Get Mystery Box with random crypto!

KRuz.uz |Рәсмий канал

Kanal manzili: @kruzuz
Toifalar: Savdo , Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 32.73K
Kanalning ta’rifi

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @PRUZ12

Ratings & Reviews

2.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 6

2024-06-04 14:28:07
#Тарқатың

Ертеңнен баслап ЖООларға қабыллаў басланады

Быйыл дәслепки рет қабыллаў “алдын тест, кейин таңлаў” тийкарында төмендеги еки басқышта әмелге асырылады:

Биринши басқыш: абитуриентлер 5-июньнан 25-июньға шекем (25-июнь күни де) тест ушын дизимнен өтеди. Бунда абитуриентлер тек тест тапсырылатуғын пәнлер комплекси, тәлим тили ҳәм тест тапсырыў аймағын ҳәм кириў имтиханлары қурамында кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан болса, бул имтиханды тапсыратуғын ЖОО таңлайды;

Яғный биринши басқышта ЖОО таңланбайды. Абитуриентлер тек қайсы пәннен, қайсы тилде, қайсы аймақта тест тапсырыўын белгилейди.

Имтиханлар июль-август айларында өткериледи.

Екинши басқыш: абитуриентлер тест толық жуўмақланғаннан кейин 15 күн даўамында ЖОО, бакалавриат тәлим бағдары ҳәм тәлим формасын таңлайды.

Яғный өзиниң алған балына қарай, тестлер өтип болғаннан кейин, қайсы жоқары оқыў орнының қайсы бағдарына тапсырыўын таңлайды. Ойлап алыў, анализ қылыў ушын 15 күн ўақыт болады.

Оқыўға кире алмағанлар не қылады?

Егер абитуриентлер жоқары оқыў орынларына кире алмаса, тестте топлаған балы менен колледж ҳәм (ямаса) техникумды таңлаўы мүмкин. Оқыўға кире алмағанлар ушын колледж ямаса техникум таңлаўға ЖООларға қабыллаўдың жуўмақлаўшы нәтийжеси жәрияланғаннан кейин және 10 күн мүддет бериледи.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
11.7K views11:28
Ochish/sharhlash
2024-06-04 13:44:09 Академиялық лицейлерге қабыллаў квоталары тастыйықланды

2024-2025-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынлары ықтыярындағы академиялық лицейлерге қабыллаў параметрлериниң тәлим бағдарлары ҳәм оқытыў тиллери бойынша квоталар тастыйықланды.

Оған бола, 71 академиялық лицейге жәми 15 496 квота, соннан, 12 324 өзбек, 2 730 рус ҳәм 442 қарақалпақ тиллери кесиминде ажыратылды.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
10.6K views10:44
Ochish/sharhlash
2024-06-04 13:20:18
Бәндиргиниң орнын өзгертпекшимиз

Тармақта пуқараларды мәдениятлылыққа, тәртипке үгит-нәсиятлап атырған Алишер Акимов жаңа видео жайластырды.

Онда ең көп ушырайтуғын жағдай, пуқаралардың бәндиргилерде емес, жол бойларында жайылып автомобиль күтиўи жағдайы сөз етилген.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
10.6K views10:20
Ochish/sharhlash
2024-06-04 13:03:42
Qaraqalpaqstanlılar dıqqatına! Ja'rdemin'iz kerek!

Kishi sorawnamamızda qatnasıwın'ızdi soraymız!

Sorawnama siltemesi: https://forms.gle/g2VchvG3iiqmei1v6
10.8K views10:03
Ochish/sharhlash
2024-06-04 12:08:43
Қоңсы Қырғызстанның Олой районында 10 см қалыңлықта қар жаўды

Видео Ош – Сары-тас – Иркештам жолында сүўретке алынған.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
11.2K views09:08
Ochish/sharhlash
2024-06-04 09:56:01
Тест сынағы ушын төлем төлемейтуғын абитуриентлер категориясы мәлим етилди

Нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте тест сынағы төлеминен азат етилген абитуриентлердиң категориялары мәлим етилди.

Оған бола:

тест сынақлары өткерилип атырған жылда билимлендириў мәкемелерин питкерген абитуриентлер;
майыплығы болған шахслар;
толық мәмлекет тәмийнатындағы шахслар (меҳрибанлық үйи ҳәм балалар қалашасының питкериўшилери);
«Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасында дизимге алынған шахслар ҳәм олардың перзентлери;
«Жаслар дәптери»не киргизилген жаслар;
жеңиллик тийкарында тиккелей студентликке усыныс етилетуғын абитуриентлер төлемди әмелге асырмайды.

Еслетип өтемиз, абитуриентлер ушын быйылғы төлем муғдары – 170 мың сом.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
11.6K views06:56
Ochish/sharhlash
2024-06-04 08:56:55
Дүзетиў

«Биткоин, ноткоин ҳәм криптовалюталар менен саўда-сатық ислеў шәрият бойынша мүмкин емес», деп хабар тарқатқан Пәтиўа орайы бул техникалық қәте екенин мәлим етти ҳәм кеширим сорады.

Бул мәселе еле үйренилип атырған екен.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
11.9K views05:56
Ochish/sharhlash
2024-06-04 07:54:13
Армияға барыўдан бас тартқанлар 1 млн 700 мың сумға шекем жәрийма төлейди

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 237-статьясына муўапық, әскерий ямаса альтернатив хызметтен бас тартыў БЕМниң 2 есесинен 5 есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
12.1K views04:54
Ochish/sharhlash
2024-06-03 19:23:34
Қарақалпақстанлы абитуриентлерге қосымша 6 500 квота быйыл да бериле ме?

Президент пәрманы менен Қарақалпақстан Республикасында турақлы жасаўшы, улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерин питкерген абитуриентлер ушын төлемли контракт тийкарындағы қосымша 6 500 квота быйыл да ажыратылады.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
16.9K views16:23
Ochish/sharhlash
2024-06-03 15:30:46
Тәбийий газ жетип бармаған аймақлар ушын «свет»тиң социаллық нормасын көбейтиў жобаластырылмақта

Ҳәммеге белгили, Ҳүкиметтиң қарары менен электр энергиясы ҳәм тәбийий газ ушын социаллық нормалар белгиленген.

Яғный, таза тәртип бойынша «свет» ушын социаллық норма 200 кВт/саат етип белгиленген болып, сол нормаға шекем «свет» баҳасы 450 сумнан болса, 200 кВт/сааттан артық болғанда «свет»тиң баҳасы еки есе көбейип – 900 сум болады.

Сонлықтан, Олий Мажлис депутаты Д.Ғаниев республиканың айырым аймақларында тәбийий газ жетип бармағанлығы себепли ол аймақлар қыс мәўсиминде электр энергиясын көбирек пайдаланыўын есапқа алған ҳалда сол жерлерде жасаўшы халық ушын электр энергиясының социаллық нормасын көбейтиўди усыныс берген.

Бас министрдиң орынбасары Ж.Кўчқаров бул мәселе үстинде жумыс алып барылып атырғанлығын билдирген.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
13.2K views12:30
Ochish/sharhlash