Get Mystery Box with random crypto!

Майыплығы болған шахсларға салықлар бойынша белгиленген жеңилл | XALÍQ USHÍN ⚖️

Майыплығы болған шахсларға салықлар бойынша белгиленген жеңилликлер

Салық кодексине бола, I ҳәм II топар майыплығы болған шахсларға төмендеги салықлардан жеңилликлер белгиленген:

Жәми дәраматының 3,15 млн сумлық (мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 3 есеси) бөлеги дәрамат салығынан азат етилген;

Жер салығынан азат етилген;

Мал-мүлкиниң 60 м.кв. бөлеги мал-мүлк салығынан азат етилген.

Бунда мал-мүлк салығы бойынша жеңиллик майыплығы болған пуқараның атындағы тек бир мал-мүлкке қолланылады.

Жер салығы бойынша жеңиллик майыплығы болған пуқараның таңлаўына қарап тек бир жер участкасына қолланылады.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin