Get Mystery Box with random crypto!

KRuz.uz |Рәсмий канал

Telegram kanalining logotibi kruzuz — KRuz.uz |Рәсмий канал
Kanaldagi mavzular:
Тарқатың
Kanal manzili: @kruzuz
Toifalar: Savdo , Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 40.34K
Kanalning ta’rifi

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Ratings & Reviews

2.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 7

2024-05-14 07:03:01
«Соңғы қоңыраў» илажы шекленген ҳалда өткериледи

25-май күни илаж 1 саат даўам етеди, оған 1, 4, 9, 11-класс оқыўшылары қатнастырылады. Түрли ресторан ҳәм кафелер, үйлерде «Питкериў кешеси»н өткериў, оқыўшылардан пул жыйнаў қадаған етиледи.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
8.2K views04:03
Ochish/sharhlash
2024-05-14 06:46:18
Балалар напақасы ямаса материаллық жәрдем тайынлаўдың жаңа тәртибин билесиз бе?

Жоқарыдағы видео арқалы онлайн арза бериў тәртиби ҳаққында толық мағлыўмат алың.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9.1K views03:46
Ochish/sharhlash
2024-05-13 16:43:16
Қазақстанның алдынғы экономика министри ҳаялын өлтиргени ушын қамалды

Ҳаялы Салтанат Нукенованы өлтиргени ушын Қуўандық Бишимбаев 24 жыл мүддетке азатлықтан айрылды.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
8.9K views13:43
Ochish/sharhlash
2024-05-13 16:22:39
Кегейли районы ҳәкимине орынбасар тайынланды

Жумабай Қайыпназаров — Кегейли районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
8.7K views13:22
Ochish/sharhlash
2024-05-13 12:25:44
Аралбойы тәбият бағындағы фотоқақпанға сағалдың балық аўлаў процеси тусти

Бүгинги күнде бул миллий бағда 91 түрдеги омыртқалы ҳайўанлар бар. Олардан 16 түри сут емизиўши, 8 түри жер баўырлаўшы ҳәм 67 түри қуслар есапланады. Булардан 13 түр ҳайўан Қызыл китапқа киритилген.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9.4K views09:25
Ochish/sharhlash
2024-05-13 09:41:18
Қарақалпақстанда бала урылары пайда болды ма?

Әмиўдәрья районы Манғыт қаласында бир топар шахслар мектепке кетип баратырған балаларды тоқтатып, «мектепке алып барып қоямыз, зат алып беремиз», деп алдап машинасына миндирмекши болғаны ҳаққында хабарлар тарқалды. Кейиншелли бул жағдай Беруний районында жүз бергени айтылды.

«KRuz.uz» Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигинен хабарларға анықлық киргизип, рәсмий мағлыўмат бериўин сорайды.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
11.8K viewsedited  06:41
Ochish/sharhlash
2024-05-13 09:37:04
Орайлық Банкиниң Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасы тайынланды

Исаков Айдос - Өзбекстан Республикасы Орайлық Банкиниң Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасы баслығы лаўазымына тайынланды.

Тайынлаўға шекем А.Исаков Өзбекстан Республикасы Орайлық Банки системасында бир қатар жуўапкершиликли лаўазымларда жумыс алып барған.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9.4K viewsedited  06:37
Ochish/sharhlash
2024-05-13 08:21:22
Оқыўшылар мектеп формасын кийиў тәртибине әмел етпесе қандай шара қолланылады?

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл, 15-август күнги 666-санлы қарарына тийкар,  оқыўшылардың мектеп формасын кийиў тәртибине әмел етпеўи билимлендириў мәкемесиниң ишки тәртип-қағыйдаларын бузыў деп баҳаланады ҳәм бундай оқыўшыларға төмендеги шаралар қолланылыўы мүмкин:

ескертиў;
күнделик дәптерине жазып жибериў;
түсиндириў жумысларын алып барыў ушын ата-анасына хабар бериў;
пуқаралардың өзин-өзи басқарыў шөлкемлери ҳәм билимлендириў мәкемесиндеги жыйналысларда ата-аналар қатнасыўында додалаў.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9.5K views05:21
Ochish/sharhlash
2024-05-11 17:26:05
Шарапатдин Балтабаев Астанада болып өткен турнирде чемпион болды

Қарақалпақстанлы спортшы Шарапатдин Балтабаев Астана қаласында өткерилип атырған «Үлкен дубылға» турнириниң финал беллесиўинде германиялы Тимо Кавелиустан үстин келди. Ол алтын медал менен бирге 1000 рейтинг упайын да қолға киргизди.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
10.2K views14:26
Ochish/sharhlash
2024-05-11 16:20:35 Мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына кириў ушын берилетуғын қандай жеңилликлерди билесиз?

2023-жыл басында ЖООларға кириўде берилетуғын жеңилликлер дизими тастыйықланған. Оған бола, кириў имтиханларында 41 түрдеги жеңилликлер бар. Олар арасында мектеп тәрепинен берилетуғын алтын ҳәм гүмис медаллар тилге алынбаған.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
10.2K viewsedited  13:20
Ochish/sharhlash