Get Mystery Box with random crypto!

KRuz.uz |Рәсмий канал

Kanal manzili: @kruzuz
Toifalar: Savdo , Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 33.63K
Kanalning ta’rifi

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @PRUZ12

Ratings & Reviews

2.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 3

2024-06-09 12:54:28
Ижарада жасайтуғын жас шаңарақларға ҳəр ай 1 млн 20 мың сумға шекем субсидия бериледи

Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл, 7-июнь күнги 312-санлы қарары менен тастыйықланған режеге тийкар, «Жаслар дəптери»не киргизилген жасларға бир қатар жеңилликлер берилген. Атап айтқанда:

«Жаслар дəптери» фондының қаржылары есабынан социаллық қорғаўға мүтəж жас шаңарақларға ҳəр айда БЕМниң (340 000 сум) 3 есесинен (1 млн 20 мың сум) көп болмаған муғдарда 12 айға шекем турақ жай ижарасы ушын субсидия ажыратылыўы белгиленген.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
10.3K views09:54
Ochish/sharhlash
2024-06-09 12:30:33
ЖСШға қосылыў процеси оғада қурамалы екенин түсинемиз. Ҳеш бир мəмлекет ҳақыйқый реформаларсыз раўажланыўға ерисе алмайды.

Мақсет тек Өзбекстанның ЖСШға ағза болыўы ғана емес. Ҳəзирги күнде əмелге асырылып атырған машақатлы, бирақ жүдə әҳмийетли реформалар, биринши гезекте, экономикамызды турақластырыў, халқымыздың турмысын жақсылаўға қаратылған.

Шөлкемге де, дүньяға да бизиң бир талай усынысларымыз бар. Талантлы ҳəм инталы жасларға бай, Орайлық Азия регионында халқы ең тез пəтлерде өсип атырған мəмлекет сыпатында жəҳəнге жаңа идеялар, айрықша тəжирийбелер ҳəм хызметлерди усыныс ете аламыз.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9.3K views09:30
Ochish/sharhlash
2024-06-09 11:59:06
Жазда көзлерди қалай қорғаў керек?

1. Ультрафиолет нурларынан қорғайтуғын көз әйнеклер сайлаң. Бул қуяштың зыянлы нурларынан асырайды. Кең шляпа яки бас кийимлер де оларды зыянлы тәсирлерден сақлайды.

2. Узақ ўақыт қуяш ямаса жақты орталықта болғанда, көзлерди дем алдырыў ушын үзликсиз тәнепис алың. Экранлар (компьютер, телефон, гаджет) алдында турақлы отырыўдан сақланың.

3. Қолды үзликсиз жуўыў ҳәм бетке тиймеў арқалы көзлерди инфекциялардан қорғаң. Соның менен бирге, оларды тез-тез ығалландырып турың.

4. Көзлер саламатлығы ушын пайдалы витамин ҳәм антиоксидантлар, мысалы, А, С, Е витамини, май кислоталарын өз ишине алған азық-аўқатлар жең. Гешир, смалақ, балық ҳәм цитрус мийўелер жақсы дерек есапланады.

5. Жазда көбирек суў ишиў көзлерди қурып қалыўдан асырайды.

6. Қуяш нуры ең күшли болған 10:00 ден 16:00 ге шекем болған ўақытта ашық ҳаўада көп ўақыт өткермеўге ҳәрекет етиң.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9.1K views08:59
Ochish/sharhlash
2024-06-09 11:23:56
Бүгин «Табыслы реформалар — жоқары нəтийжелер» халықаралық конференциясы болып өтти. Конференция қатнасыўшылары билимлендириў сапасы, бул тараўда бар болған тенденциялар бойынша өз пикирлери менен бөлести.

Билимлендириў сапасын жақсылаў — мəмлекетлик сиясаттың, алып барылып атырған реформалардың ең әҳмийетли бағдарларынан бири.

Педагоглар жəмийетте ең әҳмийетли орын тутқан кəсип ийелери болып есапланады. Инсанды тəрбиялап, əтираптағыларға, мəдениятқа, ўатанға мүнәсибетимизди қəлиплестиретуғын тийкарынан усылар. Егер мəмлекетти бир терек деп алсақ, оқытыўшыларды оның тамырына теңеў мүмкин.

Исенимим кəмил, теректиң тамыры терең, қуўатлы болмайды екен, көкке бой соза алмайды, гүллеп-жаснамайды, мийўе бермейди.

Сол себепли де Өзбекстан билимлендириў системасын жетилистириўге усыншама үлкен итибар қаратып, педагогларымызды халықаралық бағдарламаларда қатнасыўға, дүньяның ең алдыңғы тəжирийбелерин әмелде қоллаўға үндеп атыр.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9.2K views08:23
Ochish/sharhlash
2024-06-05 19:33:41
Өзбекстан Жәҳән Саўда Шөлкемине ағза болыў ҳәрекетинде

Бүгин Ташкентте ЖСШ, Жәҳән банки ҳәм Халық аралық валюта фонды көмегинде Конференция өткерилди.

Толық
https://kruz.uz/uz/news/show/373

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
5.8K views16:33
Ochish/sharhlash
2024-06-05 16:17:41
Жазда Нөкис базары қандай болады?

Тармаққа Нөкистеги орайлық дийқан базары сәўлеленген әжайып видео жайластырылды.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
8.3K views13:17
Ochish/sharhlash
2024-06-05 14:18:15
Нөкистеги тийкарғы көшеде қарама-қарсы бағытта ҳәрекетленген айдаўшыға шара көрилди

Рәсмийлердиң мәлим етиўинше, А.Досназаров көшесинде қағыйда бузыў жағдайы әмелге асырылған автомобиль ҳәм оны басқарған айдаўшы анықланған. Анық болыўынша, ўақыя 7-май күни видеоға алынып, тармаққа тарқатылған.
 
Жуз берген жағдай бойынша автотранспорт жәрийма майданшасына алынып, ҳәкимшилик баянлама дүзилген.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9.2K viewsedited  11:18
Ochish/sharhlash
2024-06-05 12:55:30
Тарийхый рейс әмелге асырылды

1-июнь күни Нөкис-Алмата жөнелисинде биринши рейс әмелге асырылды.

Рейслер ҳәптениң сәршемби ҳәм шемби күнлери төмендеги график бойынша әмелге асырылады:

Нөкистен ушып кетиў саат 10:05;

Алматаға жетип келиў саат 12:15;

Алматадан ушып кетиў саат 13:15;

Нөкиске жетип келиў саат 15:45;

Бир тәрепке авиабилет бахасы —1 064 000 сўмнан, Нөкис–Алмата–Нөкис жөнелиси бойынша болса 1 849 000 сўмнан басланады.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9.8K views09:55
Ochish/sharhlash
2024-06-05 09:45:51
Мойнақта парашют пенен секириў ҳәм ҳаўа дайвинги раўажландырылады

Президент жуўапкерлерге экстремал туризмди раўажландырыў бағдарламасын қабыллаў бойынша тапсырма берди.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
10.0K views06:45
Ochish/sharhlash
2024-06-05 07:52:26
2024-2025-оқыў жылы ушын абитуриентлерди дизимге алыў басланды

2024-2025-оқыў жылында жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ушын абитуриентлерди онлайн дизимге алыў басланды.

Абитуриентларни онлайн дизимге алыў my.uzbmb.uz сайтының «Жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерине қабыллаў» бөлими арқалы әмелге асырылып атыр.

Дизимге алыў 2024-жыл 5-июннан 25-июньға шекем (сол күни де) даўам етеди.

Жоқарыдағы видеоқолланба арқалы дизимнен өтиў бойынша толық мағлыўматқа ийе болыў мүмкин.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
11.0K viewsedited  04:52
Ochish/sharhlash