Get Mystery Box with random crypto!

«Қарақалпақстандағы ең үлгили ЖОО басшысы» — Анвар Аъзамов Ха | KRuz.uz |Рәсмий канал

«Қарақалпақстандағы ең үлгили ЖОО басшысы»Анвар Аъзамов

Хабарыңыз бар, усы жылдың 19-май күни
«KRuz.uz» рәсмий телеграм каналы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасындағы қайсы мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларының басшылары жаслар менен ислесиўде, олардың машқалаларына шешим табыўда, сондай-ақ, өзиниң ўәкиллиги шеңберинде нәтийжели жумыс алып барып атырғанлығын анықлаў мақсетинде «Ең үлгили ЖОО басшысы» сораўнамасына старт берилген еди.

Бүгин, саат 20:00 де сораўнама өз жуўмағына жетти. Сораўнама нәтийжесине бола, Нөкис инновациялық институтының ректоры Анвар Аъзамов 13 мың 572 даўыс пенен сыйлы 1-орынды қолға киргизди.

Буннан тысқары, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры Ахмед Реймов 10 мың 300 даўыс пенен сыйлы 2-орынды, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Қувондиқ Қодиров 1 мың 44 даўыс пенен сыйлы 3-орынды қолға киргизиўге миясар болды.

Еслетип өтемиз, жеңимпазлар тез күнде «KRuz.uz»дың арнаўлы эксклюзив саўғасы менен сыйлықланады ҳәм бул бойынша социаллық тармақлардағы бетлеримиз арқалы жуўмақлаўшы пост жәриялаймыз.

Сораўнамада белсендилик көрсеткен бәршеге миннетдаршылық билдиремиз!

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар