Get Mystery Box with random crypto!

Жол бойында сатылып атырған музқаймақларды жемең - Санэпид Са | KRuz.uz |Рәсмий канал

Жол бойында сатылып атырған музқаймақларды жемең - Санэпид

Санитария -эпидемиология комитети жол бойында сатылып атырған, ислеп шығарылған жери белгисиз музқаймақларды жемеўге шақырмақта.

Хабарға көре, усы түрдеги музқаймақ салынған ыдыслар өнимди сапалы түрде сақлап бере алмайды. Буннан тысқары, ол қашан, қайда, қандай шараятта ислеп шығарылғанлығы, оның қурамы, сақлаў мүддети ҳәм шараяты ҳаққында ҳеш қандай мағлыўмат жоқ. Сатыўшы да өзи сатып атырған сапасы ҳәм қурамы ҳаққында мағлыўматқа ийе емес.

«Музқаймақ салынған ыдыслардың бүгинги күнде санитария -гигиена тәрептен жағдайы талапқа улыўма жуўап бермейди. Өнимди көшеде сатыў ушын тийисли рухсатнама ҳәм сертификат жоқ. Сатыўшылар арнаўлы кийим менен тәмийинленбеген. Медициналық көрик дәптерлери де жоқ. Талапқа көре, азық-аўқат өнимлери саўдасы менен шуғылланатуғын хызметкерлер ҳәр 6 айда медициналық көриктен өтиўи шәрт. Қарыйдар бул сапасы кепилленбеген өнимди жеў ақыбетинде зәҳәрлениў мүмкиншилиги жоқары. Соның менен бирге, жуқпалы кеселликлердиң тарқалыўына да имканият жаратылады», делинеди хабарда.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар