Get Mystery Box with random crypto!

«Мәкан жетилиги» усынысы менен жер алған жаслар дәптерлерден ш | XALÍQ USHÍN ⚖️

«Мәкан жетилиги» усынысы менен жер алған жаслар дәптерлерден шығарылмайды

Каналымыз ағзаларынан жақында қабыл етилген Президент қарары бойынша жасларға жер берилгенде сол жас дәптерден шығарлыўы яки шығарылмаўы бойынша сораўлар келип түспекте.

Президенттиң 05.04.2024-жылдағы ПҚ–153-санлы қарарына тийкар, дийқан хожалығын шөлкемлестириў ушын жоқарыдағы «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»ндеги жасларға «Мәкан жетилиги»ниң усынысы менен жеңиллетилген шәртлерде жер участкалары ижараға берилиўи белгиленген.

Усы Қарардың 1-бәнтине бола, жер участкаларын электрон онлайн аукцион арқалы ижараға алған жаслар «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»нен шығарылмайды ҳәм олар ушын нызамшылықта белгиленген барлық жеңилликлер сақлап қалынады.

Демек, усы тәртипте жер алған жаслар дәптерлерден шығарылмайды ҳәм дәптерге кирген жаслар ушын берилетуғын барлық жеңилликлерден пайдаланыўда даўам етебереди.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin