Get Mystery Box with random crypto!

Абайлы болың! Терроризмге шақырыў ҳаққындағы шақырықлар тарқ | XALÍQ USHÍN ⚖️

Абайлы болың!

Терроризмге шақырыў ҳаққындағы шақырықлар тарқалмақта!

Ҳүрметли пуқаралар! Ақырғы ўақытларда дүньяның түрли мәмлекетлеринде болып атырған терактладан соң, республикамыз ҳәм қоңсы мәмлекетлер пуқараларына интернет социаллық тармақлары арқалы пул сыйлығы есесине саўда ҳәм кеўил ашар орайлары, мектеплер ҳәм басқа жәмийетлик орынларды миналастырыў (бомба жайластырыў) усыныс етилген хабарлар келип түспекте.

Бунда хабарлар тийкарынан «Телеграм» мессенджери арқалы жиберилип, оларда белгисиз шахслар түрли муғдарларда пул төлеў, қурал-жарақ пенен тәмийинлеў ҳәм ҳәрекетлер режесин жибериўге ўәде берип, бас тартыўды итибарға алмайды.

Ең қәўипли тәрепи бундай хабарлар көбирек балаларға жиберилип атырғанында! Олар балалардың жеке мағлыўматлары арқалы қорқытыў жағдайлары да болып атыр.

Ҳүрметли ўатанласлар, егер сизге яки жақынларыңызға усындай хабарлар келсе, оларды тарқатпаң ҳәм ҳеш кимге жибермең. Бундай хабар келсе, биринши нәўбетте дәрҳал «102»ге қоңыраў етип, хабар бериң.
Хабар жибергенлерди блоклап, олар менен жазыспаларды тоқтатың!

Ядыңызда болсын, алдаўшылар жәмийетте қорқынышты оятыў ушын сондай ислерди ислемекте! Ҳуқық қорғаў уйымлары қәўипсизликке болған қәўиплерди сапластырыў барлық илажларды көрмекте.

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги

Постты ҳәммеге тарқатың.

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin