Get Mystery Box with random crypto!

KRuz.uz |Рәсмий канал

Kanal manzili: @kruzuz
Toifalar: Savdo , Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 21.37K
Kanalning ta’rifi

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Ratings & Reviews

2.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar

2024-05-14 14:02:02
Шымбайда IT-қалаша шөлкемлестириледи

Бул IT-қалашада жаслар IT, шет тили ҳәм заманагөй кәсиплер бойынша бийпул оқытылады.

Соның менен бирге, Бирден-бир коммунал хызметлер платформасын енгизиў арқалы тутыныўшылар 8 коммунал шөлкем хызметлери ушын төлемлерди әмелге асырыўы мүмкин. Онда 14 тен артық кеңселер мағлыўматларын бир жерге жыйнаў ҳәм автоматластырылған ҳалда бөлистириў имканияты жүзеге келеди.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
5.2K views11:02
Ochish/sharhlash
2024-05-14 12:50:13
Пуқараларға күшли тәсир етиўши дәри сатқанлар анықланды

Мәлим болыўынша, “Н.Л.” ЖШЖ дәриханасы басшысы Г.Н. ҳәм “Р.П.Ҳ.” меншикли кәрханасы дәрихана сатыўшысы М.Т. пуқаралар Б.Е. ҳәм М.Т.ға 2 түрдеги күшли тәсир етиўши дәри өнимлерин жәми 2,8 млн сомға сатқан ўақтында қолға алынған. Оператив илаж Департаменттиң Нөкис ҳәм Қанлыкөл район бөлимлери тәрепинен өткерилген.

Ҳәзирде жоқарыдағы жағдай бойынша ӨзР Жынаят кодексиниң тийисли статясы менен жынаят иси қозғатылған.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
6.0K views09:50
Ochish/sharhlash
2024-05-14 09:01:04
Малида аўызеки әскерий шынығыўлардан көринислер

Үлкен итимал менен оқлар қымбатқа алынған, зая етпеўге ҳәрекет етилмекте.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
7.4K views06:01
Ochish/sharhlash
2024-05-14 08:00:36
Нызамсыз өзлестирилген жерлер енди дронлар жәрдеминде анықланбақта

Дронлар жәрдеминде жер ҳәм кадастр қадағалаў илажлары даўамында, Төрткүл районы "Ота юрт" АПЖ аймағында жасаўшы пуқаралар тәрепинен өзбасымшалық пенен улыўма майданы 680 кв.м болған жер майданын ийелеп, турақ жай салыў мақсетинде фундамент қуйғаны анықланды.

Жағдайға тийисли тәртипте Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң арнаўлы статьясына тийкар пуқараға нызамсыз ҳәрекет ақыбетлери түсиндирилген.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
8.0K views05:00
Ochish/sharhlash
2024-05-14 07:03:01
«Соңғы қоңыраў» илажы шекленген ҳалда өткериледи

25-май күни илаж 1 саат даўам етеди, оған 1, 4, 9, 11-класс оқыўшылары қатнастырылады. Түрли ресторан ҳәм кафелер, үйлерде «Питкериў кешеси»н өткериў, оқыўшылардан пул жыйнаў қадаған етиледи.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
8.2K views04:03
Ochish/sharhlash
2024-05-14 06:46:18
Балалар напақасы ямаса материаллық жәрдем тайынлаўдың жаңа тәртибин билесиз бе?

Жоқарыдағы видео арқалы онлайн арза бериў тәртиби ҳаққында толық мағлыўмат алың.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9.1K views03:46
Ochish/sharhlash
2024-05-13 16:43:16
Қазақстанның алдынғы экономика министри ҳаялын өлтиргени ушын қамалды

Ҳаялы Салтанат Нукенованы өлтиргени ушын Қуўандық Бишимбаев 24 жыл мүддетке азатлықтан айрылды.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
8.9K views13:43
Ochish/sharhlash
2024-05-13 16:22:39
Кегейли районы ҳәкимине орынбасар тайынланды

Жумабай Қайыпназаров — Кегейли районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
8.7K views13:22
Ochish/sharhlash
2024-05-13 12:25:44
Аралбойы тәбият бағындағы фотоқақпанға сағалдың балық аўлаў процеси тусти

Бүгинги күнде бул миллий бағда 91 түрдеги омыртқалы ҳайўанлар бар. Олардан 16 түри сут емизиўши, 8 түри жер баўырлаўшы ҳәм 67 түри қуслар есапланады. Булардан 13 түр ҳайўан Қызыл китапқа киритилген.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9.4K views09:25
Ochish/sharhlash
2024-05-13 09:41:18
Қарақалпақстанда бала урылары пайда болды ма?

Әмиўдәрья районы Манғыт қаласында бир топар шахслар мектепке кетип баратырған балаларды тоқтатып, «мектепке алып барып қоямыз, зат алып беремиз», деп алдап машинасына миндирмекши болғаны ҳаққында хабарлар тарқалды. Кейиншелли бул жағдай Беруний районында жүз бергени айтылды.

«KRuz.uz» Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигинен хабарларға анықлық киргизип, рәсмий мағлыўмат бериўин сорайды.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
11.8K viewsedited  06:41
Ochish/sharhlash