Get Mystery Box with random crypto!

KRuz.uz |Рәсмий канал

Kanal manzili: @kruzuz
Toifalar: Savdo , Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 33.63K
Kanalning ta’rifi

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @PRUZ12

Ratings & Reviews

2.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 9

2024-05-22 14:20:49
Қоңыратта қойлардың қарны жарып кетилгени айтылмақта

Социаллық тармақларда Қоңырат районында қойлардың қарны белгисиз зат тәрепинен жарып кетилгени айтылған хабарлар тарқалмақта.

«KRuz.uz» жоқарыдағы жағдай бойынша тийисли шөлкемлерден рәсмий мағлыўмат күтип қалады.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
10.9K views11:20
Ochish/sharhlash
2024-05-22 12:09:26
#Вакансия

Қарақалпақстанның қала ҳәм районларындағы бос жумыс орынлары жәрияланды

Қарақалпақстанның 8 районы бойынша бос жумыс орынларын жәрияланды. Төменлеги силтемелер үстине басып толық танысыўыңыз мүмкин.

Әмиўдәрья районы

Төрткүл районы

Беруний районы

Елликқала районы

Кегейли районы

Қараөзек районы

Қанлыкөл районы

Бозатаў районы

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
10.5K views09:09
Ochish/sharhlash
2024-05-22 09:50:42
Қарақалпақстанда ҳәмиледар ҳаял 3-қабаттан өзин таслады

2024-жыл 15-май күни саат 20:40 та Ана ҳәм бала саламатлығы илимий әмелий медицина орайының Реанимация бөлимине 1990-жылы туўылған пуқара М.Ю биринши ҳәмиледарлығы менен жатқызылған. Мәлим болыўынша, ол сол имараттың 3-қабат айнасынан өзин таслап жибереди ҳәм орта дәрежедеги дене жарақатларын алады.

Нөкис қаласы тез медициналық жәрдем орайына көширилген наўқас бойынша жумысшы топар жағдайды үйренгенде, Қашқадәрьяда туўылған бул пуқара бурын нәсиллик кеселликлер (психоз) бойынша дизимде турғаны анықланған.

Жағдай шеңберинен бир қатар хызметкерлерге интизамый шара көрилип, ҳәзирде ана ҳәм баланың саламатлығы турақлы шыпакерлер қадағалаўында екени, ҳеш қандай қәўип жоқлығы мәлим етилди.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
11.6K viewsedited  06:50
Ochish/sharhlash
2024-05-21 21:31:06
«Ең үлгили ЖОО басшысы» сораўнамасының статистикасы

21-май, саат 22:30 жағдайына бола:

Анвар Азъамов — 1186 даўыс;
Рашид Өтениязов — 462 даўыс;
Әдилбай Есимбетов — 166 даўыс.

Ахмед Реймов — 146 даўыс;
Бердияр Жоллыбеков — 143 даўыс;
Байрамбай Еримбетов — 90 даўыс;
Рудакий Алланбаев — 80 даўыс.

Қувондиқ Қодиров — 75 даўыс;
Атабек Қайыпбергенов — 69 даўыс;
Аманжол Аяпов — 55 даўыс;
Орал Атаниязова — 39 даўыс.

Сиз өз талабаныңызға усы жылдың 31-май күни саат 20:00 ге шекем даўыс бериўиңиз мүмкин. Жеңимпазлар «KRuz.uz»дың арнаўлы эксклюзив саўғасы менен сыйлықланады.

Даўыс бериў: @JOO_basshilari_bot
15.7K views18:31
Ochish/sharhlash
2024-05-21 16:01:05
8-класслар ушын Қарақалпақстан географиясы пәни енгизилиўи күтилмекте

ҚР Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги Республикалық билимлендириў орайы 2024-жыл 20-май сәнесинен 20-июнь күнге шекем оқыў қарақалпақ тилинде алып барылатуғын мектеплердиң 8-класслары ушын Қарақалпақстан география пәнинен сабақлық ҳәм оқыў методикалық қолланбаларын миллий оқыў бағдарламасы тийкарында жаратыў бойынша дүзиўшилер таңлаўын өткеретуғынлығын жәриялады.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
13.0K views13:01
Ochish/sharhlash
2024-05-21 15:35:10
"Сонғы қоңыраў"ға пул жыйнаў, сейилге шығыў қадаған етиледи — министр

Мектеплерде оқыў жуўмақланып, "Сонғы қоңыраў" өткерилиўине байланыслы ҚР Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри Гүлистан Кожабаева ескертиў менен шықты.

2023-2024-оқыў жылында питкериўши оқыўшы жаслар ушын «Сонғы қоңыраў» қағылады. Усы мүнәсибет пенен, мектептиң қурылыс оңлаў жумыслары, мәмлекетлик имтиханлар,  мектепке, директорға, оның орынбасарларына, оқытыўшыларға саўға бериў ямаса пул жыйнаў қадаған етиледи.

Сондай-ақ, питкериўшилер ресторан, кафе, үйлерде, кеўил ашар орынларда ҳәр түрли илажларды шөлкемлестириў, суў ҳәўизлеринде шомылыў ҳәм жеңил автомашыналарда сейил етиў қадаған етиледи.

Мектеплерде жоқарыда атап өтилген жағдайлар анықланса, нызам шеңберинде жуўапкершиликке себеп болады.

Министрлик илажларға пул жыйнаў жағдайлары ушырасып атырған болса (61) 222-94-45 ИСЕНИМ ТЕЛЕФОН номерине қоңыраў етип яки @QRmshmbministrligi_bot'қа мүрәжат жоллаў мүмкинлигин мәлим етти.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
13.5K views12:35
Ochish/sharhlash
2024-05-19 17:11:22
Қарақалпақстанның 5 аймағына ишимлик суўын жеткерип бериў ўақытша тоқтатылады

«Түйемойын-Нөкис» магистрал ишимлик суў тармағы арқалы тәмийинленетуғын Төрткүл, Елликқала, Беруний районлары, сондай-ақ, Қаратаў посёлкасы ҳәм Назархан (Бердақ совхозы) аймақларына ишимлик суўын жеткизип бериў ўақытша тоқтатылады.

Себеби, «Түйемойын-Нөкис» суў тазалаў тарнаўындағы д-1400 мм болған магистрал суў тармағында авариялық жағдай жүзеге келген.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
6.7K views14:11
Ochish/sharhlash
2024-05-19 12:30:35
Қарақалпақстанда автомобиль жолына зыян жеткенлиги себепли айланба жол шөлкемлестирилди

Республика бойлап бир неше күннен берли жаўып атырған жаўын-шашын автомобиль жолының мәлим бир бөлимине өзиниң унамсыз тәсирин тийгизип, тәбийғый апат жағдайын жүзеге келтирди.

Бул  жағдай А380 автомобиль жолының 665-километринде жүз берген еди. Ҳәзирги ўақытта автомобиль жолындағы ҳәрекетти қайта тиклеў мәқсетинде барлық илажлар алып барылмақта, сондай-ақ, автотранспортлардың ўақытша ҳәрекетлениўи ушын айланба жол шөлкемлестирилди.

Қысқа ўақыт ишинде жүзеге келген жағдай толығы менен сапластырылады.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
8.0K viewsedited  09:30
Ochish/sharhlash
2024-05-19 11:33:58
Күшли жаўын себепли «Султан Ўайс» аймағындағы инфраструктураларға зыян жеткен

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
8.6K viewsedited  08:33
Ochish/sharhlash
2024-05-18 15:36:06
Педагоглар мәжбүрий медицианлық кѳриктен бийпул ѳткериледи

Мәмлекетлик мектепке шекемги, улыўма орта ҳәм орта арнаўлы билимлендириў шѳлкемлериниң тиккелей балаларға билим ҳәм тәрбия бериў менен бәнт болған педагоглары мәмлекетлик денсаўлықты сақлаў мәкемелеринде мәжбүрий медицианлық кѳриктен бийпул ѳткериледи.

Мәмлекетлик ден саўлықты сақлаў мәкемелеринде мәмлекетлик билимлендириў шѳлкемлериниң педагогларын мәжбүрий бийпул медициналық кѳриктен ѳткериў Мәмлекет бюджети қаржылары есабынан әмелге асырылады.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9.6K views12:36
Ochish/sharhlash