Get Mystery Box with random crypto!

«Биткоин, ноткоин ҳәм криптовалюталар менен саўда-сатық ислеў | KRuz.uz |Рәсмий канал

«Биткоин, ноткоин ҳәм криптовалюталар менен саўда-сатық ислеў мүмкин емес» — Пәтиўа орайы

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтиўа орайы Ислам дининде биткоин, ноткоин ҳәм басқа сол сыяқлы криптовалюталарда саўда-сатық ислеўге мүнәсибет қандай екенлиги ҳаққындағы сораўға жуўап берди.

Пәтиўа орайына бола, криптовалюталарды өз-ара алмастырыў ҳәм олар менен саўда-сатық ислеў (шәрият бойынша) мүмкин емес. Себеби, криптовалюталарда шәрият тәрепинен пулға қойылған талаплар табылмайды.

Сондай-ақ, оларды бир мәмлекет ислеп шығармағаны ямаса рәсмий тән алмағаны, олардың баҳасы кескин өзгерип туратуғыны және онда қумар белгилери бар екенлиги оның ҳарам екенлигине тийкар болады.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар