Get Mystery Box with random crypto!

KRuz.uz |Рәсмий канал

Telegram kanalining logotibi kruzuz — KRuz.uz |Рәсмий канал
Kanaldagi mavzular:
Тарқатың
Kanal manzili: @kruzuz
Toifalar: Savdo , Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 40.34K
Kanalning ta’rifi

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Ratings & Reviews

2.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 2

2024-05-31 11:43:20
Жеңимпазларға эксклюзив саўға тапсырылатуғын сораўнама БҮГИН жуўмақланады

Жеңимпазларға «KRuz.uz»дың арнаўлы эксклюзив саўғасы ўәде етилген сораўнама нәтийжесине бола, саат 13:20 жағдайына Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры Ахмед Реймов 8966 даўыс пенен жетекшилик етпекте.

Оннан кейинги орынларды болса Нөкис Инновациялық институты ректоры Анвар Аъзамов (8877 даўыс) ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық инситуты ректоры ў.ў.а. Қувондиқ Қодиров (1012 даўыс) бәнт еткен. Буннан тысқары:

Рашид Өтениязов527 даўыс;
Байрамбай Еримбетов490 даўыс;
Бердияр Жоллыбеков 483 даўыс.

Атабек Қайыпбергенов380 даўыс;
Орал Атаниязова328 даўыс;
Әдилбай Есимбетов247 даўыс;
Аманжол Аяпов187 даўыс;
Рудакий Алланбаев115 даўыс.

Еслетип өтемиз, сиз өз талабаныңызға усы жылдың 31-май күни саат 20:00 ге шекем даўыс бериўиңиз мүмкин.

Даўыс бериў: @JOO_basshilari_bot
16.4K views08:43
Ochish/sharhlash
2024-05-31 11:02:31
Елликқалада «Lacetti»диң изейкешке аўдарылыўы ақыбетинде 32 жаслы жигит қайтыс болды

Усы жылдың 22-май күни Елликқала районында жасаўшы пуқара Б.И. «Lacetti» маркалы автотранспорт қуралын басқарып баратырғанында руль басқарыўын жоғалтып, изейкешке аўдарылған ҳәм алған аўыр дене жарақаты ақыбетинде қайтыс болған.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
12.7K views08:02
Ochish/sharhlash
2024-05-31 09:31:29
#Тарқатың

Қабыллаў басланыўына 5 күн қалды


Быйыл дәслепки рет қабыллаў “алдын тест, кейин таңлаў” тийкарында төмендеги еки басқышта әмелге асырылады:

Биринши басқыш: абитуриентлер 5-июньнан 25-июньға шекем (25-июнь күни де) тест ушын дизимнен өтеди. Бунда абитуриентлер тек тест тапсырылатуғын пәнлер комплекси, тәлим тили ҳәм тест тапсырыў аймағын ҳәм кириў имтиханлары қурамында кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан болса, бул имтиханды тапсыратуғын ЖОО таңлайды;

Яғный биринши басқышта ЖОО таңланбайды. Абитуриентлер тек қайсы пәннен, қайсы тилде, қайсы аймақта тест тапсырыўын белгилейди.

Имтиханлар июль-август айларында өткериледи.

Екинши басқыш: абитуриентлер тест толық жуўмақланғаннан кейин 15 күн даўамында ЖОО, бакалавриат тәлим бағдары ҳәм тәлим формасын таңлайды.

Яғный өзиниң алған балына қарай, тестлер өтип болғаннан кейин, қайсы жоқары оқыў орнының қайсы бағдарына тапсырыўын таңлайды. Ойлап алыў, анализ қылыў ушын 15 күн ўақыт болады.

Оқыўға кире алмағанлар не қылады?

Егер абитуриентлер жоқары оқыў орынларына кире алмаса, тестте топлаған балы менен колледж ҳәм (ямаса) техникумды таңлаўы мүмкин. Оқыўға кире алмағанлар ушын колледж ямаса техникум таңлаўға ЖООларға қабыллаўдың жуўмақлаўшы нәтийжеси жәрияланғаннан кейин және 10 күн мүддет бериледи.

@KRuzuz Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
14.0K views06:31
Ochish/sharhlash
2024-05-31 08:48:18
Еслетип өтемиз, сиз өз талабаныңызға усы жылдың 31-май күни саат 20:00 ге шекем даўыс бериўиңиз мүмкин.

Даўыс бериў: @JOO_basshilari_bot
14.3K viewsedited  05:48
Ochish/sharhlash
2024-05-31 08:37:30
Ең жоқары процентли шет ел валютасындағы аманатлар

(2024-жыл, 28-май жағдайына)

MKBank
◦ процент ставкасы – жыллық 9 процент;
◦ мүддети – 24 ай;
◦ ең кем муғдары – $100;
◦ қосымша қаржы киргизиў – мүмкин;

Анорбанк
◦ процент ставкасы – жыллық 9 процент;
◦ мүддети – 24 ай;
◦ ең кем муғдары – $1000;
◦ қосымша қаржы киргизиў – дәслепки 6 ай даўамында;

Капиталбанк
◦ процент ставкасы – жыллық 8 процент;
◦ мүддети – 25 ай;
◦ ең кем муғдары – $100;
◦ қосымша қаржы киргизиў – мүмкин емес;

Анорбанк
◦ процент ставкасы – жыллық 8 процент;
◦ мүддети – 24 ай;
◦ ең кем муғдары – $1000 ;
◦ қосымша қаржы киргизиў – мүмкин емес;

Асакабанк
◦ процент ставкасы – жыллық 7,5 процент;
◦ мүддети – 24 ай;
◦ ең кем муғдары – $50;
◦ қосымша қаржы киргизиў – мүмкин;

Даврбанк
◦ процент ставкасы – жыллық 7,5 процент;
◦ мүддети – 25 ай;
◦ ең кем муғдары – $100;
◦ қосымша қаржы киргизиў – мүмкин;

MKBank
◦ процент ставкасы – жыллық 7,5 процент;
◦ мүддети – 36 ай;
◦ ең кем муғдары – $100;
◦ қосымша қаржы киргизиў – мүмкин;

InfinBank
◦ процент ставкасы – жыллық 7,5 процент;
◦ мүддети – 24 ай;
◦ ең кем муғдары – $1000;
◦ қосымша қаржы киргизиў – дәслепки 6 ай даўамында.

Миллий валютадағы жоқары процентли аманатлар дизими усы жерде.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
12.7K views05:37
Ochish/sharhlash
2024-05-31 06:43:16
Жол бойында сатылып атырған музқаймақларды жемең - Санэпид

Санитария -эпидемиология комитети жол бойында сатылып атырған, ислеп шығарылған жери белгисиз музқаймақларды жемеўге шақырмақта.

Хабарға көре, усы түрдеги музқаймақ салынған ыдыслар өнимди сапалы түрде сақлап бере алмайды. Буннан тысқары, ол қашан, қайда, қандай шараятта ислеп шығарылғанлығы, оның қурамы, сақлаў мүддети ҳәм шараяты ҳаққында ҳеш қандай мағлыўмат жоқ. Сатыўшы да өзи сатып атырған сапасы ҳәм қурамы ҳаққында мағлыўматқа ийе емес.

«Музқаймақ салынған ыдыслардың бүгинги күнде санитария -гигиена тәрептен жағдайы талапқа улыўма жуўап бермейди. Өнимди көшеде сатыў ушын тийисли рухсатнама ҳәм сертификат жоқ. Сатыўшылар арнаўлы кийим менен тәмийинленбеген. Медициналық көрик дәптерлери де жоқ. Талапқа көре, азық-аўқат өнимлери саўдасы менен шуғылланатуғын хызметкерлер ҳәр 6 айда медициналық көриктен өтиўи шәрт. Қарыйдар бул сапасы кепилленбеген өнимди жеў ақыбетинде зәҳәрлениў мүмкиншилиги жоқары. Соның менен бирге, жуқпалы кеселликлердиң тарқалыўына да имканият жаратылады», делинеди хабарда.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
18.2K views03:43
Ochish/sharhlash
2024-05-28 09:26:33
Батумиға төрт адамлық шаңарақлық тур $1645!

Locas'тан шекленген усыныс — Қара теңиз жағасында супер баҳада әжайып дем алыс! Шаңарағыңыз бенен Батумидиң әжайып тәбият көринислери, таза теңизи ҳәм гөззал тәбиятынан заўықланып, ўақыт өткериң.

Тур сәнеси: 04.06 - 11.06

Тур баҳасы: бир шаңараққа 1645 $дан
(2 үлкенлер + 12 жасқа шекемги 2 бала)

Тур баҳасына төмендегилер киритилген:
Туўрыдан-туўры ушыў;
Мийманханада жасаў;
Трансфер;
Медициналық қамсызландырыў.

Басқа турлар ҳаққында мағлыўмат усы жерде

787777377| Телеграм: @LocasTourbot
5.4K views06:26
Ochish/sharhlash
2024-05-28 08:58:32
Өзлестириўи төмен студентлерге тәлим кредити студент контракттың 20 процентин төлеген жағдайда ғана ажыратылады

Президенттиң Пәрманына тийкар, жоқары оқыў орынларының 2 ҳәм оннан жоқарғы курс студентлериниң пәнлерди өзлестириў көрсеткиши (grade point average) «3» тен пәс болған жағдайда контракт суммасының көби менен 80% муғдарында ажыратылады.

Бунда кредит контракт суммасының дәслепки 20 проценти студент тәрепинен төленгеннен кейин ажыратылады.

Постты студентлер ҳәм абитуриентлерге тарқатың.

#

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
5.5K views05:58
Ochish/sharhlash
2024-05-28 07:56:00
Ендигиден былай тәлим кредити тек ғана күндизги тәлимде оқып атырған студентлерге бериледи

Сондай-ақ, енди екинши ҳәм одан жоқары курс студентлери ушын пәнлерди өзлестириўдиң орташа көрсеткиши “3” ден төмен болған жағдайда тәлим кредити төлемли-контракт суммасының көби менен 80 проценти муғдарында ажратылады

(“Социаллық қорғаўдың бирден-бир рэестри”не киргизилген шаңарақлардың перзентлеринен тысқары).

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
6.0K views04:56
Ochish/sharhlash
2024-05-28 07:35:06
HEMIS бағдарламасына жалғанбаған меншикли ЖООлардың студентлерине тәлим кредити берилмейди

Жаңа оқыў жылынан баслап, тәлим кредити:

жоқары билимлендириў шөлкемлери студентлери ушын - студентлер ҳаққындағы мағлыўматлар kontrakt.edu.uz мәлимлеме системасы ҳәм “Жоқары билимлендириў процесслерин басқарыў” (HEMIS) информация системасында бар болғанда;

профессионал билимлендириў шөлкемлери оқыўшылары ушын - оқыўшылар ҳаққындағы мағлыўматлар prof.edu.uz мәлимлеме системасында бар болғанда ажратылады.

Өзиниң программалық тәмийнатына ийе болған жоқары ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлери тәлим кредитин алыў ушын Жоқары билимлендириў, илим ва инновациялар министрлигиниң тийисли мәлимлеме системаларына өзиниң мәлимлеме системасын интеграция етиўи ямаса олардан пайдаланыўы мәжбүрий есапланады.

Басқаша айтқанда, меншикли ҳәм мәмлекетлик емес ЖООларының системасы "HEMIS" ке жалғанбаған болса, бул ЖОО студентлерине тәлим кредити ажыратылмайды.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
6.1K viewsedited  04:35
Ochish/sharhlash