Get Mystery Box with random crypto!

#Тарқатың Қабыллаў басланыўына 4 күн қалды Быйыл дәслепки | KRuz.uz |Рәсмий канал

#Тарқатың

Қабыллаў басланыўына 4 күн қалды


Быйыл дәслепки рет қабыллаў “алдын тест, кейин таңлаў” тийкарында төмендеги еки басқышта әмелге асырылады:

Биринши басқыш: абитуриентлер 5-июньнан 25-июньға шекем (25-июнь күни де) тест ушын дизимнен өтеди. Бунда абитуриентлер тек тест тапсырылатуғын пәнлер комплекси, тәлим тили ҳәм тест тапсырыў аймағын ҳәм кириў имтиханлары қурамында кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан болса, бул имтиханды тапсыратуғын ЖОО таңлайды;

Яғный биринши басқышта ЖОО таңланбайды. Абитуриентлер тек қайсы пәннен, қайсы тилде, қайсы аймақта тест тапсырыўын белгилейди.

Имтиханлар июль-август айларында өткериледи.

Екинши басқыш: абитуриентлер тест толық жуўмақланғаннан кейин 15 күн даўамында ЖОО, бакалавриат тәлим бағдары ҳәм тәлим формасын таңлайды.

Яғный өзиниң алған балына қарай, тестлер өтип болғаннан кейин, қайсы жоқары оқыў орнының қайсы бағдарына тапсырыўын таңлайды. Ойлап алыў, анализ қылыў ушын 15 күн ўақыт болады.

Оқыўға кире алмағанлар не қылады?

Егер абитуриентлер жоқары оқыў орынларына кире алмаса, тестте топлаған балы менен колледж ҳәм (ямаса) техникумды таңлаўы мүмкин. Оқыўға кире алмағанлар ушын колледж ямаса техникум таңлаўға ЖООларға қабыллаўдың жуўмақлаўшы нәтийжеси жәрияланғаннан кейин және 10 күн мүддет бериледи.

@KRuzuz Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар