Get Mystery Box with random crypto!

Енди балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем автомат түрде тоқ | XALÍQ USHÍN ⚖️

Енди балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем автомат түрде тоқтатылғанда қайта тайынлаўға берилген арза 6 айға шекем қарап шығылмайды

Министрлер Кабинетиниң 21.10.2021-жылдағы 654-санлы қарарына киргизилген жаңа өзгерислерге көре, 2024-жыл 1-марттан баслап балалар напақасы яки материаллық жәрдем алып атырған шаңарақтың материаллық жағдайы үйме үй жүрип үйрениледи.

Үйрениў мәканком баслығы, ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, жаслар жетекшиси ҳәм “Инсан” орайының социаллық хызметкерлери тәрепинен өткерилип, акт дүзиледи.

Акттеги мағлыўматлар “Социаллық қорғаў бирден бир” реестри системасына киргизиледи ҳәм система тәрепинен напақа яки материаллық жәрдемди төлеўди даўам еттириў ямаса тоқтатыў ҳаққында қарар қабыл етиледи.

Егер шаңарақты үйрениў даўамында төмендегилер анықланса, онда “Социаллық қорғаў бирден бир” реестри системасы тәрепинен напақаны яки материаллық жәрдемди төлеў автомат түрде тоқтатылады:

шаңарақ ағзаларында дәрамат алып келиўши бир яки оннан артық турақ емес жайы бар екенлиги;

шаңарақ ағзалары меншигинде ямаса пайдаланыўында (исеним хат бойынша) ислеп шығарылғанына 12 жылдан көп болмаған жеңил автотранспорт, 15 жылдан аспаған жүк машинасы, автобус, микроавтобус, экскаватор, трактор, комбайн, тиркемелер, автокран хәм басқа қурылыс техникасын, сондай-ак, барлығы болып еки ҳәм оннан артық усындай транспорт қураллары хәм техникалары бар екенлиги;

шаңарақта Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги, Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Миллий гвардия, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Бажыхана комитети, Қорғаныў министрлиги жанындағы Қорғаныў санааты агентлиги ҳәм олардың системасындағы шөлкемлердиң хызметкерлери яки олардың ери (зайыбы), балалары, сондай-ақ пенсионерлери бар екенлиги;

шаңарақ судьялар ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының пенсия тәмийнаты шәртлери, нормалары ҳәм тәртиби ҳаққындағы режеге тийкар пенсиялар менен тәмийинленгени анықланса.

Жоқарыдағы тийкарлар бойынша напақаны яки материаллық жәрдемди төлеў тоқтатылған болса, оны қайта төлеў бойынша арзалар 6 ай даўамында қарап шығылмайды. Яғный, бул шаңарақ 6 айға шекем напақа яки материаллық жәрдемге арза бере алмайды.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin