Get Mystery Box with random crypto!

“Контракт”ты айлықтан төлегенлер дәрамат салығынан азат етилед | XALÍQ USHÍN ⚖️

“Контракт”ты айлықтан төлегенлер дәрамат салығынан азат етиледи

Пуқараның өзиниң, перзентлериниң ямаса өмирлик жолдасының кәсип-өнер мектеби, колледж, техникум ҳәм жоқары оқыў орынларында билим алыўы (төлемли контракт тийкарындағы оқыўы) ушын төленген пулы дәрамат салығынан азат етиледи.

Бул Салық кодексиниң 378-статьясында белгиленген.

Пуқараларға салық жеңиллиги оқыў ушын төлемлерди төмендегилердиң есабынан төлегенде ғана бериледи:

өзиниң пуллары;

билимлендириў кредити (процентлери менен);

юридикалық шахслар тәрепинен қайтарып бериў шәрти менен берилген пуллар (ссудалар).

Бирақ, юридикалық шахс (фирма) тәрепинен пуқараның билим алыўы ушын оқыў орынлары менен тиккелей дүзилген шәртнамалар бойынша пуллы-контракт тийкарында өткерилетуғын, усы юридикалық шахстың қәрежети болған пуллар суммасына салық жеңиллиги қолланылмайды.

Мәселен, бир фирма оқыў орны менен шәртнама дүзип белгили бир пуқараның контракт төлеми ушын туўрыдан туўры оқыў орнының есап бетине пул өткерсе, ол фирмаға салық жеңиллиги қолланылмайды.

Контрактты айлықтан төлегенде бухгалтерия арқалы туўрыдан туўры өткерип дәрамат салығынан азат болыў мүмкин.

Ал егер контракт пулын пуқараның басқа дәраматынан оқыў орны есап бетине пул өткериў арқалы төлегенде салық жеңиллиги жыллық дәрамат ҳаққындағы декларацияны тапсырған жағдайда бериледи.

Жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin