Get Mystery Box with random crypto!

Тәбийий газ жетип бармаған аймақлар ушын «свет»тиң социаллық н | KRuz.uz |Рәсмий канал

Тәбийий газ жетип бармаған аймақлар ушын «свет»тиң социаллық нормасын көбейтиў жобаластырылмақта

Ҳәммеге белгили, Ҳүкиметтиң қарары менен электр энергиясы ҳәм тәбийий газ ушын социаллық нормалар белгиленген.

Яғный, таза тәртип бойынша «свет» ушын социаллық норма 200 кВт/саат етип белгиленген болып, сол нормаға шекем «свет» баҳасы 450 сумнан болса, 200 кВт/сааттан артық болғанда «свет»тиң баҳасы еки есе көбейип – 900 сум болады.

Сонлықтан, Олий Мажлис депутаты Д.Ғаниев республиканың айырым аймақларында тәбийий газ жетип бармағанлығы себепли ол аймақлар қыс мәўсиминде электр энергиясын көбирек пайдаланыўын есапқа алған ҳалда сол жерлерде жасаўшы халық ушын электр энергиясының социаллық нормасын көбейтиўди усыныс берген.

Бас министрдиң орынбасары Ж.Кўчқаров бул мәселе үстинде жумыс алып барылып атырғанлығын билдирген.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар