Get Mystery Box with random crypto!

Метанның ең жоқары баҳасы 3350 сум етип белгиленди Министрле | XALÍQ USHÍN ⚖️

Метанның ең жоқары баҳасы 3350 сум етип белгиленди

Министрлер Кабинетиниң 30.03.2024-жылдағы 173-санлы қарары менен метан газ ушын белгиленген ең жоқары усақлап сатыў баҳаның әмел етиў мүддети 1-июнға шекем узайтырылған.

Буннан былай метан газ «заправка»ларында газды сатыўдың ең жоқары сатыў баҳасы 2024-жыл 1-июнға шекем 1 куб метр ушын 3350 сум етип белгиленген. Алдынғы максимал баҳа 3250 сум еди.

Яғный, 1-июнға шекем метанның баҳасы 3350 сумнан артық болмайды.

Постты жақынларыңызға тарқатың.


Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin