў “алдын тест, кейин таңлаў” тийкарында төмендеги еки басқышта әмелге асырылады:

Биринши басқыш: абитуриентлер 5-июньнан 25-июньға шекем (25-июнь күни де) тест ушын дизимнен өтеди. Бунда абитуриентлер тек тест тапсырылатуғын пәнлер комплекси, тәлим тили ҳәм тест тапсырыў аймағын ҳәм кириў имтиханлары қурамында кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан болса, бул имтиханды тапсыратуғын ЖОО таңлайды;

Яғный биринши басқышта ЖОО таңланбайды. Абитуриентлер тек қайсы пәннен, қайсы тилде, қайсы аймақта тест тапсырыўын белгилейди.

Имтиханлар июль-август айларында өткериледи.

Екинши басқыш: абитуриентлер тест толық жуўмақланғаннан кейин 15 күн даўамында ЖОО, бакалавриат тәлим бағдары ҳәм тәлим формасын таңлайды.

Яғный өзиниң алған балына қарай, тестлер өтип болғаннан кейин, қайсы жоқары оқыў орнының қайсы бағдарына тапсырыўын таңлайды. Ойлап алыў, анализ қылыў ушын 15 күн ўақыт болады.

Оқыўға кире алмағанлар не қылады?

Егер абитуриентлер жоқары оқыў орынларына кире алмаса, тестте топлаған балы менен колледж ҳәм (ямаса) техникумды таңлаўы мүмкин. Оқыўға кире алмағанлар ушын колледж ямаса техникум таңлаўға ЖООларға қабыллаўдың жуўмақлаўшы нәтийжеси жәрияланғаннан кейин және 10 күн мүддет бериледи.

@KRuzuz Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
7.5K views12:26
Ochish/sharhlash
2024-06-01 15:04:33
Бүгин Алланияз Өтениязов туўылған күн

Алланияз Өтениязов өмири даўамында муғаллим ретинде инглиз тилинен балаларды оқытыўдан тысқары, жалғыз баслы кекселерге, ҳүкиметке имарат, жай қурыў арқалы қалыс жәрдем берген. Ол 1936-жылы 1-июньда Кегейли районында туўылған.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9.2K views12:04
Ochish/sharhlash
2024-06-01 10:35:53
Балалығыңызды еске салатуғын мультфильм қайсы?

Бүгин, 1-июнь халық аралық балалар күни мүнәсибети менен халық арасында сораўнама өткерилди.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
10.1K views07:35
Ochish/sharhlash
2024-06-01 09:25:08
Рухсатыңызсыз-ақ атыңызға кредит рәсмийлестирилиўи мүмкинлигин билесиз бе?

Жоқарыда финанслық алдаўшылар қалайынша сизиң рухсатыңыз болмаса да атыңызға кредит ала алыўы ҳаққында түсиник бериледи. Бундай алданып қалыўлардың алдын алыў мақсетинде Орайлық банк жаңа тәртипти қолламақта.

Видеоны жақынларыңызға тарқатыўды умытпаң.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9.9K views06:25
Ochish/sharhlash
2024-06-01 07:46:50
Ыссы күнлери машинада нелерди қалдырыўға болмайды?

Жаздың ыссы күнлеринде автомобиль ишинде баклажка, гаджетлер ҳәм және "зажигалка"ны таслап кетиўге болмайды.

Жоқарыдағы видеода буның себеплери түсиндирилген.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
10.8K views04:46
Ochish/sharhlash
2024-05-31 18:10:35
«X» жол белгиси ҳаққында не билесиз?

3.27. жол белгиси тоқтаў ҳәм тоқтап турып қағыйдаларын тәртипке салады. Бул белги жолдың қайсы тәрепине орнатылған болса, сол тәрепте күшке ийе. Яғный, белги орнатылған тәрепке машина қойыўға болмайды, ал қарама-қарсы тәрепине қойыў мүмкин.

Видеоны тамаша етип, толық мағлыўмат алсаңыз болады.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
12.6K views15:10
Ochish/sharhlash