Get Mystery Box with random crypto!

Тәбийий климат шараяты аўыр районларда ислеўшилерге 30% ке шек | XALÍQ USHÍN ⚖️

Тәбийий климат шараяты аўыр районларда ислеўшилерге 30% ке шекем үстеме ҳәм 3 жумыс күнине шекем қосымша мийнет дем алысы бериледи

Министрлер Кабинетиниң 06.09.2019-жылдағы 743-санлы қарарына тийкар, тәбийий климат ҳәм турмыслық шараятлары аўыр ҳәм қолайсыз болған жерлерде ислегени ушын хызметкерлерге төмендеги муғдарларда ис ҳақысына қосымша район коэффициенти (үстеме) қолланылады ҳәм қосымша мийнет дем алыслары бериледи:

Мойнақ (соның ишинде, Мойнақ қаласы) ҳәм Қоңырат районлары (Қоңырат қаласынан басқа) ислеўши хызметкерлерге – айлығына 30% лик үстеме ҳәм 3 жумыс күнлик қосымша мийнет дем алысы;

Қараөзек, Кегейли, Қанлыкөл, Нөкис, Тахтакөпир, Шымбай, Шоманай районлары, Қоңырат қаласында ислеўши хызметкерлерге – айлығына 20% лик үстеме ҳәм 2 жумыс күнлик қосымша мийнет дем алысы;

Тақыятас ҳәм Хожели районларында ислеўши хызметкерлерге – айлығына 15% лик үстеме ҳәм 1 жумыс күнлик қосымша мийнет дем алысы;

Беруний, Төрткүл, Елликқала районлары (олардың орайларынан басқа), Нөкис қаласында ислеўши хызметкерлерге – айлығына 10% лик үстеме ҳәм 1 жумыс күнлик қосымша мийнет дем алысы.

Бунда:

үстеме мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының (МҲТЕКМ) 1,4 есесинен (1 млн 470 мың сум) көп болмаған айлық суммасынан келип шығып есапланады.

Яғный, егер хызметкердиң айлығы МҲТЕКМның 1,4 есесинен көп болса, оның айлығына үстеме МҲТЕКМның 1,4 есесинен келип шығып белгиленеди, ал егер, аз болса, хызметкердиң айлығының муғдарынан келип шығып есапланады.

Хызметкерлерге берилетуғын қосымша мийнет дем алысларын қосқанда улыўма мийнет дем алысы мүддети 48 жумыс күнинен артық болмаўы керек.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin